75
Л.С.ТОЛСТОВА – ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫ ТАРИЙХЫН
ИЗЕРТЛЕЎШИ АЛЫМ
Б.Турганов –т.и.к., А. Турғанбаев – студент
НМПИ Тарийх оқытыў методикасы кафедрасы
Л.С.Толстова қарақалпақ халқы тарийхы ҳәм этнографиясы ҳаққында
терең изертлеўлер жүргизген илимпаз болып есапланады. Ол ӛз илимий
дӛретиўшилик ислерин тийкарынан Қубла Арал бойларынан сыртта жасаўшы
қарақалпақлар тарийхы, этнографиясы ҳәм этникалық тарийхын үйрениўге
арнады. Л.С.Толстова тәрепинен дәслеп 1953-1954-жыллары
Ферғана
қарақалпақлары арасында тарийхый этнографиялық изертлеў жумыслары
жүргизиледи. Бул изертлеўлердиң тийкарғы нәтийжелери автордың илимий
монографиясында жәрияланды. [1] 1960-1961-жыллары ӚзРИА ҚБ
тәрепинен Л.С.Толстова басшылығында Зарафшан этнографиялық отряды
Самарқанд ўәлаяты халықлары қурамындағы ―Қарақалпақ этнотопарлары‖
арасында дала қыдырыў жумысларын алып барды.
[2;3;4] Усы изертлеўлер
нәтийжесинде Л.С.Толстованың «Каракалпакии за пределами Хорезмского
Оазиса в XIX-XX вв.» ҳәм «XIX әсирдиң ҳәм ХХ әсирдиң басларындағы
қарақалпақлар».
(-Нукус.
-Ташкент.
1963)
атамасындағы
илимий
монографиясы баспадан шығарылды. [4]
Бул мийнетте Қубла Арал
бойларынан сыртта жасаўшы қарақалпақлардың тарийхы, миграциялық
процесслер, жәмийетлик дүзилиси, материаллық ҳәм руўхый мәдениятының
белгилери, қоңсы халықлар менен уқсаслықлары ҳаққында этнографиялық
мағлыўматлар бериледи. Ол жазба дереклер, фольклорлық тарийхый
мағлыўматлар ҳәм аңызлар тийкарында
қарақалпақлардың XVI-XVIII
әсирлерде Сырдәрья бойларында жасаған тийкарғы массасынан ажыралып
кеткен қәўим-урыўлардың тарийхын қайтадан тикледи.
Әсиресе,
1723-жылы
жунғарлар
топылысының
нәтийжесинде
қарақалпақлар Сырдәрьяның жоқарғы тәрепине (Ташкент), Зарафшан
(Самарқанд, Бухара, Наўайы), Ферғана бойларына кӛшип қоныс басыўына
мәжбүр болады.
Л.С.Толстованың
жуўмақлары
бойынша
Бухара,
Ферғана
қарақалпақларына салыстырғанда Самарқанд ўәлаятындағы қарақалпақларға
ӛзбек миллетиниң тили ҳәм мәдений турмысы күшли тәсир кӛрсеткен.
Л.С.Толстованың «Каракалпакии за пределами Хорезмского Оазиса в
XIX-XX вв.», «XIX әсирдиң ҳәм ХХ әсирдиң басларындағы қарақалпақлар».
(-Нукус.-Ташкент.
1963) ―Жоқарғы қарақалпақлар‖ атамаларындағы
мийнетлеринде XIX–XX әсирлер басындағы рус алымларынан В.
Тизенгаузен, П. П. Рычков, А.И. Левшин, А. Д. Гребенкин ҳәм басқада елши,
илимпаз, саяхатшы ҳәм архив ҳүжжетлериндеги мағлыўматларынан кең түрде
пайдаланылған. [7]
Автордың пикиринше, 1723-жылғы жунғарлар басқыншылығынан
соңғы жыллары ―Жоқары қарақалпақлар‖дың киши бир бӛлеги
қазақлар
менен бирге Зарафшан дәрьясынан баслап, Ферғана оазисине шекемги
аймақларда жайласқан. Бирақ, ―Жоқары‖ қарақалпақлардың тийкарғы бӛлими
76
дереклерде кӛрсетилгениндей, Сырдәрьяның орта ағысында, яғный Түркстан
қаласынан Ташкентке шекем ҳәм оннан қублада жасаўды даўам еттирген.
Олар жунғарларға сиясий тәрептен ғәрезли болған. 1743-жылғы Киши жүз
ханы
Абулқайырхан
тәрепинен
―Тӛменги‖
қарақалпақларға
шӛлкемлестирилген басқыншылықтан соң да олардың бир топары ―Жоқары‖
қарақалпақларға келип қосылады.
―Жоқары‖ қарақалпақлардың кӛпшилик бӛлеги Зарафшан, Сурхандәрья
ҳәм Қашқадәрья аймақларында жасаған. Зарафшан дәрьясы бойындағы
Миянкӛл оазисинде жасаўшы қарақалпақлар
Бухара әмирлигиндеги сиясий
ўақыяларда да белсене қатнасып турған.
Л.С.Толстова ―Жоқары қарақалпақлар‖ мийнетинде XIX әсир
ақырындағы рус алымы А.Д. Гребенкинниң ―Ӛзбеклер‖ мийнетинен
пайдаланған жағдайда Зарафшан бойларындағы 37 аўылда қарақалпақ
урыўлары жасағанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды да келтиреди.
Л.С.Толстованың пикиринше, ―Жоқары‖ қарақалпақлардың Бухара ҳәм Қоқан
ханлықлары аймақларына жайласыўы процесиниң басланыўы XVIII әсир
басларына туўры келеди. ―Жоқары‖ қарақалпақлар ӛзлери мәкан басқан жаңа
аймақларында, кӛбинесе, отырықлы турмыс тәризине кӛшкен, дийқаншылық
пенен шуғылланыўға ҳәрекет қылған.[7.37-45]
Сондай-ақ, Л.С.Толстова Астрахан қаласындағы архив ҳүжжетлерин
изертлеў нәтийжесинде 1723-жылғы жоңғар шабылыўынан кейин Эмба ҳәм
Урал дәрьялары бойларында кӛплеген қарақалпақ топарларының пайда бола
баслағанын жазады. Ол қарақалпақлардың Волга ҳәм
Урал дәрьялары
аралығындағы жайлаўлар ушын рус пуқаралығындағы қалмақлар менен кӛп
жыллар даўамында гүрес алып барғанлығын ҳәм Урал, Волга аралығындағы
қарақалпақлар
турмысы,
этнографиясы
ҳаққында
да
қысқаша
мағлыўматларды береди. Ол бул мағлыўматлар қарақалпақлар ҳаққындағы
XVIII-XIX әсирлердеги рус илимпазлардың мийнетлери ҳәм архив
ҳүжжетлеринде ушырасатуғынлығын мийнетлеринде кӛрсетип ӛтеди.
[1;4;5;7] Мәселен, 1847-жылы Астрахан губерниясында 133 қарақалпақ
болған. [5] Бирақ, қарақалпақлардың Астрахан топарларының буннан соңғы
тәғдири ҳаққында ҳеш қандай дерек берилмеген.
Л.С.Толстова мийнетлерде түрли дәўирлерде ӛзиниң тийкарғы миллий
топарынан бӛлинип қалған қарақалпақлардың басқа миллетлер арасында
жасайтуғын киши этнотопарлардың этномәдениятлық қубылысларындағы
машқалаларды шешиўге де үлкен үлес қосты.
Солай етип, Л.С.Толстованың илимий мийнетлеринде XIX әсирде Хийўа
ханлығы қурамына кирген қарақалпақлар
менен бир қатарда, «Бухара ҳәм
Қоқан ханлығы қурамында, сондай-ақ Россия аймағындағы киши
этнотопарлардың этнографиясы, этникалық тарийхы ҳаққында тарийхый
мағлыўматлар берилген.
Достарыңызбен бөлісу: