Численность научных работников (человек)
|
2005 г.
|
2006 г.
|
2007 г.
|
2010 г.
|
2010 г к 2007 г в %-х
|
Всего научных работников (включая научно-педагогичеакие кадры ВУЗов)
|
34094
|
30596
|
30147
|
34 587
|
114,7
|
В том числе специалисты исследователи, выполняющие научные исследования и разработки
|
26685
|
23876
|
22791
|
26 145
|
114,7
|
Из них имеют ученую степень
|
|
|
|
|
|
Доктора наук
|
2353
|
2274
|
2056
|
2 721
|
132,3
|
Кандидата наук
|
8363
|
7566
|
6686
|
9 231
|
138,1
| Источник: Образование Узбекистана 2008 (статистический сборник, Ташкент, 2008 г.), http://www.ftk.cc.uz- сайт Комитета по координации развития науки и технологий при Кабинете Министров РУ
Данные таблицы свидетельствуют - кадровый потенциал науки с 2007 года несколько вырос. Если отток кадров из сферы науки до 2007 года происходил гораздо быстрее, чем в других отраслях экономики, то в 2010 году эта ситуация изменилась на противоположную. Это связано, прежде всего, с увеличением уровня оплаты работников науки, улучшениями условии труда, увеличением престижа научной деятельности.
Однако, актуальной проблемой нас сегодня остается низкая активность вузов в выполнении научных исследований, причем ситуация имеет тенденцию к ухудшению. Необходимость интеграции науки и образования как нам кажется не вызывает сомнения, именно такая интеграция позволит в какой-то степени решить проблему присоединения вузов к научным исследованиям. Здесь необходимо подчеркнуть должна быть интеграция не только на уровне отдельного региона, а на уровне всей республики и в конечном итоге интеграция науки и образования в международное сообщество. Самое главное здесь – инициатива и интересы непосредственных участников партнерских отношений. Формализм, бюрократическое навязывание каких-либо мнений и схем весьма опасны. Основной принцип – не формальное «придумывание», а учет реально существующих условий и интересов, что позволит при осуществлении интеграции повысить качество подготовки специалистов и удовлетворить потребность науки и экономики в высококвалифицированных кадрах.
Литература:
1. И.А.Каримов «Мировой финансово-экономический кризис, пути и меры по его преодолению в условиях Узбекистана», Ташкент, 2009 г.
2.О.Р.Парпиев Механизм и основные направления инновационных научно-технических процессов в Узбекистане сайт Комитета по координации развития науки и технологий при Кабинете Министров Республики Узбекистан
3. Приоритеты развития науки и технологий в Республике Узбекистан (http://www.ftk.cc.uz - сайт Комитета по координации развития науки и технологий при Кабинете Министров Республики)
4. Сайт министерства финансов Республики Узбекистан
5. Информационное общество, 2005, вып.
6. Советский энциклопедический словарь. М.: Советская энциклопедия, 1981
7.З.Х.Срожиддинова Бюджетная система Республики Узбекистан, Ташкент, 2010 г.- 480 ст.
ЖЕР ЖҮЗЛИК ФИНАНСЛЫҚ ЭКОНОМИКАЛЫҚ КРИЗИСИ ЖАҒДАЙЫНДА ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ХЫЗМЕТТИ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ
Ережепова Б., Пирниязова Г.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Ҳәзирги күнде көпшилик дүнья еллерин тәшўишке салып атырған машқалалардан бири жер жүзлик финанслық-экономикалық кризиси ақыбетлерин сапластырыў мәселеси болып есапланады. Дүньяның абырайлы аналитикалық институтларының көрсетиўинше Германия, Франция ҳәм Япония сыяқлы мәмлекетлердиң тийкарынан рецессия жағдайына шыққанлығына қарамастан бул кризистиң унамсыз ақыбетлери еле де даўам етпекте. Сонлықтан Республика Президенти И.А.Каримов мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың ең әхмийетли баслы бағдарларынан бири сыпатында 2009-2012 жылларға мөлшерленген Кризиске қарсы илажлар дәстүрин қабыл етип ҳәм ол өз ишине комплекс илажларды қамтыйды.
Кризиске қарсы дәстүрде белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардан бири бул экономиканы модернизациялаў, техника ҳәм технологиялық жақтан қайта қуралландырыў болып есапланады. Әлбетте бул ўазыйпаны әмелге асырыў өз нәўбетинде ири көлемдеги инвестицияларды талап етеди.
Инвестициялық процесслерди күшейтиў бойынша алып барылып атырған илажлар нәтийжесинде экономикаға инвестиция тартыў көлеминиң жылдан-жылға артып баратырғанлығын көриўимизге болады. Өткен 2010 жылдың өзинде 9млрд.700млн. АҚШ доллары муғдарындағы инвестициялар өзлестирилип, соннан 72 % ке жақыны өндирис кәрханаларын қурыўға ҳәм соның ишинде 38 % ке шамаласы әспаб- үскенелер ҳәм технологиялар сатып алыўға жумсалды. Быйылғы жылда болса, экономикаға тартылатуғын барлық инвестициялардың 36,4 % тен асламын санаатты модернизациялаў ҳәм технологиялық жаңалаў бағдарламаларын әмелге асырыўға қаратыў көзде тутылып отыр.
2011-жылда экономиканың реал секторына жәми 3 млрд доллардан аслам инвестиция киритиў нәзерде тутылған болса, бул қаржылардың 2 млрд 200 млн доллардан асламын тиккелей шет ел инвестициялары қурайды. Экономикаға тиккелей шет ел инвестицияларының көплеп тартылыўы өз гезегинде әҳмийетли инвестиция жойбарларын қаржыландырыў ҳәм оны әмелге асырыўға мүмкиншилик береди. Усындай жойбарлардан бири Қарақалпақстан Республикасында цемент заводын қурыў жойбары болып, оның әмелге асырылыўы республика экономикасы ушын ҳәр тәреплеме пайдалы болыўы мүмкин.
Буллардан тысқары Республикамызда ҳәр қыйлы қорлардың қаржылары есабынанда стратегиялық әҳмийетке ийе болған инвестиция жойбарларын әмелге асырыўға итибар берилмекте.
Бул бағдарда Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры, Азия раўажланыў банки, Япония ҳалықаралық бирге ислесиў агентлиги сыяқлы шөлкемлер менен бирге ислесиў бағдарында унамлы нәтийжелерге ерисилип атыр.
Булардың ҳәммеси жер жүзлик финанслық экономикалық кризис шараятында мәмлекетимизде тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлер бойынша өсиў пәтлерин сақлап қалыўға негиз жаратты.
2008-2010 жыллар аралығында дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде экономикалық өсиў пәтлериниң сезилерли дәрежеде төменлеп кеткен бир жағдайында Өзбекстан Республикасында жалпы ишки өним ислеп шығарыўдың өсиў пәтлери 2008 жылда 9 процентти, 2009 жылда 8,1 процентти, 2010 жылда 8,5 процентти қураған болса, ал 2011 жылда өсиў пәтлерин 8,3 процент көлеминде сақлап қалыў көзде тутылмақта.
Жер жүзлик финанслық экономикалық кризисиниң республика экономикасына тәсирин кемейтиў бойынша Қарақалпақстан Республикасында да Кризиске қарсы илажлар дәстүри ислеп шығылып, бунда баслы бағдарлардан бири республика экономикасына инвестицияларды тартыўды күшейтиў болып есапланады.
Республикамызда инвестициялық хызметти раўажландырыў ҳәм сырт ел инвесторлары ушын жаратылған бир қатар қолайлықлар нәтийжесинде экономикаға инвестициялар тартыў көлеми жылдан-жылға артып бармақта.
Қарақалпақстан Республикасында 2010 жылда жәми инвестициялардың 67,2 % ти өндирислик сфераға, соның ишинде 17,3 %ти санаат тараўларына жумсалып, бул өткен жылда Республикамызда санаат өндирисиниң 9,4 % ке өсиўин тәмийинледи. Бирақ Республикамыздың барлық районлары ҳәм қалаларында инвестициялық активлиликти арттырыўға ерисилип атыр деп болмайды. Барлық инвестициялардың 17,1 % ти Нөкис ҳәм 16,3 % ти Қоңырат қалаларының үлесине туўры келеди. Тахтакөпир ҳәм Қанлыкөл районларында болса сәйкес түрде 0,6 ҳәм 0,7 % ти ғана қурайды.
Республикамыз экономикасында санаат тараўы менен бир қатарда аўыл хожалығыда жетекши орынды ийелейди. Сонлықтан келешекте аўыл хожалық өндирисин модернизциялаў, техника ҳәм технологиялық жақтан қайта қуралландырыўға қаратылған инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў мақсетке муўапық болады.
Усы айтылғанларға тийкарлана отырып инвестициялық хызметти раўажландырыў ҳәм қоллап қуўатлаў бағдарында төмендеги усынысларды бериўге болады.
-мәмлекетимизде қолайлы инвестиция орталығын жаратыў бойынша алып барылып атырған жумысларды жәнеде жетилистириў ҳәм сырт ел инвесторлары ушын исенимли кепилликлер жаратыў.;
- тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыўды хошаметлеўдиң нәтийжели механизмин ислеп шығыў.;
- инвестициялық хызметти активлестириўде ишки ресурслар көлемин кеңейтиў бағдарындағы илажларды ислеп шығыў.;
- республикамыздың бай тәбийий потенциалы ҳәм инвестиция хызмети бойынша жаратылған қолайлықлар ҳаққындағы мағлыўматларды толық ҳәм өз ўақтында инвесторларға жеткерип турыў;
- республикамызда аўыл хожалығының тутқан орны ҳәм әхмийетин есапқа ала отырып аўыл хожалық өнимлерин ислеп шығарыў, сақлаў ҳәм қайта ислеўге қаратылған инвестициялық жойбарларды қоллап қуўатлаў;
- инвестиция жойбарлары үстинде ислеўге қәбилетли жетик қәнигелерди таярлаў;
Булардан тысқары киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаўшы инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў талап етиледи.
Әдебиятлар
1. И.А.Каримов. Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари Т «Узбекистон» - 2009 й
2. И.А.Каримов Асосий вазифамиз ватанимиз тараққиети ва халқимиз фаровонлигини янада юксалтиришдир. Тошкент, Ўзбекистон – 2010 й
КИШИ БИЗНЕСТИ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ИЛАЖЛАРЫ
Даўлетмуратов А.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Дүнья практикасы киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен турақлы түрде қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин көрсетпекте.
Исбилерменлик субъектлериниң хызметин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў ҳәм қоллап-қуўатлаў зәрүрлиги мәмлекет алдына бир қатар ўазыйпаларды қояды. Олар төмендегилерден ибарат:
1. Ҳуқықый кепилликлер бериў – қорғаў ҳәм тәртипке салыў ўазыйпасы – исбилерменлердиң турақлы раўажланыўы ҳәм де олардың басқа хожалық жүргизиўши субъектлер менен тең шараятларда хызмет жүргизиўин тәмийинлеўге мүмкиншилик бериўши ҳуқықый-норматив ҳүжжетлерди қабыл етиў ҳәм де оларға бойсыныў үстинен қадағалаў жүргизиў.
2. Хошаметлеў (қызықтырыў) ўазыйпасы – жеке исбилерменлик басламашысы, әдалатлы бәсеки гүреси ҳәм де оларға хызмет көрсетиўши тараўлар хызметин түрли экономикалық қураллар жәрдеминде хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларын көриў.
3. Бөлистириў ўазыйпасы – социаллық әдалат ҳәм қорғаў қуралы сыпатында дәраматларды қайта бөлистириў, сондай-ақ исбилерменлердиң материаллық-техникалық ресурслардан жеңилликлер тийкарында пайдаланыўына шараят жаратыў мақсетинде ресурлардың бөлистирилиўине дүзетиўлер киргизиў.
4. Мағлыўмат ҳәм мәсләҳәт пенен тәмийинлеў ўазыйпасы – исбилерменлердиң информация менен тәмийинлеў системасынан тең шараятларда, тосқынлықсыз пайдаланыў имканиятын жаратыў, олар ушын экономикалық машқалалардың нәтийжели шешимин табыў, шийки зат ҳәм ресурслар менен тәмийинлеў, алдыңғы техника ҳәм технологияларды қолланыў бойынша мәсләҳәтлер бериў.
5. Социаллық кепиллик бериў ўазыйпасы – социаллық тәмийинлеў ҳәм қорғаўдың нәтийжели системасын жаратыў, сондай-ақ исбилерменлердиң билимлендириў, ден саўлықты сақлаў ҳәм мәдений илажларға болған мүтәжликлерин қанаатландырыў менен байланыслы илажларды өз ишине алады.
6. Сыртқы экономикалық хызметти муўапықластырыў ўазыйпасы – халық аралық базарларда исбилерменлердиң мәплерин қорғаў, жеңилликли бажыхана тарифлери ҳәм салықлар арқалы экспорт ушын қолайлы экономикалық орталық пайда етиў илажлары.
Мәмлекет исбилерменлик субъектлериниң хызметин республикада ҳәрекетте болған нызамшылық шеңберинде тәртипке салады ҳәм оларды қоллап-қуўатлап турады. Бул, биринши гезекте, оларды шөлкемлестириў ҳәм хызмет көрсетиў бойынша қағыйдаларды белгилеў, жерден пайдаланыў, мийнет, меншик ҳәм басқа қатнасықларды тәртипке салыў ҳәм де бухгалтерия, салық ҳәм статистика есабатларын жүргизиў тәртиплерин енгизиў ҳәм басқаларды нәзерде тутады. Өзбекстанда киши бизнести мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў төмендеги бағдарларда әмелге асырылмақта:
- исбилерменлердиң исбилерменлик хызметин жоқарылатыў, пуқаралардың исбилерменлик хызмети менен еркин шуғылланыўлары ҳәм оннан мәпдарлығының кепиллик берилген системасын жаратыў ҳәм де олардың нызамлы ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў;
- киши бизнес кәрханаларының жаратылыўы ҳәм олардың хызметлериниң норматив-ҳуқықый тийкарларын жетилистириў;
- киши бизнес кәрханаларының кредит дереклери ҳәм капиталлардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў;
- исбилерменлик қәўип-қәтерлеринен турақлы қорғаўды тәмийинлеў ушын қамсызландырыў системасын әмелге асырыў;
- исбилерменлик тараўына инвестицияларды (соның ишинде, шет ел инвестицияларын), заманагөй технологиялар ҳәм үскенелерди тартыў;
- киши бизнеске хызмет көрсетиўши базар инфраструктурасын кеңейтиў ҳәм раўажландырыў;
- киши кәрханалардың шийки зат, информация ҳәм технологиялардан еркин ҳәм тосқынлықсыз пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, олар тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимди ишки ҳәм сыртқы базарларда сатыў системасын жетилистириў;
- салықлар, жыйынлар ҳәм тарифлер бойынша жеңилликлер белгилеў, киши бизнес ушын кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын раўажландырыў ҳәм басқалар.
1-сызылма. Киши бизнести қоллап-қуўатлаў бағдарлары
Киши бизнес хожалық субъектлерин салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған системасының қолланылыўы – мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы бағдарларынан бири.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2005-жыл 20-июньдағы «Микрофирмалар ҳәм киши кәрханаларды раўажландырыўды хошаметлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманында киши бизнестиң мәмлекет экономикасындағы әҳмийети ҳәм үлесин түптен өзгертиў мақсетинде:
2005-жылдың 1-июлинен баслап микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын бирден бир салық, бюджеттен тысқары Пенсия фонды, Республика жол фонды ҳәм Мектеп тәлимин раўажландырыў фондына мәжбүрий ажыратпалар төлеў орнына бирден-бир салық төлеми енгизилди.
Микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар ушын бирден бир салық төлеминиң ставкалары төмендегише белгиленди: аўыл хожалық кәрханалары (бирден-бир салық төлейтуғынлар буған кирмейди) сатылған товарлар (орынланған жумыслар, хызметлер) көлеминдеги салыстырмасы – 6 процент есабында, юридикалық ҳәм физикалық шахсларды тартыў жолы менен массалық исбилерменликти шөлкемлестириўден дәрамат алатуғын, гастрол-концерт хызмети менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған кәрханалар - 30 процент, жеке практика менен шуғылланыўшы нотаруслар, экономиканың барлық тармақлары – 13 процент есабында белгиленди.
Республикамызда киши бизнес субъектлерине берилген салық жеңилликлери:
2014-жыл 1-январьға шекем жаңадан шөлкемлестирилип атырған оңлаў-қурылыс шөлкемлери салықлардың барлық түрлеринен ҳәм айырым мәжбүрий төлемлерден азат етилди.
2012-жыл 1-январьға шекем гөш ҳәм сүт өнимлерин қайта ислеўге қәнигелестирилген микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын:
-
бирден бир салық төлеми ставкасы 50 процентке кемейттирилди;
-
шеттен алып келинетуғын технология үскенелери бажы төлемлеринен азат етилген.
15 түрдеги азық-аўқатлық емес тутыныў товарларын ислеп шығарыўға қәнигелестирилген микрофирма ҳәм киши кәрханалар:
-
пайда салығы, мүлк салығы ҳәм бирден бир салық төлемлеринен;
-
Республика жол фондына мәжбүрий ажыратпалар төлеўден;
-
өндиристе пайдаланылатуғын үскенелерди импорт етиўде бажы төлемлеринен азат етилген.
Жаратылған имканиятлар, исбилерменлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша нәтийжели механизмниң әмелге енгизилгенлиги экономикамызда әҳмийетли орын тутыўшы жеке тараўдың избе-из раўажланыўына жол ашып берди. Исбилерменликтиң раўажланыўы мәмлекетимиздиң өндирислик потенциалының және де артыўына, халқымыздың турмыс дәрежесиниң көтерилиўине хызмет етеди.
Әдебиятлар:
1.Ўзбекистон Республикаси Президентининг «Тадбиркорлик субъектларини текширишларни янада қисқартириш ва улар фаолиятини назорат қилишни ташкил этиш тизимини такомиллаштириш борасидаги қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида»ги 2011 йил 4-апрелдаги фармони.
2.Турсунов Ш. Кичик бизнес ривожини давлат томонидан қўллаб-қувватлаш. Тошкент. ТДИУ, 2005
РЕСПУБЛИКАМЫЗДА ТРАНСПОРТ ТАРАЎЫНДА ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ИЛАЖЛАРЫ
Пирниязова Г., Ережепова Б.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Өзбекстан Республикасында экономикалық реформаларды тереңлестириўдиң ең баслы бағдарларының қатарынан жеке тараў ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў ең баслы орынды ийелеген. Сондай-ақ, исбилерменлик жәмийеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўында ең баслы әҳмийетли екенлигин турмыстың өзи көрсетип, яғный исбилерменликти раўажландырыў бул дәўирдиң талабына айланып бармақта.
Президентимиз быйылғы жылды «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик» жылы деп атаўыңда, себеби жеке исбилерменлер өз хызметлери менен ең зәрүр, баслы машқалаларды шешиўге жәрдемлеседи.
Республикамызда жеке исбилерменлер жаңа социаллық қатлам ҳәм топарлар сыпатында қәлиплеспекте. Республика Президенти И.А.Каримовтың басламасы ҳәм оның тиккелей басшылығында мәмлекетимизде жеке мүликшиликти раўажландырыў ҳәм оның тийкарында халықтың жеке исбилерменлик хызмети менен қоллап-қуўатлаўға қаратылған бир қатар Пәрман ҳәм хүкимет қарарлары қабыл етилди.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде барлық тараўлар сыяқлы автотранспорт тараўында да базар қатнасықлары тереңлесип бармақта. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар нәтийжесинде тараўда, сондай-ақ ҳәр бир түрдеги транспорттың өзине тән қәсийетлерин есапқа алған жағдайда, базар қатнасықларын енгизиўде бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылды. Ҳәзирги ўақытта транспорт хызмет көрсетиў тараўында да бәсеки орталығының пайда болыўы транспорт тараўы арасында жоқары сапалы хызмет көрсетиўди талап етеди.
Халық хожалығының тийкарғы тараўларынан бири болған транспорт тараўларының инфраструктурасын, биринши гезекте автомобиль тараўын раўажландырыўға айрықша дыққат қаратылмақта. Республикамыз ислеп шығарылып атырған автомобиллери менен дүнья базарына танылмақта. Жылына бир неше жүз мыңлаған жеңил автомобиллер ҳәм микроавтобуслар ислеп шығарылмақта. Ислеп шығарылып атырған автомобиллердиң санының өсиўи менен бирге автомобиллерге техник хызмет көрсетиў жумысларыда кең көлемде раўажланбақта, автомобиллерге техник хызмет көрсетиў тараўлары жумысларын жетилистирип, техник хызмет көрсетиўди шөлкемлестирип оны жақсылап, басқарыў системасын жаратып, автомобиллерге техник хызмет көрсетиў тараўларының орынлайтуғын жумысларының сапасын жақсылап, автомобиллерге техник хызмет көрсетиў тараўлары хызметкерлериниң қәнигелигин жетилистирип ҳәм оларды хошаметлеў илажлары әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, автомобиль жолларын раўажландырыў бойыншада республикамызда бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта, яғный республикамыздың барлық регионлары арасында жыл даўамында исенимли транспорт байланысы тәмийинлемекте. Ҳәзирги ўақытта бул жоллардың пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде қоңсы мәмлекетлер шегарасынан өтпестен жолаўшыларды өз мәнзиллерине Аман-есен жеткериў, жүклерди болса өз ўақтында мәнзилллерине жеткериў, бүгинги күнде республикамыз арқалы өтетуғын жүклердиң транзит түрлери сезилерли дәрежеде көбейиўге хызмет етпекте.
Быйылғы жылы республикамыздың жетекши тарўларында өндиристи модернизациялаў, техник ҳәм технологияларды қайта үскенелеў, халық-аралық сапа стандартларына өтиў бойынша түрли мүддетлерге мөлшерленген бағдарламалар ислеп шығылып ҳәм избе-излик пенен әмелге асырылып келинбекте.
2007-жыл 5-декабрьде автомобиль санааты кәрханаларын модернизациялаў дәстүри қабыл етилип, транспорт хызмет көрсетиў ушын қабыл етилген қосымша илажлар менен бир қатарда халық-аралық әҳмийетеги улыўма пайдаланылатуғын 400 километрден аслам автомобиль жолларын модернизациялаў нәзерде тутылмақта.
Соның ишинде, Бейнеў-Бухара-Самарқанд-Ташкент-Андижан жөнелиси бойынша төрт қатарлы халық- аралық автомобиль жолы, сондай-ақ Бухара-Алат ҳәм Самарқанд-Гузар жолларының стратегиялық участкаларын қурыў нәзерде тутылмақта. Соның менен бирге, жергиликли бюджетлер ҳәм республикалық жол қоры қаржылары есабынан жергиликли әхмийеттеги жолларды реконструкциялаў ҳәм капитал ремонт жумысларын алып барыў ўазыйпасы алға қойылмақта. Автотранспорт жолларының сапасы ҳәм заманагөй инфраструктуралық жүклерди тасыў тезлигиниң артыўына мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң өсиўин тәмийинлейди.
Республикамыз халық хожалығының барлық тараўлары ҳәм мәмлекет халқының мүтәжликлерин қанаатландырыў мақсетинде, раўажланған автомобиль транспорт тараўларына ийе. Халық хожалық тараўларындағы исленип атырған барлық жумыслардың 90-95 проценти транспортың үлесине туўра келеди.
Соңғы жылларда экономиканың өсиўи, санаат өндириси, қурылыс ҳәм саўда көлеми ҳәмде халықтың турмыс дәрежесиниң жақсыланып атырғанлығы жүк ҳәм жолаўшы тасыўға болған талаптың муғдары ҳәм сапасы жағынан артып барыўының нәтийжеси болып табылмақта. Экономикалық ҳәм социаллық турмыста жүз берип атырған ҳәр қандай өзгерислер нәтийжесинде жүк ҳәм жолаўшылардың өз мәнзиллерине жеткерилиўи транспорт системасында сәўлеленбекте. Сонлықтанда экономиканы ҳәм оны басқарыўдағы ҳәр қандай өзгерислерге транспорт системасын асырыў, оның раўажланыў нызамшылықларын енгизиў, тек ғана транспорт тараўы ушын емес, экономиканың басқа тараўлары ушында зәрүрли әҳмийетке ийе болып табылады.
Транспорт тараўында жеке исбилерменликти раўажландырыў экономикалық реформаларды тереңлестириўдиң баслы бағдары болып, оның еледе турақлы түрде раўажланыў дәрежесине ерисиўинде жеке исбилерменликти хошаметлеў бойынша алып барылып атырған илажларды әмелге асырыў зәрүр; Бунда:
- исбилерменлерди мәмлекетлик дизимнен өткериўде ең қолайлы механизмлерин енгизиў;
- автомобиллерге техник хызмет көрсетиў тараўларының хызметин жетилистириў;
- кредит қаржыларынан пайдаланыў дәрежесин кеңейтиў;
- қала ҳәм қала әтирапында тендер арқалы жайластырыўға итибарды күшейтиўге, тендерлер өткериў ҳәм жүк, ҳәм жолаўшы тасыў жумысларын тәртипке салыў ушын жеделлик ҳәм талапшаңлықты асырыў шараларын көриў;
- жол транспорт ҳәдийсесиниң алдын алыў бойынша транспорт басқарыўшылары арасында түсиндириў жумысларын алып барыў.
Жоқарыда келтирилип өтилген ең баслы бағдарларды әмелге асырыў жеке исбилерменлик ҳәм жеке тараўдың базар экономикасы жағдайында нәтийжели көрсеткишлерге ерисиўин тәмийинлейди.
Әдебиятлар:
-
Каримов И.А. «Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари».Тошкент – «Узбекистон» 2009
-
Қосимов Г.М. Транспорт корхоналарида менежмент. Тошкент- «Узбекистон» 2001
СТРАТЕГИЯЛЫҚ БАСҚАРЫЎ ЕСАБЫ ҲӘМ ОНЫҢ АНАЛИЗИН ЖЕТИЛИСТИРИЎ
Нурманов Қ.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Базар экономикасы шараятында кәрхананы раўжландырыў, бәсекеге шыдамлылығын тәмийинлеўде стратегиялық басқарыў есабын жолға қойыўды талап етеди
Кәрханаларда стратегиялық басқарыў есабын шөлкемлестириў ҳәм оны раўажландырыў барысында көплеген экономист алымларымыз өзлериниң пикирлерин билдирген
М.Ш. Шарифхўжаевтың пикири бойынша «Стратегиялық басқарыў – бул кәрхананың потенциал мақсети ҳәм имканиятын кадрлар мәпи менен бириктирген халда узақ мүддетли басқарыў усылы болып есапланады. Басқаша айтқанда стратегиялық басқарыў стратегиялық мақсетти әмелге асырыўға бағдарланған басқарыў хызмети болып есапланады».
А.А.Абдуганиев стратегиялың басқарыў есабын шөлкемлестириўдиң экономикалық зәрүрлигине төмендегише анықлама береди:
«кәрханалар экономикасын раўажландырыўдың стратегиясын, тактикасын туўры таңлап алыў үлкен әҳмийетке ийе. Бунда кәрхана экономикасын:
- ислеп шығарыў көлемин кеңейтириў есабына;
- бар ресурслардан нәтийжели пайдаланыўдың есабына;
- өним ислеп шығарыўды диверсификациялаў;
- инвестицияларды жаңа техника ҳәм алдынғы технологияларға қаратқан ҳалда ислеп шығарыў факторларынан нәтийжели пайдаланыў арқалы жетилистириўди белгилеп алыў лазым».
Жоқарыдағы пикирлерди улыўмаластырып, стратегиялық басқарыў есабына төмендегише анықлама бериўимизге болады: «Стратегиялық басқарыў есабы кәрхана потенциалын басқарыў ушын бюджетлестириў, болжаў мақсетинде дүзилген стратегиялық режелер системасынан ибарат болған басқарыў есабының бир бөлеги болып есапланады».
Көплеген кәрханалар ҳәр қыйлы себеплерге байланыслы стратегиялық басқарыў процессин қолланбайды.
Буның себеби төмендегише болыўы мүмкин:
- Басқарма кәрхананың финанслық жағыдайын толық сәўлелендириўши информацияға ийе емес. Бул жағдай есап-китап, информациялық системасының төменлиги себепли болыўы мүмкин;
- көпшилик менеджерлер кәрхана хызметине қарай өзлерин жоқары баҳалайды;
- көпшилик кәрхана баслықлары ҳәзирги жағдайын услап турыўды қәлейди. Олар жаңалыққа умтылмайды, кадрлар тәрепинен инновацияға болған талапты қоллап қуўатламайды;
- айрым баслықлар кәрхананың ҳәзирги режелерин дүзиўди абзал көреди ҳәмде күнделикли ўазыйпалар менен шекленип қойады.
Стратегиялық басқарыў есабының әҳмийетин тереңрек аңлаў оның басқарыў есабы менен айырылатуғын ҳәмде улыўмалық тәреплерин салыстырыўды талап етеди.
Буның үстинде изертлеўлер алып барған алымлардың пикирлерин улыўмаластырып басқарыў есабы ҳәм стратеиялық басқарыў есабы ортасындағы байланысты төмендеги таблица жәрдеминде көрсетип өтемиз.
Достарыңызбен бөлісу: |