КИШИ КӘРХАНАЛАРДЫҢ ӨНДИРИСЛИК ХЫЗМЕТИН МОДЕЛЛЕСТИРИЎ
Мендалиев Д.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Мәмлекетимиздиң экономиканы басқарыўдың ески буўрықпазлық усылынан қутылып басқарыўда базар эконосикасы механизмлерине өтиў дәўиринде ҳәр бир кәрхананың ғәрезсизлиги, ислеп шығарыў хызметлеринде өзин - өзи басқарыў имкәниятларына тийкарланып жүмыс жүргизбекте. Кәрханаларда ислеп шығарылған өнимлердиң баҳаларын базардa анықлайды ҳәм өнимге талап жетерли болса, оның сапасы түтыныўшыларды қанаатландырса, демек кәрхана дараматы көбейеди, жумысшылардың параўанлығы асады, кәрханада қосымша өним ислеп шығарыў имкәнияты туылады. Демек, қаншалық кәрхана ресурслардан оптимал пайдаланса, қаншалық сапалы өним көп ислеп шығарса сонша дарамат көбейеди.
Президентимиз И.Каримов 21-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2010-жылда республиканы социаллық-экономикалық раўажланыўдың жуўмақлары ҳәм 2011-жылғы экономикалық бағдарламасының ең әҳмийетли ўазыйпаларына бағышланғын мәжилисинде сөйлеген сөзинде «Елимизде 2011 жылдың Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы, деп жәрияланыўы бәршемизге қандай үлкен жуўапкершилик жүклейтуғыны, бул бағдарда таярланып атырған Бағдарламаны турмысқа енгизиў бизден қаншама күш және қаржыларды жумсаўды талап етиўи туралы айтып өтиўдиң зәрүрлиги болмаса керек, деп ойлайман» деп айтып өтти.
Сонлықтанда киши кәрханалардың өнлирислик хызметин басқарыўда илим ҳәм техниканың сонғы жетискенликлерин, солардың бири экономика-математикалық методларды қолланыў бүгинги кунниң актуаль машқалаларының бири болып есапланады.
Ҳәзирги заман санаат карханаларында техникалық, экономикалық, шөлкемлестириўшилик ҳәм басқада мәселелерди шешпей түрып ислеп шығарыўды режелестириў ҳәм басқарыў мәселесин шешиў қыйын.
Ҳәрбир кархана ис жүргизиў усылларына еркин болғанлықтан ол оғада көп вариантқа ийе болып сол вариантлардан кәрхана ушын ең қолайлы, оптималь вариантын табыўды, тийкарынан экономика-математикалық усыллар ҳәм ЭЕМ лардан өнимли пайдаланғанда ғана әмелге асырыў мүмкин.
Кәрханада төмендеги оптимал басқарыў мәселелери ҳәркыйлы түрде қойылыўы мүмкин. Солардан ең әҳмийетлилери:
-
Кәрхана ресурсланынан оптимал усылда пайдаланыў мәселеси;
2. Кәрхана жүмысшыларын жүмыс орынларына оптимал болистириў бекитиў)мәселеси;
Карханалардың тийкарғы техникалық-экономикалық көрсеткишлериниң бири- оның ислеп шығарыў қуатлығы болады. Бул көрсеткиш арқалы кархананың ислеп шығарыў жобасы белгиленип, өним ислеп шығарыўды көбейтиў жоллары ҳәмде экономикалық объектлер ҳәм ислеп шығарыў рeзервлери анықланады.
Ислеп шығарыў қуатлығынан толық пайдаланыў ҳәзирги уақытда ислеп шығарыўдың экономикалық нәтийжелилигин асырыўдың әҳмийетли факторларынан бири болып есапланады. Математикалық моделлер бeрилген ресурслар көлемлерине қарап өним көлеми ҳәм қурамының оптимал вариантын табыўға жәрдем береди.
Бул мәселе төмендеги жағдайда жүзеге келеди, яғный егер ислеп шығарыў ресурслары анық болып, бир неше түрдеги өним ислеп шығарыў зәрүр болса. Мәселени шешиў нәтийжесинде кәрхананың оптимал ислеп шығарыў программасы анықланады.
Мейли, кәрхана n түрдеги өним ислеп шығаратуғын болып Оны шығарыў ушын m түрдеги ислеп шығарыў ресурслары (мәтериаллық, мийнет, энергия, әспаб үскенелер, майданлар...) қатнасады. Кәрхананың барлық түрдеги ресурслары шегаралаған. Кәрхананың оптимал өндирислик жобасын табыўдың математикалық моделин дүзиў ушын төмендеги белгилеўлерди киргиземиз :
j - ислеп шығарылатуғын өним номерлери (j=1,2,…,n);
i - пайдаланылатүғын ресурслар номерлери (i=1,2,…,m);
Ai - i- түрдеги ресурслар көлеми;
aij - j- түрдеги өнимниң бир бирлигин шығарыў ушын жумсалатуғын i- түрдеги ресурсы қәрежетлери нормасы;
Сj - j - өнимниң шығарылыўынан алынатүғын пайда;
хj - j- турдеги өнимлерди шығарыў көлеми.
Егер карханада ислеп шығарылған ҳәр қыйлы түрдеги өнимниң бир бирлигиниң баҳасы, ямаса оннан алынатүғын пайда мәлим болса мәселениң математикалық модели төмендегише болады.
F = åСj хj —> max
болып, төмендеги шәртлер орынланатуғын :
-
Өнимлерди шығарыў ушын барлық жумсалған ресурслар қолда бар ресурслар көлеминен көп болмасын.
åaij хj < Ai ( i = 1,m)
-
Белгисиз өзгериўшилар терис болмаўы шәрти
xj > 0.
шәртлери орынланатуғын хj өзгериўшилерин табыў керек
Бул моделдиң оптималлық критериясы қатарында максимал өним ислеп шығарыў ямаса максимал пайда усаған көрсеткишлар қабыл қылынған. Моделден көринип түрыпты, өним ислеп шығарыўдың көлеми туралы ҳеш қандай шегаралық шәртлер көрсетилмеген. Соның ушын кәрхананың ислеп шығарыў қуатлығының оптимал вариантында айрым товарлар шығарыў дәрежеси жүдә үлкен болса, айрымларын болса ислеп шығарыўда үлыўма қатнаспаўы мүмкин. Бул болса түтыныўшылардың талабын қанаатландырмаслыққа алып келеди.
Егер жобаластырыў дәўиринде сатылатүғын өнимлерге талап мәлим болса, моделге қосымша шегаралық шәрт киргизиў зәрүр. Егер Вj- j-өнимди сатыў жобасы болса, онда
F = åСj хj —> max
-
åaijхj < Ai (i = 1,m)
-
товар муғдары түтыныўшылар талабын қанаатландырсын.
-
åхj > Bj (j = 1,n)
хj > 0.
Егер жобаластырыў дәўиринде базардың жағдайы базы бир өнимлерден тек белгили муғдарда ғана шығарыўды талап етсе (3)-шеклеў
åхj ≤ Bj , (j = 1,к) түрге ийе болады.
Бул моделге анық экономикалық мәселе жағдайында айрым өзгерислер киритилиўи мумкин, бирақ моделдиң тийкары қалады, шешиў ҳәм нәтийжени анализлеў принциби өзгериссиз қала береди.
Жоқарыдағы моделдиң мағлуматлары тийкарында және бир мәселе (қосарлы) дүзиў мүмкин.
F = åAi уi —> min
1) åa ijуi > Сj (j = 1,n)
уi > 0.
уi- i-түрдеги ресурстың оптимал баҳасы.
Бул мәселениң оптимал шешими дәслепки мәселениң оптимал шешимине қосарлы анализ бериўге мумкиншилик береди.
Оптимал баҳалар мақсет функцияның өзгериўин көрсетеди. Егер жетиспейтуғын ресурслар бар фондын бир бирликке асырсақ, мақсет функциямыз уi - мәниске асады. Артықша, жумсалмай қалған ресурслардың оптимал баҳасы «0» ге тең болады, себеби ресурс фондының өзгериўи мақсет функциясына тәсир қылмайды.
Өним ушын есапланған оптимал баҳалар төмендегише көрсетиледи.
Оптимал жобаға кирмеген өнимниң бир бирлиги шығарылса, мақсет функциясы қаншаға кемейиўин оптимал баҳалар жәрдеминде анықлаў мүмкин.
Жөқарыдағы моделдиң әмелде қолланыўына базы бир тестлик мәселнни қарайық;
Кәрханада 3 түрли өним ислеп шығарылыўы мүмкин. Өнимди ислеп шығарыў ушын 3 түрли өндирис ресурслары пайдаланылады. Өнимниң ҳәр бир данасына жумсалатуғын ресурслар нормалары төмендеги таблицада келтирилген.
1-таблица
i
j
|
S1
|
S3
|
S3
|
Ресурслардың
улыўма запаслары
|
I
|
4
|
2
|
1
|
180
|
II
|
3
|
1
|
3
|
210
|
III
|
1
|
2
|
5
|
244
|
пайда
|
10
|
14
|
12
|
|
Бул мәселениң экономикалық-математикалық моделин төмендегише жазыў мумкин:
F = 10x1+14x2+12X3 ® max
Мәселени шешиў нәтийжесинде оптимал шешимди анализ етиў ушын нәтийжелик таблица алынады.
2-таблицада мәселени оптимал шешими, қосарлы баҳалар ҳәмде мақсет функцияның оптимал мәниси келтирилген. 2- таблица 6 бағанаға болинген.
2-таблица
өзгериўшилер
|
Шешим
|
Қосарлы баҳалар
|
өзгериўшилар
|
Шешим
|
Қосарлы баҳалар
|
x1
|
0
|
14,25
|
S1
|
0
|
5,75
|
x2
|
82
|
0
|
S2
|
70
|
0
|
x3
|
16
|
0
|
S3
|
0
|
1,25
|
max F. = 1340
Бул таблицада бeрилген мағлуматлар тийкарында төмендегише анализ етиў мүмкин.
Карханада 3 түрли өним ислеп шығарылыўы мүмкин. Бирақ ең үлкен пайда беретүғын екинши ҳәм үшинши түрдеги өнимлер болады.
Егер олар оптимал шешимге киритилсе - екинши түрдеги өнимнен 82 дана, үшинши түрдегиден 16 дана шығарылып, максимум пайда 1340 сум алыў мүмкин. Үшинши ҳәм алтыншы бағаналарда өзгериўшилерге сәйкес келетүғын қосарлы баҳалар келтирилген. Олар тийкарында не ушын биринши түрдеги өним кирмегенлигиниң себебин анықлаў мүмкин. Қосарлы баҳалар өзгериўшилер бир бирликке өзгергенде мақсет функциясының қаншаға өзгериўин билдиреди. Демек, кархана биринши түрдеги өнимди ислеп шығарса, пайданың улыўма муғдары өнимниң ҳәр бир данасына 14,25 ке кемейиўи мүмкин.
S1 , S2 , S3 өзгериўшилари жумсалған ресурсларды билдиреди.
Биринши ҳәм үшинши түрдеги ресурслар- толық жумсалған ресурслар болады, себеби олар оптимал шешимге пул мәниси менен кирген.
Екинши түрдеги ресурс- тежелген ресурс. Егер фирма биринши ҳәм үшинши ресурсларды бир бирликке өсирсе, ҳәр бир бирлигинен - 5,75 ҳәм 1,25 сум қосымша пайда алыўы мүмкин.
Анық кәрхана ямаса фермер хожалығы мысалында бундай мәселердиң оптимал шешиминиң анализи хожалық басқарыўшысына кәрхананың өндирислик жобасын қайта қарап шығыўға ҳәм ресурслардан оптимал пайдаланып өндирис көлемин кеңейтиўге мүмкиншилик береди.
Әдебиятлар:
1. И.Каримов, 21-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2010-жылда республиканы социаллық-экономикалық раўажланыўдың жуўмақлары ҳәм 2011-жылғы экономикалық бағдарламасының ең әҳмийетли ўазыйпаларына бағышланған мәжилисинде ислеген баянаты, Еркин Қарақалпақстан, 25-январь 2011-жыл
2. О.О.Замков, и др. Математические методы в экономике, Москва, из-во «ДИС» 1997
3. Е.В.Шикин, А.Г.Чхартишвили, Математические методы и модели в управлении, Из-во «Дело» Москва 2000
4. Шодиев Т.Ш. ва бошқ. «Ишлаб чиқаришни режалаштиришда математик усуллар», Тошкент, Ўзбекистон 1995 й.
ФУНКЦИОНИРОВАНИЕ И РАЗВИТИЕ ПОТЕНЦИАЛА
МАЛОГО БИЗНЕСА И ПРЕДПРИНИМАТЕЛЬСТВА
Иватов И.
Ташкентский государственный экономический университет
Малый бизнес как элемент системы общественного производства является одним из условий социально-экономического развития общества, играет важную роль в процессах становления и развития рыночных структур. Малый бизнес – экономическая подсистема, создающая условия для наиболее полной реализации потенций человека как предпосылки и конечной цели общественного развития. Поэтому большое значение отводится комплексу его качественно-количественных характеристик - важного показателя социально-экономического развития общества.
В последнее время в Узбекистане с малым бизнесом связываются большие надежды. Создавая новые рабочие места, заполняя незанятые рыночные ниши, он призван способствовать процессам преобразования социально-экономической структуры общества, формирования многообразных видов собственности, перелива инвестиций в сферы наиболее эффективного их приложения, решению ряда социально-экономических проблем, в первую очередь, - проблемы безработицы. По данным ООН в мировой хозяйственной системе в сфере малого бизнеса в различных странах составляет от 35 до 67% национального продукта, а его доля в валовом внутреннем продукте – от 50 до 67%.
Как правило, малый бизнес отождествляется с предпринимательством, осуществляемым в малых масштабах. Следовательно, исследование малого бизнеса прежде всего сводится к изучению существенных сторон феномена предпринимательства. Понимание сути предпринимательства и предпринимателя эволюционировало, начиная с античности. Так, в римском праве предпринимательством называлось занятие, дело, деятельность, особенно коммерческая. Предпринимателем был арендатор, человек, ведущий общественное строительство.
В средние века понятие “предприниматель” имело несколько значений: человек, занимающийся внешней торговлей; организатор парадов, балаганов и представлений; лицо, отвечающее за выполнение крупномасштабных строительных или производственных проектов. В XVII веке предпринимателем был человек, заключивший с государством контракт с заранее оговоренной стоимостью на выполнение работ или поставку определенной продукции. Таким образом, предпринимателем становится собственник, а размеры прибылей или убытков от его деятельности зависят только от его удачливости.
Сегодня суть предпринимательства в научной литературе трактуется по-разному. Традиционно его определяют как самостоятельную, осуществляемую на свой риск деятельность, направленную на систематическое получение прибыли от пользования имуществом, продажи товаров, выполнения работ или оказания услуг лицами, зарегистрированными в этом качестве в установленном законом порядке. Иначе, предпринимательство - это 1) форма экономической активности людей, 2) институт рыночной экономики, 3) инновационный процесс, 4) определенная система социальных отношений, которые направлены на получение максимальной прибыли.
Предпринимательство как социально-экономическое явление представляет собой общественные отношения - совокупность экономических, юридических, психологических и исторических отношений, вытекающих из экономических условий жизни. В результате предпринимательства достигается определенный социально-экономический эффект – новые отношения по поводу производства и потребления продукта. Кроме того, изучение предпринимательства в этом аспекте предполагает рассмотрение психологических особенностей предпринимателя, основные мотивы деятельности которого - ожидание будущего богатства и потребность в личной независимости.
Частная собственность, конечно, лежит в основе мотива предпринимателя к удовлетворению потребностей, но она, как и самостоятельность, не является существенным признаком предпринимателя. Частная собственность является стимулом к накоплению. А накопление создает предпосылки для новых комбинаций.
Главная цель предпринимательства – внедрение инновации, реализация идеи предпринимателя. Текущая прибыль как главная экономическая цель уходит на второй план, значение приобретает получение прибыли в стратегической перспективе. Поэтому на первых шагах внедрения инновации убыточное предпринимательство допустимо. Его основная социальная цель – осуществление потребности человека в максимальной самореализации, и эта социальная цель в предпринимательстве выражена ярче, чем в бизнесе. Социальным показателем успеха предпринимательства является приобретение определенного социального статуса и социального престижа.
Главную роль по-прежнему играет социальная цель самореализации человека. Бизнесмен получает удовлетворение от процесса самостоятельного решения проблем бизнеса, реализации своих идей. Успех дела не только приносит прибыль, средства к существованию, но и определенный социальный статус, престиж. Заработанные деньги дают возможность удовлетворять самые различные потребности, в том числе и духовные.
Первая цель бизнеса – обеспечение удовлетворения разнообразных потребностей человека, в том числе – потребности в самореализации.
Вторая цель бизнеса – формирование его социальной ответственности перед обществом и, в этой связи, сохранение социальных границ его экономической деятельности.
Все, что производит бизнес, предназначено для потребления обществом. В этом смысле он несет социальную ответственность в обществе потому, что он взаимодействует со своим социальным окружением. Бизнесмен может поступать, как считает нужным, но не в ущерб другим.
Одновременно, в обществе, благополучном с социальной точки зрения, есть благоприятные условия для бизнеса: в окружающей среде создается положительный социальный образ предприятия, что дает преимущества в конкурентной борьбе и дополнительную прибыль. Правда, обычно расходы на решение социальных вопросов отвлекают часть ресурсов предприятия от решения прямых экономических задач, отражаются на потребителе в виде повышения цен. Общество от этого в целом может проиграть.
Таким образом, понимание малого бизнеса как уникального социально-экономического явления прежде всего связано с исследованием особенностей предпринимательства – его целей, функций, социальной роли, закономерностей. Анализ эволюции взглядов на предпринимательство раскрывает возможности более глубокого осмысления этого явления с точки зрения экономического, социологического и социального подходов.
С одной стороны, свойства малого бизнеса проявляются в нежесткой структуре организации производства и управления, в многообразии форм собственности, в экономической неустойчивости, в высокой адаптивности, многопрофильности. С другой стороны, особенности малого бизнеса: частнопредпринимательский характер, небольшие размеры и многопрофильность оборачиваются хронической нехваткой финансовых средств, технико-сырьевой необеспеченностью, низким качеством продукции, слабым сегментированием собственной доли рынка, недостаточной квалификацией рабочей силы, слабой социальной защитой работников и низкой производительностью труда. Важным качественным признаком малого бизнеса является его экономическая неустойчивость, которая отражается в высокой зависимости от рыночной конъюнктуры. Низкая норма и неустойчивость прибыли в предкризисные и кризисные годы - одна из причин "высокой смертности" малых предприятий.
Экономическая неустойчивость малого предприятия обусловливает его жизненный цикл. Только через 3 - 5 лет после создания оно приобретает устойчивость, и лишь 20% из создаваемых предприятий доживают до 5 лет. В среднем, жизненный цикл малого предприятия - 6 лет.
Однако эти недостатки малого бизнеса не умаляют его роли в обществе, которая неразрывно связана с воспроизводством человека, с жизнедеятельностью людей. Чтобы раскрыть социальную роль малого бизнеса и предпринимательства, его нужно структурировать, так как каждый структурный элемент малого бизнеса и предпринимательства имеет свои социально-экономические особенности. Структура малого бизнеса такова: малое предпринимательство составляет ядро малого бизнеса, из которого постоянно выделяются предприятия и предприниматели-индивидуалы, переходящие в стадию бизнеса. Одновременно, часть предприятий бизнеса становится малым предпринимательством. В целом система находится в динамическом равновесии.
Литература
-
М. Г. Лапуста «Предпринимательство» М.: ИНФРА – М, 2006 - 667 с.
-
Ишмухамедова Л. А «Малый бизнес и предпринимательство» Тошкент 2006
-
Ғуломов С. «Тадбиркорлик ва кичик бизнес» Тошкент 2002
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА
ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ-КОММУНИКАЦИЯ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫНЫҢ РОЛИ
Инятов А.Р., Жолдасбаева Г.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Экономикада базар механизмлериниң қәлиплесиўи, базардың тийкарғы субъектлери есапланған өнимлерди жетистириўши ҳәм тутыныўшылар ушын керекли жағдайлардың бар екенлиги, усы механизмлерге сәйкес түрдеги информация орталығының жаратылыўын талап етеди. Усындай орталық базар механизми субъектлериниң өним, хызметлер ҳәм тутыныўшының барлық басқышларында, информациялық тәмийнаттың зәрүрлигин белгилеп береди.
Дүнья жүзи экономикасында өндиристиң өсиўи информациялық технологияларға көп муғдардағы қаржыларды ажыратыў арқалы әмелге асырылмақта. Бул жерде информациялық ҳәм коммуникациялық технологиялар тийкарғы орынларды ийелейди. Ҳәзирги күнде, экономиканың раўажланып баратырған ҳәр бир тараўында заманагөй информациялық-коммуникация технологияларынан, сондай-ақ интернеттен өнимли пайдаланыў әмелге асырылмақта. Буның ушын мәмлекетимиз тәрепинен бул тараўға жетерли дәрежеде итибар қаратылған, шөлкемлестириў ҳәм хуқуқый тийкарлары жаратылған.
Исбилерменликте информациялық система, мағлыўматлар базасы ҳәм банклериниң комплекси оларды әмелге асырыў ҳәм пайдаланыў технологиялары, информациялық-коммуникация системасы ҳәм тармақларынан ибарат болып базар қатнасықлары субъектлери өзара мағлыўмат алмасыў имканиятларын тәмийинлейди ҳәм төмендеги компонентлерди өз ишине алыўы керек:
-
информациялық ресурслар исбилерменлик мағлыўматларын, хабарларын ҳәм билимлерин өз ишине топлап, керек болған мағлыўмат тасығышларға бириктирилиўи керек;
-
исбилерменлик мағлыўмат системасының ҳәрекет етиўин ҳәм раўажланыўын тәмийинлейтуғын, атап айтқанда мағлыўматларды топлаў, қайта ислеў, сақлаў, тарқатыў, излеп табыў ҳәм узатыўлардан ибарат шөлкемлестирилген структураны пайда етиўи керек;
-
базар субъектлериниң мағлыўматлар бойынша өзара тәсир етиўши қураллары, сондай-ақ программалық-техникалық қураллар ҳәм хүжжетлер информациялық ҳәрекеттиң ҳуқуқый тийкарын пайда етиўи керек.
Исбилерменлик хәрекетиниң мағлыўматлар тәмийнатына мазмуны жағынан алғанда бизнести жүргизиўге жәрдем беретуғын төмендегише мағлыўматлар киргизиледи:
-
биржа ҳәм финанс мағлыўматлары: баҳалы қағазлар котировкалары, валюта курслары, есаплаў ставкалары, капиталлар ҳәм өнимлер базары, инвестициялар, биржалар, биржа ҳәм финанстың арнаўлы хызметлери, брокерлик компаниялар, банк мағлыўматлары.
-
экономикалық ҳәм статистикалық мағлыўматлар: санлы экономкалық, демографиялық, социаллық мағлыўматлар, динамикалық қатарлар, прогноз моделлери, консалтинг менен шуғылланыўшы компаниялар тәрепинен берилетуғын мағлыўматлар;
-
коммерциялық мағлыўматлар: компаниялар, фирмалар, корпорация бойынша баҳалар, финанслық жағдайы, байланыслар, шәртнамалар, жумысының бағдарлары ҳәм өнимлери ҳәм т.б. ҳаққындағы мағлыўматлар;
-
экономика ҳәм бизнес тараўындағы исбилерменлик жаңалықлары.
Соның менен бирге, дүнья жүзи практикасынан келип шыққан жағдайда, исбилерменлик ҳәрекетлерин жургизиў ушын ең керекли төмендеги мағлыўматларды атап көрсетиўимиз мүмкин:
-
экономикалық конъюнктура ҳаққындағы оператив мағлыўматлар, биржа котировкалары, валюта курслары, кредит ставкалары формасында берилетуғын мағлыўматлар;
-
базарда болып атырған жағдайлар ҳаққындағы исбилерменлик жаңалықлары;
-
хожалық жүргизиўдиң хуқуқый шәртлери ҳаққындағы мағлыўматлар;
-
илим ҳәм техника раўажланыўының нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар.
Информациялық технологиялар тараўында дүнья жүзи интеграциясында тең салмақлы ўәкил түринде қатнасыўды тәмийинлеў, бул ҳәзирги кунги мәселелердиң бири болып табылады.
Заманагөй информациялық технологиялар тәрепинен экономикалық есап-санақ тараўындағы арнаўлы хызметлер қатарында, электрон шәртнамалар дүзиў системасы айрықша орын тутады.
Информациялық-коммерция системасы түсиниги – бул информациялық коммуникация тармағы болып өз пайдаланыўшыларын заманагөй информациялық хызметлер менен тәмийинлеўден тысқары, ресурсларға бөлинген түрде кирип барыўын тәмийинлейди. Буны төмендегилер арқалы көриўимиз мүмкин:
-
өнимлер ҳәм хызметлерди сатыў ҳәм сатып алыў бойынша пайдаланыўшылардың коммерциялық усыныслары бойынша оператив түрде информация алмасыўы;
-
коммуникация хызметлериниң кең түрде усынылыўы;
-
тармақ хызметлериниң компьютерлестирилген коммуникация менен биргеликтеги стандарт түрлери (электрон почта, жаңалықлардың электрон бюллетенлери, телеконференциялар ҳәм т.б.);
-
басқада тармақларға қосылыў хызметлери.
Ҳәзирги күнде информациялық-коммерция системалары хызмет базарының раўажланыўы менен исбилерменлик мағлыўматлары базарының параллель түрде өсиўи менен әмелге асырылмақта. Информациялық-коммерция тармақлары ең алды менен арнаўлы байланыс каналлары арқалы тармаққа бириккен компьютерлер комплексинен ибарат болып, тармаққа байланысқан абонент ең алды менен локал тармаққа шығады. Бул жерде хабар, адрес характери анықланады ҳәм максимал түрде ең жақсы бағдар ислеп шығылады.
Информациялық-коммерция телекоммуникация тармақлары, ең алды менен универсал характердеги байланыс хызметлерин ҳәм мағлыўматларды узатыўды тәмийинлейди ҳәм исбилерменлик информациялары тармақтағы улыўма информация ағымының элементлериниң бири болып есапланады. Тармақ қатнасыўшылары арасындағы коммуникация хызметлеринен, сондай-ақ тармақлы конференция хызметлеринен көбинесе көтере саўданы әмелге асырыўшы шөлкемлер пайдаланады. Телеконференциялар қатнасыўшыларды конференция хабарлары темалары менен тәмийинлейди ҳәм қатнасыўшылардың оператив түрде бир-бирлери менен информация алмасыўын тәмийинлеў ушын жоқары көринистеги интерфейсти усынады ҳәм хабарлар архивин жүргизиў мақсетинде оған сәйкес түрде кирип барыў имканиятын туўдырады. Қатнасыўшылар телеконференцияға өз хабарларын жибериў менен бирге, оның барлық ағзалары менен байланыста болады.
Дүнья жүзи экономикалық интеграциясының жаңа басқышы көп миллетли хожалық жүргизиўши субъектлер, раўажланыўдың тийкарғы агентлери қатарына кириўи менен олардың илимий техникалық жетискенликлериниң артыўы, өндирис ҳәм басқарыў усылларының стандартласыўы, базарлардың заманагөй системаларының раўажланыўы менен байланыслы болып келеди.
Мәмлекетимиз экономикасының раўажланып баратырған ҳәр бир тараўында, әсиресе киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўында заманагөй информациялық-коммуникация технологияларынан, сондай-ақ интернеттен өнимли пайдаланыў ҳәзирги күн талабы болып, буның ушын мәмлекетимиз тәрепинен бул тараўға жетерли дәрежеде итибар қаратылған, соның менен бир қатарда шөлкемлестириў ҳәм хуқуқый тийкарлары жаратылған.
Достарыңызбен бөлісу: |