Экономика факультети бизнес ҳӘм басқарыў факультети экономиканы раўажландырыўда модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны Мақалалар топламы Экономика илимлериниң кандидаты Б. Мырзаевтың редакторлығында


Басқарыў есабы ҳәм стратегиялық басқарыў



бет22/25
Дата07.03.2016
өлшемі2.54 Mb.
#46366
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25

Басқарыў есабы ҳәм стратегиялық басқарыў

есабы ортасындағы айырмашылықлар


Салыстырыў белгилери

Басқарыў есабы

Стратегиялық басқарыў есабы

Есаптың мақсетине қарай

Кәрхана басқармасының қысқа мүддетли басқарыў қарарларын қабыл етиў ушын зәрүр болған информациялар менен тмийнлеў

Кәрхана басқармасын келешектеги басқарыў қарарларын қабыллаў, стратегиялық режелер дүзиў ушын информациялар менен тәмийнлеў

Есап элементлерине көре


-қәрежетлер есабы ҳәм өзине түсер баҳа калкуляциясы;

-Жуўапкерлик орайлары бойынша есап жүргизиў;

-Жойбарларды анализлеў;

-өнимлерди сатыўдың зыянсызлық орнын анықлаў;

- сегментлар бойынша есап ҳәм есабат.


-бюджетлестириў;

-стратегиялық жобаластырыў;

-қәрежетлерди стратегиялық басқарыў;

-шамалаў ;

-стратегиялық анализ


Есапты шөлкемлестириў дәўирине қарай

Есабат жылында

Узақ мүддетли

Есап мағлыўматлары дереклери ҳәм олардан пайдаланыў шеңберине қарай

Жыллық финанслық есабат формалары, дәслепки ҳүжжетлар ҳәм басқа есабат дәўиринде рәсмийлестирилген ҳүжжетлер

Кәрхананың бир-нешше жыллық финанслық есабатлары, бизнес жоба, ислеп шығарыў дәстүрлери, жойбар ҳүжжетлери ҳәм дәслепки ҳүжжетлер

Сондай-ақ кәрханаларда қәрежетлерди стратегиялық басқарыў олар хызметинде стратегиялық басқарыўдың ийилиўшеңлик тәреплерин енгизиўде ҳәр тәреплеме байланыслы.

Стратегиялық басқарыў есабында ийилиўшеңлик тәреплери төмендеги факторлар арқалы аңлатылады.

1-фактор Егер кәрханада ислеп шығарылып атырған өним көлеми көбейсе, өнимниң өзине түсер баҳасы пәсейеди. Бул жағдай өзлестириўдиң ислеп шығарыў тәсири деп айтылады. Усы коэффициент ислеп шығарылып атырған өнимниң көлеми еки мәрте көбейгенде өнимниң өзине түсер баҳасы неше процентке пәсейиўин көрсетеди. Ислеп шығарыў тәсири кәрхана исшилериниң қәнигелигин жетилистириў қәрежетлери, техникалық қуралларға сарпланған қәрежетлер көлеми ҳәм басқада көрсеткишлерге байланыслы.

2-фактор. Ҳәр бир ислеп шығарылған өним түри өзиниң сатылыў шеңберине қарай белгили сегментке ийе болады. Бунда сегмент проектке кери пропорционал сегмент өниминиң сыпаты менен байланыслы болады.

Сегментти анықлаўда сыртқы факторлар айрықша әҳмиетке ийе болып, олар сегменттиң сыйымлалық белгиси ямаса аралық баҳалардың өзгериўинде көринеди.
Әдебиятлар:

1.Каримов И.А. Елимизди модернизациялаў жолын избе-из даўам еттириў – раўажланыўымыздың әҳмийетли факторы. Еркин Қарақалпақстан. 2010-жыл 9-декабрь

2.Болтабоев М.Р., Қосимова М.С, Эргашходжаева Ш.Ж, Ғойибназаров Б.К., Самадов А.Н, Ходжаев Р. Кичик бизнес ва тодбиркорлик. Тошкент – 2010

КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ ЭКОНОМИКАДА ТУТҚАН ОРНЫ
Қалимбетов Х.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Республикамыздың экономикалық раўажланыўы, экономикалық ғәрезсизлиги, халықтың абадан турмыс дәрежеси, қалаберсе мийнет ресурсларының жумыс пенен бәнтлилик дәрежеси киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўы менен тығыз байланыслы.

Дүнья жүзлик финанслық - экономикалық кризиске қарсы илажлар бағдарламасында экономикалық өсиўди тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын пайда етиў, бәнтлик машқаласын шешиў, халықтың дәраматлары ҳәм материаллық турмыс дәрежесин көтериўде барған сайын әҳмийетли орын ийелеп атырған кищи бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў, хошаметлеў ҳәм қоллап қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды. Әмелге асырылған иләжлар нәтийжесинде киши бизнес субъектлериниң жалпы ишки өнимдеги үлеси 2009 жылда 50 проценттен асты. 2000 жылда бул көрсеткиш 30 процентти қурайтуғын еди. Бундай нәтийже биринши гезекте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап–қуўатланып атырғанлығының нәтийжеси есапланады.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилериенлик хызметиниң кеңейиўи экономиканың басқа тараўларының өндирислик көлеминдеги үлесиниң артыўы арқалы да пайда болды. Атап айтқанда, усы тараўдың санаат өнимлери өндирисиндеги үлеси 2009 жылда 16,9 процентке, аўыл хожалық тараўындағы үлеси 97,9 процентке, тийкарғы капиталға инвестициялар көлеминде 23,7 процентке, пуллы хызметлер көрсетиў көлеминде 48,7 процентке, экспорт көлеминде 14,6 процентке шекем өсти. Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң бундай дәрежеде жедел раўажланыўында ең дәслеп усы тараў ушын белгиленген салық жеңилликлери жетерли дәрежедеги хошаметлеўши роль ойнап атырғанлығы есапланады. Мәселен, бул бағдарда 2009 жылда киши санаат кәрханалары ушын бирден-бир салық төлеми 8 проценттен 7 процентке, 2011 жылда 6 процентке пәсейттирилди.

1996-2010 жыллар аралығында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ушын белгиленген салық ставкалары 38%тен 70% ке шекем, яғный 5,4 есе қысқартылған.

Киши бизнес ҳәм исбилерменлик субъектлерин финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары күшейтирилди. Атап айтқанда, 2009 жыл даўамында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине 1 трлн. 850 млрд. сўмнан зыят кредитлер ажыратылды. Бүгинги күнде мәмлекетимиз киши бизнес тараўына оннан зыят түрдеги 8 мыңға жақын инфраструктура шөлкемлери хызмет көрсетип, хызмет ушын зәрүр болған шараятларды жаратып бермекте.

Мәмлекетимизде келешекте киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын ислеп шыгыў нәзерде тутылмақта.

Өзбекстан Республикасында киши бизнести раўажландырыўдағы бар машқалалардың шешимин табыў ҳәм 2011-2015-жылларға мөлшерленген параметрлерди тәмийинлеў, усы тараўда исбилерменлик активлигин арттырыўдың бағдарларын анықлаў ҳәм олар бойынша ис-илажларды белгилеў талап етиледи. Киши бизнестиң ис илажларын ислеп шығыўда киши бизнести раўажландырыў бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм оны мәмлекетимиз шәраятларына сәйкеслестириў зәрүр.

Сонлықтан да керекли ҳуқықый шәраят жаратыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул биринши гезекте исбилерменликти раўажландырыў ушын қолайлы шараят жаратып бериўши нызамлардың бар екенлиги; яғный исбилерменликти мәмлекет бюрократизминен қорғаў; салық нызамшылығын жетилистириў; Өзбекстан ҳәм шет-ел исбилерменлериниң бирге ислесиўин раўажландырыўдан ибарат.

Буннан көринип турғанындай, жер жүзлик финанслық-экономикалық кризиси шараятында мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў экономикалық өсиўди тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын кәлиплестириў, халық дәраматлары ҳәм турмыс дәрежесин арттырыўдың әҳмийетли факторы сыпатында ҳәрекет етпекте.

Өзбекстан Республикасында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиз И.А.Каримовтың басламасы менен 2011-жыл «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы» деп белгиленди ҳәм бул бойынша нызамлар, қарарлар, пәрманлар ҳәм ҳуқықый норматив ҳүжжетлер қабыл етилди.

Жуўмақлап айтқанда 2011 жылда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине және де кең имканиятлар ҳәм жоқары дәрежеде раўажланыўы ушын шәрт-шараятлар жаратылмақта.
Әдебиятлар

1.Ўзбекистон Республикаси Президентининг «Тадбиркорлик субъектларини текширишларни янада қисқартириш ва улар фаолиятини назорат қилишни ташкил этиш тизимини такомиллаштириш борасидаги қўшимча чора-тадбирлар тўғрисида»ги 2011 йил 4-апрелдаги фармони.

2.Турсунов Ш. Кичик бизнес ривожини давлат томонидан қўллаб-қувватлаш. Тошкент. ТДИУ, 2005
ЭКОНОМИКАНЫ ЛИБЕРАЛЛАСТЫРЫЎ ШАРАЯТЫНДА КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ РОЛИН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ЖОЛЛАРЫ
Бегленов Н.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Базар қатнасықлары жағдайында экономиканы раўажландырыўдың тийкарғы факторларынан бири киши бизнес ҳәм исбилерменлик хызметин раўажландырыў есапланады.

Мәмлекетимизде социаллық бағдарланған базар экономикасын қурыўдың тийкарғы мақсетлеринен бири мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик формаларын раўажландырыўдан ибарат. Бул мақсетти әмелге асырыў ушын экономикалық реформалар өткерилди, оның ролин арттырыў ушын ири институционал тийкарлар жаратылды. Өзбекстанда жеке исбилерменлик ҳәм киши бизнес кәрханаларының комплексин қәлиплестириў нәтийжели әмелге асырылмақта.

Бизиң республикамызда киши кәрханалар саны ҳәм олардың ислеп шығарған өнимлериниң көлеми жылдан-жылға өсип бармақта. Киши кәрханалар Өзбекстан Республикасының «Кәрханалар ҳаққында», «Меншик ҳаққында», «Еркин исбилерменлик хызметиниң кепилликлери ҳаққында»ғы сыяқлы бир қатар нызамлары, Президент пәрманлары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм басқа да норматив ҳүжжетлер тийкарында шөлкемлестирилмекте.

Кризиске қарсы илажлар бағдарламасында экономикалық өсиўди тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын пайда етиў, бәнтлилик машқаласын шешиў, халықтың дәраматлары ҳәм материаллық турмыс дәрежесин көтериўде барған сайын әҳмийетли орын ийелеп атырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыў, хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде киши бизнес субъектлериниң жалпы ишки өнимдеги үлеси 2010 жылда 52,5 проценттен асты. 2000 жылда бул көрсеткиш 30 процентти қураған еди. Бундай нәтийже биринши гезекте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң мәмлекет тәрепинен турақлы қоллап-қуўатланып атырғанлығының нәтийжеси есапланады.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик хызметиниң кеңейиўи экономиканың басқа тараўларының өндирислик көлеминдеги үлесиниң артыўы арқалы да пайда болды. Атап айтқанда, усы тараўдың санаат өнимлери өндирисиндеги үлеси 2008 жылдағы 13,9 проценттен 2009 жылда 16,9 процентке, аўыл хожалық тараўындағы үлеси 97,8 проценттен 97,9 процентке, тийкарғы капиталға инвестициялар көлеминде - 23,1 проценттен 23,7 процентке, пуллы хызметлер көрсетиў көлеминде – 48,5 проценттен 48,7 процентке, экспорт көлеминде – 12,4 проценттен 14,6 процентке шекем өсти.

Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң бундай дәрежеде жедел раўажланыўында ең дәслеп усы тараў ушын белгиленген салық жеңилликлери жетерли дәрежедеги хошаметлеўши роль ойнап атырғанлығы есапланады. Атап айтқанда, бул бағдарда 2010 жылда киши санаат кәрханалары ушын бирден-бир салық төлеми 8 % тен 7 % ке пәсейттирилди, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын болса белгиленген салық муғдары орташа 1.3 есе кемейттирилди.

Алынған мағлыўматлар бойынша 1996-2010 жыллар аралығында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ушын белгиленген салық ставкалары 38 проценттен 7 процентке шекем, яғный 5,4 есе қысқартылған. Ал 2011 жыл ушын белгиленген дәстүрде салық ставкасын 6 процентке түсириў нәзерде тутылған.

Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекет тәрепинен қолайлы шараятлар жаратылғанда ғана әмелге асырыў мүмкин. Оның шөлкемлестирилиўи дәслеп жәмийеттеги мәлим бир жағдайдың жүзеге келиўи менен байланыслы болып, ондағы сиясий ҳәм экономикалық жағдай исбилерменлик хызметиниң шөлкемлестирилиўине бағдарланған болады. Сонлықтанда Өзбекстан Республикасында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша Президентимиз И.А. Каримовтың басламасы менен 2011-жыл «Киши бизнес ҳәм исбилерменлик жылы» деп қабыл етилди ҳәм керекли нызамлар, қарарлар, пәрманлар ҳәм сол сыяқлы ҳуқықый-норматив ҳүжжетлер қабыл етилген болып, олар турмысқа енгизилмекте. Исбилерменлик хызметиниң келешеги исбилерменлик орталығы менен белгиленеди, бул жәмийеттеги социаллық-экономикалық жағдайды сәўлелендиреди. Социаллық-экономикалық жағдайға экономикалық еркинлик, исбилерменлер класы, экономикалық байланысларда базардың үстемлилиги, исбилерменлик капиталын бирлестириў шараятының бар екенлиги ҳәм керек болған ресурсларды ислетиў киреди.

Экономиканың басқа тараўларына қарағанда исбилерменлик хәрекетиниң кең тараўы ҳәм қосымша мийнет орталығы сыпатында кейинги жылларда алдынға жылжыў көрсеткишлерине ерисилди. Ислеп шығарыў ямаса хызмет көрсетиў тараўларында да жоқары көрсеткишлерге ерисип, жалпы аймақлық өнимде де өзиниң сәўлелениўин тапты. Бизге белгили, киши бизнестиң тийкарғы ўазыйпасы, бул халыққа хызмет көрсетиўден ибарат.


Әдебиятлар:

1. И.А.Каримов, Дүнья жүзилик финанслық-экономикалық кризиси, Өзбекстан шараятында оны сапластырыўдың жоллары ҳәм илажлары- Т.: Ўзбекистон, 2009

2. Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримовтың 2010-жылда Мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары ҳәм 2011-жылға мөлшерленген ең әҳмийетли артықмаш бағдарларға бағышланған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәжилисиндеги баянаты, 2011 февраль.

3. Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы мағлыўматлары



1 – таблица.


Қала ҳәм районлар аты

Экономика тараўларында киши бизнестиң үлеси

Жалпы аймақлық өним

Санаат өнимлери

Аўыл хожалығы жалпы өними

Қурылыс жумыслары

Усақлап сатыў айланысы

Халыққа пуллы хызмет көрсетиў

Жәми хызметлер

Жүк тасыў

Жолаўшы тасыў

ҚР бойынша

60,7

18,0

95,6

65,9

43,2

49,6

55,0

53,2

91,6

Әмиўдәря

-

17,4

99,4

70,1

28,1

44,9

62,9

63,9

97,4

Беруний

-

21,7

92,4

68,9

73,6

31,7

56,3

65,8

93,9

Қанлыкөл

-

94,6

100,0

96,8

38,2

39,3

52,5

9,3

71,2

Қараөзек

-

96,0

94,8

83,8

28,1

43,5

56,0

9,5

67,2

Кегейли

-

5,2

92,5

47,6

33,9

34,1

51,6

21,2

77,1

Қоңырат

-

23,4

92,4

37,9

43,7

39,8

31,4

37,8

84,4

Мойнақ

-

0,3

91,1

90,7

27,6

54,5

49,3

47,5

93,7

Нөкис

-

76,1

91,7

79,7

61,8

42,2

47,8

30,7

71,7

Тахтакөпир

-

69,1

91,5

93,0

12,8

37,7

66,9

97,5

56,6

Төрткүл

-

12,2

95,0

73,8

33,7

33,2

49,1

55,8

82,9

Хожели

-

13,5

98,6

85,0

51,4

39,9

60,8

46,1

99,8

Шымбай

-

46,2

93,9

89,3

40,7

39,4

45,8

11,4

81,7

Шоманай

-

88,7

100,0

78,2

45,2

41,4

49,6

9,3

69,6

Елликқала

-

6,9

97,5

87,3

42,0

39,6

42,8

89,1

99,6

Нөкис қ.

-

33,1

100,0

89,2

39,7

59,3

61,4

56,0

97,8

Тахиятас қ.

-

9,5

92,4

6,7

59,3

41,2

35,2

75,3

93,0

Республикада мийнетке қәбилетли халықтың 65,3 проценти аўыллық жерлерде жасайды. Бул аўыллық орынларда исбилерменликтиң раўажланыўы ушын жүдә үлкен имканиятлар бар екенлигин көрсетеди. Соның менен бирге, аўыл хожалық өндирисинде бәнт болған артықша жумыс күшлерин хызмет көрсетиў, қайта ислеў ҳәм сол сыяқлы бағдарларға қайта бөлистириў керек. Аўылда исбилерменликти, оның киши бизнес формаларын раўажландырыў менен байланыслы түрли басқарыў дәрежелеринде шөлкемлестириўшилик-экономикалық мәселелерди шешиў ең баслы мәселелер қатарына киреди.

Бул мақсетлерди әмелге асырыў ушын мәмлекетимиз көлеминде төмендеги мәселелерди шешиў лазым:

- базар экономикасы шараятында ислей алатуғын кадрлар таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;

- аймақларда ҳақыйқый исбилерменлик орталығын жаратыў;

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў;

- киши бизнес ҳәм исбилерменликтиң ҳуқықый базасын беккемлеў;

- киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти технологиялық үскенелер менен тәмийинлеўди қоллап-қуўатлаў;

- реформалар нәтийжелерин реклама ҳәм хабар хызметлери қураллары арқалы кең массаға жеткериў.

Исбилерменлик хызметиниң раўажланыўында салық ҳәм саўда тараўларындағы мәмлекетлик сиясат әҳмийетли роль ойнайды. Изертлеўлердиң көрсетиўинше усы тараўдағы шеклеўлер киши бизнестиң раўажланыўындағы бир қатар машқалалардың жүзеге келиўине себеп болады. Сораў өткерилген исбилерменлердиң 75 проценти финанс-кредит, 69 проценти материаллық-техникалық ресурслар менен саўда ислеўди жақсылаў зәрүрлиги ҳаққында пикир билдирген. Сонлықтан реформалардың ҳәзирги басқышында бул тараўларда исбилерменликке тосқынлық етип атырған факторларды анализлеў ҳәм оларды базар талаплары шеңберинде баҳалаў айрықша әҳмийетке ийе.


Әдебиятлар

1. И.А.Каримов. Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари Т «Узбекистон» - 2009 й

2. И.А.Каримов. Узбекистон Республикаси Конституцияси қабул қилинганлигининг 18-йиллигига бағишланган йиғилишида сузлаган маьрузаси 2010 йил 7-декабрь
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА КОММЕРЦИЯЛЫҚ БАНКЛЕРДИҢ РОЛИ
Исмаилов Б.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Базар қатнасықларына өтиўдиң ең әҳмийетли шәртлеринен бири «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик»ти раўажландырыў болып есапланады.

Албетте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыў өз гезегинде оларды финанслық қоллап-қуўатлаў жагдайларына байланыслы болады.

Республикамызда 2004-2005 жылларда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўдың регионал дәстүри ислеп шығылды. Усы ислеп шығылған илажлардан бири киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин кредитлестириўди жақсылаў болып есапланады.

Киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, ислеп-шығарыўды кеңейтиўди кредитлер жолы менен қоллап-қуўатлаў мақсетине айрықша итибар берилмекте.

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2011 жылды “Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” деп жәриялаўы елимиз исбилерменлери тәрепинен үлкен көтериңкилик жагдайында қабыл етилди. Бул барыста банк системасының роли де елеўли. Быйылғы “Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылын” да кредит ажыратыў көлемин өткен жылға салыстырганда 1,3 есеге асырыў козде тутылмақта.

Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Басқарыўы тәрепинен “2011 жылда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлерге кредитлер ажыратыў көлемин кеңейттириў, банк хызметлерин көрсетиў, сапасын жәнеде жақсылаў мақсетинде әмелге асырылыўы лазым болған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди ҳәм бул бойынша “Банклер – исбилерменлердиң ғамқоршысы ҳәм исенимли таянышы!” деген сүрени қабыл етилди.

Усы сүрен астында республикамыз территориясындағы барлық коммерциялық банклерде ҳәм олардың филиалларында исбилерменлерге жақыннан мәсләҳәтлер бериў бойынша “Исбилерменлер ханалары” шөлкемлестирилди.

Исбилерменлер ханасы заманагөй компюьтер, принтер, телефон ҳәм тағыда басқа банктиң мүмкиншилигинен келип шыққан ҳалда техникалық үскенелер менен тәмийинленди.

Сондай-ак, усы шөлкемлестирилген ханалардағы “Исбилерменлер мүйеши” Ҳүкиметимиз тәрепинен қабыл етилген банк кредитлерине тийисли ҳәмде усынылып атырған жаңа банк хызметлери ҳаққында барлық мағлыўматлар менен тәмийинленген.

Соны да айтып өтиўимиз керек, коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер ажыратылғанда оларға қойылатуғын үстеме пайызлар исбилерменлер ушын үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады.

Ислеп шығарыўшыларды кредитлеўди хошаметлеў мақсетинде 2011 жылдан баслап, Орайлық банк тәрепинен қайта қаржыландырыў ставкасы 14 пайыздан 12 пайызға түсирилди.

Ажыратылыўы белгиленген кредитлер тийкарынан:

1. Өним ислеп шығарыўшы кәрханаларды кеңейттириў ҳәм жаңа өндирис қуўатларын иске түсириў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти финанслық қоллап-қуўатлаў арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыўға;

2. Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети тәрепинен тастыйықланған санаат потенциалын асырыў, үмитсиз кәрханаларды өзгертиў, финанслық тәрептен саўалландырыў ямаса жабыў бойынша жергиликли Дәстүрге киргизилген жойбарларға;

- азық-аўқатлық емес ҳәм азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханаларды иске түсириў;

- теплицалар, қусшылық, пал ҳәррешилик ҳәм балықшылық хожалықларын шөлкемлестириў;

- мийўе-овощь, жүзимшилик палыз өнимлери ҳәм картошка жетистириўди раўажландырыў;

- шарўашылықты раўажландырыў, гөш-сүт өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейттириў;

- киши бизнес субъектлери жумысларын кеңейттириў ҳәм раўажландырыў мәселелери инабатқа алыныў зәрүрлиги;

3. Кәсип-өнер коллежлери питириўшилерин киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик салаларына тартыў, олардың өз бизнеслерин жолға қойыўлары ушын 2011-жылда жеңиллетилген микрокредитлер ажыратылыўы;

4. Хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўын раўажландырыў, аўыл хожалық өнимлерин қайта ислеў, шаңарақ исбилерменлигин ҳәм өнерментшиликти раўажландырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине басланғыш ҳәм айланба капиталды толтырыў ушын кредитлер ажыратыў, ҳаял-қызларды исбилерменлик жумысларына тартыўды кеңейттириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў менен байланыслы жойбарлардың үстинлик рәўиште қаржыландырылыўының тәмийинлениўи;

5. Узақ ҳәм барыўы қыйын болған орынларда жайласқан, сондай-ақ артықша мийнет ресурсларына ийе болған район ҳәм қалаларда жайласқан киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине, дийхан ҳәм фермер хожалықларына үстинлик рәўиште коммерциялық банклердиң жеңиллетилген кредитлеў Фонды қаржылары есабынан кредитлеў көлемлерин кеңейтириў;

6. Исбилерменлик субъектлери, фермер ҳәм дийхан хожалықларына “Агро Минитех Экспо” көргизбе саўдалары шеңберинде мини-технологиялар ҳәм ықшам үскенелер сатып алыўы бойынша дүзилген шәртнамаларға тийкарланып кредитлер ажыратыў ҳәм лизинг хызметлерин көрсетиў.

Қаракалпақстан Республикасы коммерциялық банклер тарепинен киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде 2010 жылда 105964 млн сум мугдарында кредитлер ажыратылып белгиленген реже 111,6 пайызға орынланған ҳәм ол 2009 жылға салыстырғанда 139,8 пайызды қурады. Оннан коммерциялық банклердиң өзлериниң қаржылары есабынан 105057,4 млн сум кредитлер берилди. Буннан тысқары бюджеттен тыскары жамғармалар есабынан 907,3 млн сумды қурады. Сондай-ақ қысқа мүддетли кредитлер есабынан 52437,6 млн сум ҳәм узақ мүддетли кредитлер есабынан 53527,1 млн сум кредитлер ажыратылды. Соннан ислеп шығарыў ҳәм қайта үскенелеўге 12881,2 млн сум, хызметлер тараўына 23916,2 млн сум, айланба қәрежетлер толтырыў есабынан ҳәм товар материаллық байлықлар сатып алыўға 29621,7 млн сум ҳәм бакаларға 10953,3 млн сум мугдарында кредитлер берилди. Республика экономикасындағы жәми жумыс пенен бәнт болғанлар ишинде киши бизнестиң үлеси 71,2 пайызды қурады.

Республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўда ерисилген жетискенликлер менен бир қатарда, айырым машқалаларда ушырасады. Олардан тийкарғы машкалалар ретинде финанслық, материаллық-техникалық ресурслардағы қыйыншылықлар, базар катнасықлары жағдайында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң нормал ҳәрекетин шөлкемлестириўге уқыплы болған кадрлардың жетиспеўшилиги, шет ел инвестицияларын тартыў бойынша жойбарлар ислеп шығыў жумысларын алып барыўдағы тәжрийбелердиң жетиспеўшилигин айтыўға болады.



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   25




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет