Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты


ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ XVII-XIX ӘСИРЛЕРДЕГИ ҚАЛА ҲӘМ



Pdf көрінісі
бет38/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   164
1-секция

ҚАРАҚАЛПАҚЛАРДЫҢ XVII-XIX ӘСИРЛЕРДЕГИ ҚАЛА ҲӘМ 
ҚОРҒАНЛАРЫНЫҢ ҤЙРЕНИЛИЎ ТАРИЙХЫНАН
0000000 
Б.Турганов –т.и.к., Д.Худайназаров – магистрант 
НМПИ Тарийх оқытыў методикасы кафедрасы 
Қарақалпақ халқы тәрепинен XVII-XVIII әсирлерде ӛзлериниң ата 
мәканы болған Қубла Арал бойларында кӛплеген қала ҳәм қорғанлар 
қурылған. Бул қала ҳәм қорғанлар қарақалпақ халқының сиясий, социал-
экономикалық ҳәм мәдений турмысында үлкен әҳмийетке ийе болған. 
Олардың ишинде Қонырат, Хожели, Шымбай, Қыят, Маңғыт, Шорахан, 
Нӛкис қалалары саўда-экономикалық ҳәм админстративлик тәрептен орайлық 
қалалар болған болса, олардан тысқары, Майлы Шеңгел, Жанқазы қала, 
Ережеп қала, Қудайберген қала, Ийшан қала, Жаңақала, Қылыш қала, Кәпир 
қала, Арзы қала, Ерназар қала, Серен қала, Мехтер қала, Ақ қала, Айдос қала, 
Орынбай қала, Қатын қала ҳәм басқа да аймақлық ҳәм елатлық әҳмийетке ийе 
қала-қорғанлар болған. Олардың кӛпшилиги әскерий топылыслар ўақтында 
қорғаныў мақсетинде қурылған қалалар болып есапланады. 
Қарақалпақ халқының XVII-XX әсирлердеги қала ҳәм қорғанлары 
Х.Есбергенов, М. Мамбетуллаев, Ғ. Хожаниязов, О. Юсупов, А. Қудияров, С. 


72 
Сайманов ҳәм басқа да илимпазларымыздың бир қатар илимий изертлеўлери, 
монография, топлам ҳәм мақалаларында белгили дәрежеде үйренилген. Олар 
ӛз 
мийнетлеринде 
XVII-XX 
әсирлердеги 
қарақалпақ 
қала 
ҳәм 
қорғанларындағы сиясий, социал-экономикалық ҳәм мәдений турмысы 
ҳаққындағы тарийхый мағлыўматларды берген. Олардан Х. Есбергенов 
тәрепинен Қарақалпақстан аймағындағы әййемги тарийхқа ийе болған 
Қоңырат қаласының тарийхынан жазба дереклер, этнографиялық материаллар 
ҳәм тарийхтаныў әдебиятлары тийкарында комплексли үйрениледи. [1] Автор 
ӛз мийнетинде Қоңырат қаласындағы XVI-XIX әсирлерге тийисли қорған 
қалалар, мешит, медресе, мавзолейлер, қәбир таслары, жергиликли 
ҳәкимлердиң сарайы, дала ҳәўлилер, кәрўан сарайлар, ӛнерментшилик 
устаханалары усаған архитектуралық естеликлерди үйрениўге айрықша 
итибар қаратқан. Усы мийнетте Қоңырат халқының XVI-XIX әсирлердеги 
социаллық-экономикалық ҳәм мәдений турмысы этнографиялық ҳәм 
материаллық мәденият үлгилерине тийкарланған жағдайда жарытылған. 
Автор мийнеттеги тарийхый ўақыяларды жарытыўда Қоңырат қаласында 
болған россиялы елши ҳәм илимпазлардан Гладышев ҳәм Муравин (1740-
жыл), Г.И. Данилевский (1843-жыл), М.Н. Галкин (1858-1859-жыллар), М.Н. 
Чернышевский (1899-жыл) ҳәм басқа да дереклерден ӛнимли пайдаланылған. 
Қарақалпақлардың XVII-XX әсирлердеги қала ҳәм қорғанларын изертлеў 
жумыслары М. Мәмбетуллаев, О. Юсуповлар тәрепинен даўам еттириледи. 
[1.95-106]Олардың мийнетинде XVII-XX әсирлерге тийисли Нӛкис, Тӛрткүл, 
Қыят, Шымбай, Хожели, Қоңырат, Маңғыт усаған ири қалалардан тысқары, 
Майлы Шеңгел, Жанқазы қала, Ережеп қала, Қудайберген қала, Ийшан қала, 
Жаңақала, Қылыш қала, Кәпир қала, Арзы қала, Ерназар қала, Серен қала
Мехтер қала, Ақ қала, Айдос қала, Орынбай қала, Қатын қала, Қос минар 
усаған қала-қорғанлардың географиялық жайласыўы ҳәм топографиялық 
дүзилиси ҳаққындағы мағлыўматлар берилген. Мақалада этноархеологиялық 
дереклерден тысқары, россиялы алымлар, елши ҳәм саяхатшылардан Д. 
Гладышев ҳәм И. Муравин, Н.Н. Веселовский, И.В. Каульбарс, А.Л. Кун, Л.Н. 
Соболев, М.И. Иванин, Л.С. Берг мийнетлеринен тарийхый дерек сыпатында 
пайдаланылған.
Бул дәўирдеги қала ҳәм қорғанларды этноархеологиялық ҳәм жазба 
дереклер тийкарында кең кӛлемде үйренген алымлардан және бири Ғ. 
Хожаниязов 
болып 
есапланады.Оның 
қарақалпақлардың 
XVII-XX 
әсирлердеги қала ҳәм қорғанлары ҳаққындағы мийнети тек ғана елимизде 
емес, ал сырт ел алымлары арасында да үлкен қызығыўшылық оятты ҳәм 
сырт ел илимий журналларында баспадан шықты. [10] 
Ғ.Хожаниязов «XVI-XVII әсирлерде қарақалпақлар Арал бойы киши 
оазислеринде» атамасындағы мийнетинде қарақалпақлардың Арал бойларына 
кӛшип келиў процесин XVI әсирдың ақыры ҳәм XVII әсир басларында 
басланғанлығын кӛрсетеди. [11.159-162] Мийнетте қарақалпақлардың Қубла 
Арал бойларындағы дәслепки қоңыс мәканларынан болған Қырантаў 
аймағындағы архитектуралық естеликлерине тоқтап ӛтеди. 


73 
Әсиресе, XVI-XVIIIәсирлердеги ―Арал ўәлаяты‖ ҳәм қарақалпақлар 
арасындағы сиясий, экономикалық ҳәм мәдений тараўлардағы дослық 
қатнасықлары ашып кӛрсетилген. Бул дәўирдеги ―Арал ўәлаяты‖ның 
шегаралары, араллы ӛзбеклер жайласқан аймақлар, қалалары, дийқаншылық 
оазислери ҳәм ҳүкимдарлары ҳаққында тарийхый мағлыўматлар бериледи. 
Сондай-ақ, мийнетте Қырантаў оазисиниң XVII-XVIII әсирлердеги 
қарақалпақлардың ири диний ҳәм мәдений орайы болғанлығы археологиялық 
материаллар тийкарында ашып берилген.
Ғ.Хожаниязов, Ж.Ҳәкимниязов, Ш.Пайзуллаевалар авторлығындағы 
―Бердақ дәўириндеги қорған-қалалар‖ атлы мийнетинде сол дәўирдеги 
қалалардың қарақалпақ халқы мәдений ҳәм экономикалық турмысындағы 
әҳмийети кӛрсетилген [12].Мийнетте қала ҳәм қорғанлардың географиялық 
жайласыўы, топографиясы, формасы, дүзилиси ҳәм әҳмийети ҳаққындағы 
мағлыўматлар сәўлелендирилген. 
Ғәрезсизлик дәўиринде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы 
Тӛрткүл, Шымбай, Қоңырат, Нӛкис, Хожели сыяқлы қалалар тарийхын 
үйрениўге айрықша итибар қаратылды. 
А. Қудияров тәрепинен XVIII - XIX әсирлердеги Шымбай қаласы 
тарийхын илимий изертлеў жумыслары алып барылған. [5.27] Оның илимий 
мақалаларында россиялы елши-саяхатшылары, мәмлекетлик искерлери ҳәм 
илимпазларынан Каульбарс, А. Кун, Каразин, Риза Кули-Мирза ҳәм басқа да 
дереклеринен пайдаланған жағдайда Шымбай қаласы топографиясы, 
халқының этникалық қурамы, социал-экономикалық ҳәм мәдений турмысы, 
демографиясы, раўажланыў динамикасы ҳәм қала тарийхы ҳаққында 
кӛплеген тарийхый фактлер тийкарында бай мағлыўматлар берилген. [3.82-
84; 4.90-91] 
А. Қудияров тәрепинен XVIII – XX әсир басларындағы Шымбай қаласы 
тарийхына тийисли жергиликли ҳәм сырт ел дереклери системаластырылады. 
А.Қудияров Әмиўдәрья экспедициясы ағзалары А.Кун, А.В. Каулбарьс, 
Соболевтың берген мағлыўматларына тийкарланып, Шымбай қаласының 
пайда болыўы тарийхын XVIII әсирге туўры келеди,- деп есаплайды. [3.82-84] 
А.Қудияровтың пикиринше, Шымбай қаласының халқының саны 
бойынша ең шынлыққа туўры келетуғын ҳәм тексерилген мағлыўматты А.В. 
Каулбарьс келтирген деп есаплайды. [4.90-91] А.В. Каулбарьс қалаға келген 
ўақытта, қалада барлығы болып 360 үй ҳәм қара үй болған. Егер де ҳәр үйде 5 
адамнан деп есапласақ, онда Шымбайда 1800 дей турақлы жасаўшы адам 
жасаған. Бирақ, Шымбайға белгили мапазда саўда ислерин алып барыўшы 
саўдагерлер, ӛнерментшилер, жалланбашылар ҳәм тағы басқалар келип 
турған.
А.Қудияров «Қарақалпақстан қалаларының тарийхы» мақаласында 
«Араллы ўәлаяты ямаса Қоңырат елиниң орайы – дәслеп Шахтемир қаласы, 
соң Қоңырат қаласы болған» деп жазады. [6.49-50] 
XVIII әсирден баслап Қоңырат қаласы Қубла Арал бойы аймағындағы 
ири саўда-сатық ҳәм административлик орайға айланады. XVIII-XIX 


74 
әсирлердеги Қоңырат қаласы тарийхы С. Сайманов тәрепинен россиялы 
елши, саяхатшы, илимпазлар ҳәм жергиликли дереклердеги мағлыўматлар 
тийкарында үйренилген. [9.28] Ол ӛз мийнетлеринде жергиликли дереклер 
менен биргеликте П. Рычков, Ф. Беневени, Д. Рукавкин, Г. Данилевский, Д. 
Гладышев, И. Муравин, В. Веселовский, майор Бланкенагель, М. Черняев, В. 
Григорьев, Каульбарс, А. Кун, В. Бартольд қусаған кӛплеген россиялы елши 
ҳәм илимпазлардың мийнетлеринен жемисли пайдаланылған. Оның 
мийнетлеринде Қоңырат қаласы ҳәм Арал ўәлаятының тарийхы, мәдений ҳәм 
хожалық турмысы, сиясий тарийхы, Хийўа ханлығы менен мүнәсибетлери, 
үлкедеги саўда-сатық ҳәм экономикалық қатнасықларындағы орны ҳаққында 
терең мағлыўматлар бериледи. [7;8].
Жуўмақлап айтқанымызда, қарақалпақ халқының XVII-XIX әсирлердеги 
қала ҳәм қорғанлары тарийхын изертлеў халқымыздың материаллық ҳәм 
мәдений турмысын үйрениўде баслы дерек болып табылады. Сол дәўирдеги 
қала ҳәм қорғанлар тарийхы қарақалпақ халқының мәденияты, сиясий, 
социал-экономикалық ҳәм мәдений турмысы ҳаққындағы тарийхый 
еслеўлеримизди жәнеде байытады.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   34   35   36   37   38   39   40   41   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет