Экономика факультети бизнес ҳӘм басқарыў факультети экономиканы раўажландырыўда модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны Мақалалар топламы Экономика илимлериниң кандидаты Б. Мырзаевтың редакторлығында



бет6/25
Дата07.03.2016
өлшемі2.54 Mb.
#46366
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25

Әдебиятлар:

  1. Каримов И.А. «Мамлакатимизда демократик ислоҳотларни янада чуқурлаштириш ва фуқоралик жамиятни ривожлантириш концепцияси» Ўзбекистон Республикаси Президенти И.Каримовнинг «Ўзбекистон Республикаси Олий мажлиси қонунчилик палатаси ва сенатининг қўшма мажлисидаги маърузаси //Халқ газетаси 2010 йил 13 ноябрь.

  2. Каримов И.A. Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф етишнинг йўллари ва чоралари / И.A.Каримов. – Т: Ўзбекистон, 2009. – 56 б.


БАЗАР ЭКОНОМИКАСЫ ЖАҒДАЙЫНДА КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ ӘҲМИЙЕТИ
Таспанова А.К.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Республикамыз Президенти И.А.Каримовтың көп ғана мийнетлеринде ҳәм Республика Олий Мәжлисиндеги сессияларында қабыл етилген ҳүжжетлерде Республикамызда киши бизнес ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, оларга қолай шәрт-шәраятлар жаратыў ҳәм мәмлекетимиз тутыныў базарын жоқары сыпатлы товарлар менен толтырыў мәселесине үлкен итибар берди. Және де усы жылдың Президентимиз тәрепинен «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик» жылы деп жәрияланыўы мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм исбилерменлер ушын және де көп шәраятлар жаратыўға дыққат аўдармақтамыз.

Бугинги кунде экономиканы модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў шәраятында кәрханалардың экономикалык негизи кескин өзгерип бармакта. Көп укладлы экономика болғанлығы ушын түрли мүлк формаларына тийкарланған кәрханалар әмелий хызмет алып барып атыр, олардың анализин алып барыў, бахалаў, олардың озгерисин кең анализ етиў менен бирге оларға көп ғана шәраятлар жаратыўды талап етеди.

Мулк ийелериниң орта класcын қәлиплестириў, ишки базарды бәсекиликке шыдамлы ҳәм сапалы өнимлер менен толтырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм усы тийкарда халықтың дәраматларын көбейтиў жәнеде абаданлығын артырыўдың әҳмийетли факторы , елимиздиң раўажланыўы жолындағы белсенди ҳәрекетлендириўши куш сыпатында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти буннан былай да раўажландырыўға үлкен итибар қаратып атырмыз.

Базар экономикасы жағдайында киши бизнес ҳәм исбилерменлик ҳәрекетлери өзиниң тез ийкемлесиўшилиги ҳәм жаңалыққа умтылыўшылығы менен үлкен орын ийелейди.

Көпшилик раўажланған сырт ел мәмлекетлери алымлары базар экономикасы процессинде киши бизнес ҳәм исбилерменликти анализ қылар екен ислеп шығарыў, товар сатып алыў ҳәм сатыў ямаса еркин хожалық жүритиў хызметлеринде үлкен орын ийелейди деп көрсетеди. Сондай-ақ, бизнес базар экономикасының барлық қатнасыўшылары арасындағы қатнасларды өз ишине қамтып алады тек ғана исбилерменлик емес бәлким тутыныўшылардың, барлық хызмет көрсетиў салаларындағы хызметлерди өз ишине қамтыйды.

Киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызмети барлық раўажланған мәмлекетлер экономикасында үлкен әҳмийетке ийе деп қараған. Оның төмендегише абзаллықлары бар:

-ислеп шығарыўда оган көп болмаған капитал ҳәм мийнет қәрежетлериниң жумсалыўы;

-ийкемлесиўшилиги , яғный ислеп шығарып атырған өним ассортименти ҳәм түриниң өзгертириўге киши кәрханалар ушын онша үлкен қыйыншылық туўдырмайды. Сонлықтанда базар экономикасына тийкарланған мәмлекетлерде киши бизнес өз мазмунын беккемлеп бармақта.


Улыўмалық көринисте бизнес бул инсанның базар экономикасындағы исшеңлик хызмети болып есапладанады. Исбилерменлик болса бизнестиң бир формасы сыпатында көринис табады. «Исбилерменлик ҳаққында»ғы нызамға тийкарланып исбилерменлик пуқаралардың пайда ямаса жеке дәрамат алыўға бағдарланған ғәрезсиз хызмет түри болып ол исбилерменниң өзиниң тәўекелшилиги ҳәм юридик шахстың мүлклик жуўапкершилиги тийкарында әмелге асырылады.

Ҳәр бир исбилермен төмендеги қәсийетлерге ийе болыўы керек:

-хызмет шеңберинде кәсиплик билимге;

-мәлим дәрежеде басқарыўды билиўи маркетинг ҳәмде ислеп шығарыў хызметинде тәжирийбеге;

-өз хызмети, базар жағдайы, ресурслар ҳәм динамикалық қуралларды баҳалаў қәбилийетине;

-экономикалык билимге, ис мәденияты, әмелий тәжирийбеге ҳам көнликпелерге;

-ислеп шығарыўды пайда етиў қәбилийети ҳәм пайда алыў, мақсетине ерисиў ушын тәўекелшиликтен қорыкпай ҳәрекет қылыўы;

-базар имканияты ҳәм новаторлық идеяларды анализлеў, пайдаланыў қәбилийетине ийе болыў.

Республикамызда киши бизнестиң кең тарқалыўы ҳәм раўажланыўында сыртқы, ишки фактор ҳәм шәраятлар, яғный шет-ел мәмлекетлери менен экономикалық интеграцияның жоқары дәрежеси, шет ел кредитлери, шет ел инвестициялары, базар қатнасықларын раўажланыў дәрежесиндеги инфраструктура жағдайы, мийнет ҳәм тәбий байлықлар үлкен әҳмийетке ийе.

Киши бизнес раўажланыўында ҳәм оның өнимдарлығын асырыўда салықлар, валюта ҳәм сыртқы саўданы басқарыў шет ел инвестициялары ушын беккем режим арттырыў, шет ел капиталы жәрдеминде меншиклестириў ушын керекли шәраятлар жаратыў, системасын пайда етиў үлкен әҳмийетке ийе.Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик суъектлерин жәнеде қоллап-куўатлаў, оларға салық жеңилликлерин бериў мақсетинде бирден-бир салық төлеми ставкасы 2005 жылы 15 проценттен 2006 жылы 10 процентке кемейтирилди. 2010-жылда болса 7 процент муғдарында тускенин көрсетеди.2011- жылда 6 процент мугдарында белгиленген.

Сондай-ак финанслық кредит айланысы тармағында киши бизнес ушын кредит шөлкемлери шөлкемлестириўге керекли шәраятлар жаратыў ҳәм кредитлер алыў имканиятын кеңейтириў, банкларара есапласыў системасын раўажландырыў, кыска хам узақ мууддетли кредитлер-анагурлым томен турдеги ставкасынын берилиўи исбилерменлер ушын кең шараятлар жараттып атырғанын көрсетип өтсек болады. Озбекистан Республикасында киши бизнес хам исбилермен субъектлерине ажыратылған кредитлер көлеми

2000 жылы 168,5 млрд. сумды кураган болса , 2005 жылы 464,0 млрд сумды, 2010 жылы болса 1850,0 млрд сумды қурады.


Киши бизнес ҳәм исбилерменлик системасында лизинг хызметлерин раўажландырыўда 2011-жылы киши бизнес субъектлери ушын микролизинг хызменлери бойынша максимал ставкалар 5 процентке кемейтирилди.

Киши бизнес хам исбилерменлик хызметинин зәрүр сыпатларынын бири

өндиристи хам ислеп шыгарыў саласын раўажландырыў есапланады.Ислеп шыгарыў процессинде көп ғана экономикалык факторлар ҳәрекет етеди.Экономикалык теорияда бул факторлар турлише анализ етилген.Хар қандай исбилермен ис баслағанда ишки базар конъюктурасына жууап беретуғын ҳәм сырт ел товарларына бәсекелесе алатуғын формада ҳәрекет етиўи лазым деп көрсетеди.Ислеп шыгарыўда киши карханалар тез ийкемлесиўшилиги аркалы ассортиментлерди тез турде өзгертиўгеде ийкемлескен. Себеби буған кем қаржы жумсалыўын сондай-ак тез ҳәрекетке ийкемлескиш процесс есапланады.

Жуўмақлап айтқанда киши бизнес хам исбилерменлик базар экономикасын раўажландырыўшы тийкар болып есапланады. Яғный Өзбекстан Республикасы ЖИӨ деги киши бизнестиң улеси 2000 жылы 31 проценттен , 2005 жылы 38,2 прцентке , 2006-жылы 42,1 процент хам 2010 жылы 52 процентке жоқарылағанын көрсетеди. Бул көрсеткишлер киши бизнес хам исбилерменликтиң жылдан-жылға раўажланып атырғанынан дерек береди.Қаракалпақстан Республикасында 2010-жылы киши бизнес хам исбилерменлер субъектлери саны 8967 ды қурады.

Соның менен бирге киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўы, жаңа жумыс орынларының ашылыўы халқымыздың мийнет қатламына, жумыс пенен тәмийинлениўине унамлы тәсирин көрсетти. 2010 жылы киши бизнес хам жеке исбилерменликке байланыслы 20,98 мың. жаңа жумыс орынлары ашылғанын көрсетеди. Жумыссызларды жумыс пенен тәмийинлеўде бәнтликте киши бизнестиң үлеси 71,2 процентти курады.

Улыўмалык көринисте киши бизнес хам исбилерменликти буннан былайда раўажландырыў, исбилерменлеримизге кең имканиятлар жаратыў, оларды қоллап-куўатлаў арқалы елимиз экономикасын раўажландырыў тийкарғы мақсетиз.



Пайдаланылған әдебиятлар:

1.И.А.Каримов, Дүнья жүзилик финанслық-экономикалық кризиси, Өзбекстан шараятында оны сапластырыўдың жоллары ҳәм илажлары- Т.: Ўзбекистон, 2009.- 56 б.

2 .С.С.Гулямов «Тадбиркорлик ва кичик бизнес» Тошкент 2002 йил.

3.Абдуллаев «Кичик бизнесни бошқариш» Тошкент 2003 йил


КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ АРҚАЛЫ МҮЛКДАРЛАР КЛАСЫН ҚӘЛИПЛЕСТИРИЎ
Кайпназарова Г.Х.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Өзбекстан Республикасы өз ғәрезсизлигине ерискеннен соң миллий экономикамызда түпкиликли өзгерислер әмелге асырылды, көплеген жетискенликлерге ерисилди. Соның ишинде республикамыз экономикасында киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң әҳмийети жылдан-жылға артып бармақта. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлери хожалық жүргизиўдиң жеке мәпдарлық, мүлкий жуўапкершилик принциплерине таянып, экономикада түрли мүлк формаларының тең ҳуқықлылық ҳәм саламат бәсеки тийкарында раўажланыўына тийкарланады. Олар жетистирген өнимлерине ийелик етиўге, мал-мүлк, финанслық ҳәм материаллық ресурсларды ғәрезсиз бөлистириўге, мүлкке ийелик етиў бойынша базар экономикасы принциплерине сай келеди.

Республикамыз Президентиниң бир қатар Пәрманлары ҳәм ҳүкиметимиздиң тийисли қарарларында киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў экономикалық реформалардың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгиленип, исбилерменликти шөлкемлестириў – ҳуқықый, экономикалық ҳәм институционаллық тәрептен қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылған. Мәмлекетте бәнтлик машқаласын шешиў, базардың молшылығын тәмийинлеў ҳәмде экономиканың бәсекилигин артттырыўдағы имканиятларын инабатқа алып, киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўына айрықша итибар берилмекте. Нәтийжеде киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлериниң саны, бәнт болған жумысшылар салмағы, олардың өним ислеп шығарыў көлеми ҳәм мәмлекет жалпы ишки өниминдеги көлеми жылдан-жылға артып бармақта.

Мүлкшилик қатнасықлары – материаллық ҳәм руўхый азықларды ислеп шығарыў ҳәмде жәмийет байлықларын өзлестириў процесинде жүзеге келеди.

Мүлкшилик қатнасықлары – бул мүлкке ийелик етиў, оннан пайдаланыў ҳәм оны бөлистириў процесинде жүзеге келетуғын экономикалық қатнасықлар есапланады.

Мүлкке ийелик етиў мүлкдарлық ҳуқықының оның ийеси қолында сақланып турыўын билдиреди ҳәм жаратылған материаллық байлықларды өзлестириўдиң социаллық формасын сәўлелендиреди.

Базар қатнасықларының негизин түрли мүлк формаларына тийкарланған хожалық жүргизиў формаларының бар болыўы ҳәм олардың арасындағы саламат бәсеки қәлиплестиреди. Сол себепли республикамызда экономикалық реформалардың дәслепки басқышларынан-ақ мүлкти мәмлекет ийелигинен шығарыў ҳәм меншиклестириўге, түрли мүлк формаларының тең ҳуқықлылығына таяныўшы көп укладлы экономика системасын жаратыўға айрықша итибар берилди.

Елимиздиң ғәрезсизлиги жылларында бул бағдарда бир неше нызамлар, заман талабы бойынша пайда болған машқалаларды күнделикли шешип барыўды ретлестириўши бир неше пәрман хам қарарлар қабыл етилип, мүлкти мәмлекет бийлигинен бөлип алып, жеке исбилерменлик ҳәм жаңа мүлк ийелерин пайда етиў, оларды қоллап-қуўатлаў сиясаты даўам етпекте.

Республикамызда исбилерменликтиң, ең алды менен киши бизнес хәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўына, мүлкдарлар класының кәлиплесиўине, экономикадағы жеке мүлк секторының әҳмийетин арттырыўға зарүрли имканиятлар жаратылып берилмекте.

Өзбекстан Республикасында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў процессиндеги ең тийкарғы бағдар жердиң, мүлктиң ҳақыйқый ийелерин табыў, мүлк ийелери класын қәлиплестириў, яғный олардың мүлкке болған көз-қарасын өзгертиў, мүлк ийеси екенлигин сезиўине ерисиўден ибарат.

Бас нызамымыз Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабылланыўына 18 жыл толыўы мүнәсибети менен салтанатлы жыйналыста ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2011-жылды «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик» жылы деп жәриялаўы республикамыз халқын, соның ишинде киши бизнес ўәкиллерин ҳәм мүлкдарларды үлкен қуўанышқа бөледи.

Бүгинги күнде киши бизнес хәм жеке исбилерменликтиң - экономикамыздағы тутқан орны баска хеш бир тараў орнын баса алмайтуғын үлкен әҳмийети менен мәмлекет раўажланыўында айрықша орын ийелейди.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2010-жыл 1-апрельге 19854 киши бизнес субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткен болса, 2011-жылы 1-апрель жағдайына республикамыз бойынша 20638 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өтип, олар халық хожалығының хәр қыйлы тараўларында мийнет ислемекте. (1-диаграмма)

Солардан: санатта – 1075, аўыл хожалығында – 12209, транспорт ҳәм байланыс – 1127, қурылыста – 1080, көтере саўда – 461, усақлап сатыў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында – 2988 ҳәм басқа да тараўларда – 1698 киши бизнес субъектлери ҳәрекет етпекте. (2-диаграмма)

Коммерциялық банклер тәрепинен 2010-жыл 1-шерегинде 19 млрд 995 млн 300 мың киши бизнес субъектлерине кредитлер ажыратылған болса, 2011-жыл 1-шерегинде 28 млрд 972 млн сум муғдарында кредит ажыратылған. (3-диаграмма)

1-диаграмма

2-диаграмма



3-диаграмма

Мүлкдарлардың орта класын қәлиплестириў, ишки базарды бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы өнимлер менен толтырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў ушын анық мақсетке бағдарланған кең илажлар комплексин әмелге асырыў мақсетинде «Киши бизнес ҳәм исбилерменлик жылы» Мәмлекетлик дәстүри қабылланды.

Усы мәмлекетлик дәстүрде киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлер ушын бир қатар жаңа жеңилликлер берилиўи көзде тутылған. Соның ишинде:

- мәмлекетлик ҳәм қадағалаўшы органлардың исбилерменлик субъектлериниң финанслық-хожалық ҳәрекетине араласыўын кескин қысқартыў;

- бюрократиялық тосқынлықларды алып таслаў, мәмлекетлик буйыртпалардан кең пайдаланыўды тәмийинлеў;

- мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртип-қағыйдаларын жәнеде әпиўайыластырыў, инженерлик-коммуникация тармақларына байланысыў, жер участкаларын ажыратыў мәселелерин шешиў;

- салыклар бойынша жеңиллик ҳәм преференциялар бериў;

- мағлыўмат пенен тәмийинлеў соның менен бирге, кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын асырыў;

- кредитлер бериў механизмин жәнеде жетилистириў ҳәм олардың көлемин асырыў;

- санаат тараўларында инновациялық технологиялардың жаратылыўын хошаметлеў;

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң сыртқы экономикалық ҳәрекетинде қатнасын кеңейтиў, олардың экспорт потенциялын арттырыўдан ибарат.

2011-жылда бул тараўға итибар қаратылыўы мәмлекетимизде жәмийетимиздиң социал-сиясий таяншы ҳәм фундаменти болған орта классың қәлиплесиўине ҳәм оның беккемлениўине ерисиўин көзде тутады. Киши бизнес ҳәм исбилерменлик бүгинги күнде жәмийетимиздеги социал ҳәм сиясий турақлылықтың исеними ҳәм таянышына, елимизди раўажланыў жолынан актив ҳәрекетлендириўши күшке айланып бармақта.

Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасындағы жумыс пенен бәнт болған халықтың 71,2 проценти усы тараўда мийнет етпекте. Егер 2000-жылда республикамыз жалпы аймақлық өниминиң 30 проценти киши бизнес субъектлери тәрепинен ислеп шығарылған болса, қысқа ўақытта, яғный 2010 жылда бул көрсеткиш 63,6 процентке жетти. Өткен жылдың өзинде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў есабынан 20 980 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин жәнеде қоллап-куўатлаў, оларға салық жеңилликлерин бериў мақсетинде, кейинги бес жыл даўамында бирден-бир салық төлеми ставкасы 2005 жылдағы 13 проценттен 2010 жылда 7 процентке кемейтирилди. 2011-жылда болса 6 процент муғдарында белгиленген.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жәмийетимиздиң, беккем таяншы болыўы, жаслардың өзлери ийелеген ең заманагөй билим ҳәм көнликпелерин әмелде қолланыўы ушын кәсип-өнер колледжлери ҳәм жоқары оқыў орынлары питкериўшилерин киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўларына тартыў нәзерде тутылған. Бул бағдарда 2010-жылдан баслап Жоқары оқыў орынлары ҳәм кәсип-өнер колледжлери питкериўшилери менен «Диплом менен бизнеске» деген темада турақлы семинарлар өткерилмекте.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик кәрханалар ҳәм шөлкемлер менен бир қатарда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен де бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, олардың мәплерин қорғаў, өнимлериниң көргизбелерин шөлкемлестириў, шериклер таўып бериў, мәслаҳатлар бериў, технологиялар таўып бериў, сырт еллерде көргизбелерде қатнасыўын шөлкемлестириў, сондай-ақ семинарлар ҳәм оқыўларды шөлкемлестириў менен шуғылланбақта.

Исбилерменлердиң мәпин қорғаў мақсетинде 2010-жылда хожалық ҳәм пуқаралық судларына 5 млрд 320,0 мың сумға 166 даўа арза киритилип, олардың дерлик барлығы исбилерменлер пайдасына шешип берилди. Буннан тысқары Басқарма жанынан дүзилген Төрешилик судында 250 миллион сумлық 40 тан аслам даўа арза көрилип, исбилерменлер пайдасына шешилип берилди.

«Киши бизнес ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў арқалы мүлкдарлар класын қәлиплестириў» темасында таярланған баянатта Өзбекстан Республикасында Ғәрезсизлик жылларында мүлкшилик қатнасықлар, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жумысларының раўажланыў стратегиясы ҳәм республикада бизнес орталықтың раўажланыўы ҳаққында толық мағлыўматлар берилген.


Пайдаланылған әдебиятлар:

  1. Ҳодиев Б.Ю., Саматов Ф.А., Юсупов М.С. Мелибоев Ш.А., Ишмуратов С.Т., Эшов М.П. «Кичик тадбиркорлик фаолияти асослари» 1-том, Тошкент 2004 йил

  2. Ҳодиев Б.Ю., Саматов Ф.А., Юсупов М.С. Мелибоев Ш.А., Ишмуратов С.Т., Тураев М.А. «Кичик тадбиркорлик менежменти» 2-том, Тошкент 2004 йил

  3. С.Ғуломов «Кичик бизнес ва хусусий тадбиркорлик: ташкил этиш, режалаштириш, бошқариш» Тошкент 2005 йил

  4. Шодмонов Ш.Ш., Алимов Р.Х., Жўраев Т.Т. «Иқтисодиёт назарияси» Тошкент 2002йил

  5. Өзбекстан Республикаси Саўда-санаат палатасы ҚР басқармасы мағлыўматлары


КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ИНФОРМАЦИЯЛЫҚ ӨНИМЛЕРДИҢ ӘҲМИЙЕТИ
Қалжанов П.О.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Информациялық коммуникациялар технологияларының турмысымыз-дың барлық тараўларына кирип келиўи киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў механизимлерин түптен өзгертип бармақта. Дүнья жүзи экономикасының глобалласыў процессинде интернет хызмет-лериниң орны ҳәм әҳмийетлери шексиз екенлигинде атап өтиўимиз керек. Себеби, исбилерменлердиң мағлыўматлар менен тәмийинлениўин шөлкемлестириў процессии ҳәзирги күнниң ең баслы мәселелериниң бири болып қалмақта.

Исбилерменлерге басқа исбилерменлер, тутыныўшылар, шийки зат, техника ҳәм технологиялар, баҳалар, өним ҳәм капитал базарлардың жағдайы, исбилерменлер өмириндеги жағдайлар, улыўма сиясий ҳәм экономикалық конъюнктурасы ҳ.т.б. ҳаққында тек өз мәмлекетимизде емес, пүткил дүнья жүзиндеги өзгерислер бойынша, хожалық жүритиўдиң шәрт-шәраятлары ҳәм басқалар туўрысындағы информациялар жүдә зәррүр.

Соның ушында мәмлекетимизде мағлыўматлар инфраструктурасының қәлиплесиўин раўажландырыў исбилерменлердиң информация алыўы ушын ең жақсы дәрежедеги шәрт-шәраятларды жаратыў, киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўда ең әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Миллий экономикамызға информациялық коммуникациялар технологияларының ҳәм интернет тармақларының кирип келиўи, мағлыўматлар базаларында жыйналған информациялардың кәўипсизлигин тәмийнлеў машқаласын да келтирип шығармақта. Информацияға ҳүжим жасаў дегенде кәрханаға үлкен зыян жеткизиў мүмкин болған информация менен ислеў қағыйдаларын биле турып бузылыўы түсиниледи.

Ҳәзирги ўақытта информацияларды жыйнаў, сақлаў ҳәм қайта ислеў менен қәнийгелестирилген шөлкемлер ҳәм мекемелер шуғылланбақта, олар тийкарынан өз информация зәрүрликлерин, мәмлекет басқарыў органлары ҳәм ири кәрханалар зәрүрликлеринен келип шығып, тәмийнлемекте. Бундай шөлкем ҳәм мекемениң Қәнигелестирилген информациялық системалары ҳәр түрли техникалық, системалық, программалық ҳәм телекоммуникация үскенелеринде жаратылған болып, жабық характерге ийе болады ҳәм бар болған информацияларға еркин кириў имканиятын тәмийнлемейди. Бунда Интернет тармақлары әҳмийетли орын ийелейди ҳәм бул жағдай алдын ала киши ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Информация өнимлери миллий экономиканың түрли тараўларындағы ислеп шығарыў процесслерине түптен тәсир етиўши тийкарғы факторлардан бирине айланып баратуғынлығының өзи буған бир мысал бола алады.

Өзбекстан исбилерменлик информация базары түрли информация өнимлери ҳәм хызметлерин усыныс етип, исбилерменлерге өз хызметиниң базы тараўларындағы машқалалар шешимлерин излеў имканын береди. Бирақ ашық информация ресурсларына кириў үскенелериниң бөлинип кеткенлиги, базарда гөзленген нышан алыўда ҳәм керекли исбилерменлик информациясын табыўға жәрдем беретуғын новигация қуралларының жетерли емеслиги исбилерменлер ушын сезилерли дәрежеде қыйынластырмақта. Көрсетилген кемшиликлерди сапластырыўда бизнес информация технологиялары системасын жаратыў үлкен жәрдем көрсетеди. Бул система бирге ислесиўлердиң беккемлесиўиниң заманагөй принциплерине тийкарланған болып, коммуникация тармақларын жаратыўды ҳәм информация ағымларының қәлиплесиўин нәзерде тутады.

Системалы интегралласқан бизнес информация технологиялары исбилерменлик бирге ислесиўдиң жалғыз информацияласқан мәканын жаратады. Исбилерменлик информациясы мағлыўматлар базалары ҳәм банклер жыйындысы, оларды жүритиў ҳәм пайдаланыў технологиялары, телекоммуникация системалары ҳәм тармақлары, жеке принциплер ҳәм улыўма қағыйдалар бойынша әмел қылады. Шөлкемлер ҳәм исбилерменлер ортасында информация алмасыўын тәмийнлейди. Сондай-ақ олардың информацияға болған мүтәжлигин қанаатландырады. Жеке информация мәканын пайда қылыў төмендеги баслы компонентлерден қәлиплеседи:



  • Информация ресурслары, исбилерменлик мағлыўматлары, мағлыўматлар ҳәм билимлерди информация тасыўшыларда сақлаў;

  • Жалғыз информация мәканы пайдаланыўын ҳәм раўажланыўын тәмийнлейтуғын шөлкемлер дүзиў (информацияны жыйнаў, қайта ислеў, сақлаў, тарқатыў, излеў ҳәм жибериў);

  • Исбилерменлер ҳәм шөлкемлерге информацияласқан өз-ара тәсир қураллары, соннан программа-техникалық қураллар ҳәм шөлкемли норматив ҳүжжетлер, информация ресурсларына сәйкес информация технологиялары тийкарында кириў имканын тәмийнлеў.

Өзбекстанда исбилерменлик хызметиниң жалғыз информация мәканының қәлиплесиў процесиниң өзине сай қәсийети, тек информациялар өз-ара тәсирин тәмийнлеў, мағлыўматлар базарында билимлерди бөлистириў ушын инфомацияластырыўдың техник ҳәм технологик дүзилмелерин жаратыў емес, бәлким оның қәлиплесиўин социаллық, экономикалық ҳәм сиясий тәреплер ҳәм пүткил дүнья информация мәканына интегралласыўынан ибарат.

Соның ушын да информация өнимлери тараўы менен шуғылланып атырған кәрханаларды шөлкемлестириў формасы ҳәм оларды финансластырыўдың дәрежесин арттырыў, компьютер программаларын ислеп шығарыўшы фирмалар жумысын күшейтиў ҳәм оларды қоллап қуўатлаў менен биргеликте, миллий экономика тараўларында информациялық коммуникациялар технологияларды сондай-ақ киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўда нәтийжели қоллай билиў ҳәзирги күнниң актуал мәселелериниң бири болып қалмақта.


Пайдаланылған әдебиятлар:

  1. Миллий иқтисодда ахборот тизимлари ва технологиялари - Алимов Р.Х., Ходиев Б.Ю., Бегалов Б.А. ва б. –Т.: «Шарқ», 2004 й.

  2. Ахборотлаштириш миллий тизимини шакллантириш муоммолари –А.Т.Кенжабоев Т.: «Ибн Сино» 2004 й.


КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА КОММЕРЦИЯЛЫҚ БАНКЛЕРДИҢ РОЛИ
Алымов А.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлап, ҳәр тәреплеме раўажландырыў арқалы оның экономикадағы үлесин көбейтириў ең актуал мәселеге айланды. Тийисли нызамлар, қарарлар, пәрманлар бул тараўдың раўажланыўына тийкар болды. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўында үлкен орын тутқан олардың финанслық қәўендерлери коммерциялық банклер есапланады. Республикамызда ҳәзирги күнде «Миллий банк», «Капитал банк», «Халық банк», «Микрокредит банк», «Хамкор банк», «Агробанк» ҳәм басқа да банклердиң регионаллық филиаллары исбилерменлерге хызмет көрсетпекте.

Киши бизнес субъектлери коммерциялық банклердиң клиентлери есапланады. Коммерциялық банклер оларға пул өткериў, пулды сақлаў, кредит бериўге уқсаған ҳәр қыйлы хызметлерди көрсетеди. Булардың абзаллық тәрепи басқа қаладағы ямаса мәмлекеттеги кәрханаларға ақша өткеретуғын болса банк тез арада талапнама арқалы ақшаларын өткерип береди. Бизге бурыннан мәлим банк ең исенимли ақша сақлайтуғын жер есапланады.

Республикамызда коммерциялық банклердиң саны жыл сайын артып бармақта. Бул исбилерменлерге жүдә қолай болып, коммерциялық банклер өз-ара бәсекилесип, клиентлерди өзине тартыў ушын арзан ҳәм қолайлы хызметлер көрсетиўге ҳәрекет етеди.

Республикамыздағы коммерциялық банклер инвестицияларды киргизиў бойынша берилип атырған банк ссудаларының 74 %инен артығы сол банклердиң кредит портфелине тийисли болып есапланады.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин кредит пенен тәмийнлеўдиң төмендеги түрлери бар:


  • Хожалық жүритиўши субъектлерге пул ссудаларын ямаса товарды капитал орнында туўрыдан-туўры бериў;

  • Есап-китап түрлеринен бири сыпатында кредит пенен тәмийнлеў, яғный төлеў мүддети узайтырылғанлығы есабы менен.

2009 жылда коммерциялық банклер банкрот болған 86 ири кәрханаға өз балансынан кредит берилди. Нәтийжеде ҳазирги күнде солардан 70инен артығында өндирис қайта тикленди.

Қарақалпақстан Республикасы жалпы аймақлық өниминде киши бизнестиң үлеси 63,6 % ти қурайды. 2010 жылда 2389 киши бизнес субъекти шөлкемлестирилген болып, оларға коммерциялық банклер тәрепинен 106 миллиард сум кредит берилди ҳәмде 458 миллиард сумлық инвестиция өзлестирилди. Усының нәтийжесинде 2010 жылда Қарақалпақстан Республикасында 48329 жаңа жумыс орны ашылып, соннан 75 %и киши бизнес ҳәм фермерлер үлесине туўры келеди.

Өзбекстан Республикасындағы 2010 жылдың ең жақсы банки «Микрокредитбанк» ААК банки мысалында алып қарасақ, киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде 1052 киши бизнес субъектлерине жәми 14 миллиард 455 миллион сум муғдарында кредитлер ажыратылған (1-таблица). Соннан:


  • санаат тараўына 2 миллиард 352 миллион сум

  • аўыл хожалығы тараўына 4 миллиард 289 миллион сум

  • хызмет көрсетиў тараўына 4 миллиард 148 миллион сум

  • саўда тараўына 1 миллиард 235 миллион сум

  • қурылыс тараўына 1 миллиард 505 миллион сум

  • басқа тараўына 926 миллион сум

Усы ажыратылған кредитлер есабынан 7108 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

(1-таблица)




Республикамызда ҳәр бир коммерциялық банк киши бизнес субъектлерине қәўендерлик етиў арқалы жаңа жумыс орынларның пайда болыўына, халқымыздың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына себепши болып атыр.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң мағлыўматларына бойынша 2010 жылда 2 триллион 690 миллиард сум кредит берилген.

Президентимиз И.А.Каримовтың «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы мәмлекетлик дәстүри ҳаққында»ғы қарары бойынша 2011 жылы 3 триллион 800 миллиард сумлық кредитлер бериў жобаластырылған. Ал Қарақалпақстан Республикасы бойынша болса 2011 жылы 2300 киши бизнес субъектлерин ашыў ҳәмде оларға 123 миллиард сумлық кредит бериў арқалы 43000 жаңа жумыс орны жаратыў нәзерде тутылған.

Ҳәзирги күнде Республикамызда 20000 нан аслам исбилерменлик субъекти бар, булар өз гезегинде коммерциялық банклерде ақша айланысын жүзеге келтиреди. Банклерде ақша айланысы жақсы жолға қойылса, пулдың қәдириниң беккемлениўине, жумысшылар ўақтында ис ҳақыларын алыўға унамлы тәсир көрсетеди.

Жуўмақлап айтқанда, ҳақыйқый исбилерменлердиң жүзеге келиўинде, раўажланыўында коммерциялық банклердиң роли айрықша. Себеби Республикамыздағы дерлик барлық коммерциялық банклерде исбилерменлер менен ушырасыў ханалары ажыратылған. Олар менен жақыннан байланыста болады, олардың бизнес жобалары менен танысып тийисли мәсләҳәтлер береди.



Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   25




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет