Әжинияз атындағы Нӛкис мәмлекетлик педагогикалық институты



Pdf көрінісі
бет40/164
Дата25.03.2024
өлшемі4.15 Mb.
#496396
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   164
1-секция

Әдебиятлар 
1. Толстова 
Л.С. Каракалпаки Ферганской долины (Историко-
этнографический очерк). –Нукус. 1959. 


77 
2. Толстова Л.С. Этнографическая группа «Каракалпаков» составе 
узбеков Самаркандской области //Вестник КК АНРУз ССР. 1960. №2. 
3. Толстова Л.С. Некторые сведения о каракалпакках Бухарской области 
// Вестник КК АНРУз ССР. 1961. №1.
4. Толстова Л.С. Каракалпаки за пределами Хорезмского оазиса в XIX и 
начале ХХ в. –Нукус. –Ташкент. 1963. 
5. Толстова Л.С. К вопросу о Закавказского-передне азиатских связах в 
этногенезе каракалпаков (мою стены) //Общественные науки в Узбекистане. -
Ташкент. 1966.
6. Толстова Л.С. О некоторых каракалпакских-башкирских фольклорных 
связах //Археология и этнография Башкирии. IV материалы научной сессии 
по этногенезу Башкир. -Уфа. 1971. 
7. Толстова Л.С. Жоқары қарақалпақлар. -Нӛкис. Қарақалпақстан. 1975.
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТАРИЙХЫН ҤЙРЕНИЎДЕ ЕЛШИ 
Г.И.ДАНИЛЕВСКИЙДИҢ МАҒЛЫЎМАТЛАРЫ – ДЕРЕК 
СЫПАТЫНДА
 
Б.Турганов –т.и.к., А. Сапарова–студент 
НМПИ Тарийх оқытыў методикасы кафедрасы 
 
XIX әсирдиң орталарында Россия империясы сиясий-экономикалық 
мәплеринен келип шыққан ҳалда Орта Азия ханлықлары, сондай-ақ Қубла 
Аралбойы халықларының қалаларын, социал-экономикалық, мәдений 
турмысын, қазылма байлықларын ҳәм олардың этногеографиялық 
жайласыўын ҳәр тәреплеме илимий үйрениў басланады. Себеби, 1839-жылғы 
Перовский басшылығындағы Хийўа ханлығына әскерий атланыс сәтсиз 
жуўмақланыўына байланыслы патша ҳүкимети Орта Азияға әскерий топылыс 
жасаў тактикасын ӛзгерте баслайды. Буннан былай алға илгерилеў ушын 
режели түрде беккем плацдарм дүзиўге таярлық кӛреди.Сол дәўирден баслап 
Орта Азия ханлықларын илимий кӛз қарастан үйрениў мақсетинде патша 
Россиясы елшилери қурамында Россия Илимлер Академиясы, рус 
географиялық жәмийети ағзаларынан ўәкиллер жибериле баслайды.
1842-жыл 29-май айында Оренбург генерал-губернаторы буйрығына 
муўапық подполковник Г. И. Данилевскийди(1842-1843-жыллар) Хийўа 
ханлығына елши ўазыйпасына тайынлайды. [1.3-5]Г. И. Данилевскийдиң 
елшилик миссиясы қурамында дилмаш ҳәм хаткерден тысқары, 
тәбияттаныўшы алым Базинер, еки топограф ҳәм сақшы сыпатында 20
қазақтан ибарат еди. Г. И. Данилевскийге берилген кӛрсетпе алдын 
жиберилген елши Никифоров тәрепинен қолланылған инструкциядан 
ӛзгешелиги дерлик жоқ еди. Онда Хийўа ханлығы ҳәм Россия арасындағы 
машқалалы аймақ есапланған қазақ шӛллери бойында шегара аймағын 
белгилеў мәселесинде жаңа кӛрсетпе ханға пайдасыз болса да, усы мәселени 
қолайлы ўақытқа шекем қозғамай турыў ўазыйпасы тапсырылады. Соның 
менен бирге, Англия ҳәм Иран мәмлекетлериниң ӛтинишлери бойынша, Г. И. 
Данилевский менен бирге Хийўаға Англияның Тегиран қаласындағы елшиси 


78 
Томсон ҳәм Иран елшиси де жолдаслық қылады. Г. И. Данилевский бир 
тәрептен Хийўада усы елшилерды қоллап-қуўатлаўы, яғный Хийўадағы Иран 
тутқынларын азат қылыўға жәрдемлесиўи керек еди. Кӛрсетпе бойынша Г. И. 
Данилевский оларға дослық қатнаста жәрдем бериўи менен бирге, Россия-
Хийўа мүнәсибетлери мәселесине келгенде, олардың араласыўына жол 
қоймаўы керек еди. Кӛрсетпеде Россия - Хийўа мүнәсибетлеринде император 
дәлдалды қәлемейди деп анық кӛрсетилген еди. 
Г.И.Данилевский елшилик ағзалары ҳәм Хийўаның еки елшиси менен 
биргеликте 1842-жыл 1-августта Оренбургтан жолға шығады. Үстирт 
тегислиги арқалы Арал теңизи батыс жағалаўлары бойлап жүреди ҳәм 
Аллақулыханның Бухараға қарсы әскерий жүриске кеткен ўақтында Хийўаға 
жетип келеди. Аллақулыхан Бухарадан қайтыўы менен Г. И. Данилевскийди 
қабыл етеди. Кӛрсетпеге муўапық Г. И. Данилевский шегара аймақлары 
мәселесинде сӛз қозғамайды. Россия мәмлекети тәрепинен қойылған басқа 
талапларға хан дерлик қарсылық билдирмейди.
Бирақ, ҳүжжетлерди имзаламастан Аллақулыхан қайтыс болады.
1842-жыл ноябрь айында тахтқа оның баласы Рахимқулыхан шығады. 
Сӛйлесиўлер қайтадан басланады. Бир ай даўам еткен сӛйлесиўлер 
нәтийжесинде еки тәреп 9 пункттен ибарат шәртнаманы имзалайды ҳәм хан 
мӛри менен тастыйықланады. Усы шәртнама бойынша хан: ҳеш қашан 
Россияға қарсы ҳәрекет қылмаў кереклиги, Россияның Қубла - 
Шығысындағы қазақ шӛллеринде урлық, таланшылыққа жол қоймаўы, тонап 
ҳәм талап алынған затларды ийелерине қайтарып бериўи, рус пуқараларын 
тутқынлықта усламаўы, олардың ханлық аймағында қәўипсиз жүриўин 
тәмийинлеўи, Россиядан қашып келген кӛтерилисшилерди шегара 
аймағындағы рус админстрациясына тапсырыўы, рус саўдагерлеринен бажы 
пулын тек бир мәрте алыўы ҳәм оны да 5% тен асырмаў кереклигин, 
Сырдәрья арқалы Бухара ханлығына баратырған рус кәрўанларынан ҳеш 
қандай бажы пулы алмаўы, ең ақырында Орта Азия ханлықларынан Россияға 
баратырған ҳеш бир саўда кәрўанына тосқынлық қылмаў мәжбүриятлары 
белгиленеди. 
Ӛз нәўбетинде Россия, Хийўаның алдыңғы қылмысларын кеширип, 
Россияға келген хийўалылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўи керек болады. 
Шәртнама имзаланғаннан соң подполковник Г.И.Данилевский Хийўа 
ханлығы елшиси Мухаммед-Амин менен бирге 1843-жылдың февралында 
Хийўадан Россияға қайтып кетеди. Шәртнама шәртлери Россия империясын 
қанаатландырады. 1843-жыл 30-июнь айында усы шәртнама император 
атынан Вице-канцлер тәрепинен ратификация қылынады.[1.5-7] 
Г.И.Данилевскийдиң елшилик миссиясының тийкарғы мақсети Хийўа 
ханлығы ҳаққында топографиялық ҳәм статистикалық материаллар топлаў
менен бир қатарда, ханлықтың тәбийий географиялық дүзилисин үйрениўден 
ибарат еди. Жүклетилген ўазыйпалар елшилик миссиясы тәрепинен толық 
әмелге 
асырылады. 
1843- 
жылы 
Хийўа 
ханлығында 
полковник 
Г.И.Данилевский экспедициясы ағзалары тәрепинен Хийўа ханлығының 
маршрут ҳәм улыўмалық (обзорный) карталары сызылған. Г.И.Данилевский 


79 
рус тилинде ҳәм оның экспедициясында қатнасқан Ф.И.Базинер немис 
тилинде Хийўа ханлығы, Арал теңизи ҳәм Үстирт плотасы ҳаққында ири 
географиялық мийнет жаратылған. Ф.И.Базинер китабында Арал теңизи ҳәм 
Хийўа ханлығының орта масштаблы (50-верстли) картасы қосымша 
қылынған. Онда Әмиўдәрья дельтасы, Арал теңизиниң жағалаўлары, 
Қарақалпақстан аймағындағы Әмиўдәрья дельталары Уллыдәрья, Қазақ 
дәрья, Таллық дәрья, Қарабайлы ҳәм басқалар кӛрсетилген. Хорезм 
аймағындағы суў қурылыслары да толық түсирилген. Немис тәбияттаныўшы 
алымы А.Гумболдт ӛзиниң «Орайлық Азия» атлы мийнетинде Ф.И.Базинер 
мийнетиндеги картадан пайдаланылған. 
Г.И.Данилевский 
тәрепинен 
«Хийўа 
ханлығы 
ҳаққындағы 
мағлыўматлар» атлы мийнетинде елшилик сапарындағы еске түсириўлери 
баян етилген. Онда Хийўа ханлығы, Үстирт ҳәм Арал теңизи бойларындағы
халықлар тарийхы бойынша әҳмийетли мағлыўматлар қалдырылған. 
Булардан Шымбай, Хожели ҳәм Қоңырат қалаларының социал-экономикалық 
турмысы ҳаққындағы гейпара мағлыўматларды келтиремиз.[1.27] 
Шымбай ҳәм Қоңырат қалалары қарақалпақлардың админстративлик 
орайы болып есапланады. Араллы ӛзбеклердиң арасында Хожели қаласы да 
үлкен әҳмийетке ийе. Бул қала дӛгерегинде қоңсы халықлар менен 
биргеликте қарақалпақлар да жайласқан. Шымбайда үлкен кәрўан сарай, 150 
дүкан, Қоңыратта 350 дүкан, Хожелиде 150 дүкан бар. Қоңырат базарындағы 
дүканларда базар күнлерден басқа күнлер де турақлы саўда болады. Усы 
қалалар ишки саўдада үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.[1.37-42] 
1842-1843-жылғы 
елшилик миссиясы басшысы Г.И.Данилевский 
Мухаммед Рахимхан дәўиринде Шайық Жәлил таўында мыс рудасын қайта 
ислеў жолға қойылған деп мағлыўмат береди.[1.70]. Оның жолдасы 
тәбияттаныўшы алым Ф.И.Базинер болса, Шайық Жәлил таўында «мыс, 
мрамор, темир, ҳәттеки алтын бар екенлигин, таў жанбаўырындағы үлкен 
аймақта темир рудасы ҳәм олардың қумлары ушырайтуғынлығын атап 
ӛтеди.[2.170,207-208].
Жуўмақлап 
айтқанда, 
Г.И.Данилевскийтәрепинен 
берилген 
мағлыўматларқарақалпақлар 
тарийхын 
үйрени
ӱде,қалалардың 
админстративлик орайлары тарийхын үйрени
ӱдеүлкен әҳмийетке ийе. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   164




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет