Әдебиятлар
1.Каримов И.А. Ўзбекистон буюк келажак сари – Т., Ўзбекистон, 1998. 205-бет.
2. Вахобов А. В. Солиқлар ва солиққа тортиш. Олий уқув юртлари талабалари учун дарслик. Тошкент Молия инс-ти, -Тошкент.: Шарқ, 2009. 448б.
3.Хайдаров Н. Солиқлар ва солиққа тортиш масалалари. Ӯқув қулланба. Т.: Академия, 2007
ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ АРНАЎЛЫ БИЛИМГЕ ИЙЕ БОЛЫЎЫНЫҢ ӘҲМИЙЕТИ
Айтмуратова У.Ж., Даниярова И.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Базар қатнасықлары, жеке мүлк ҳәм исбилерменлик түсиниклери бир-бири менен тығыз байланыслы. Мәмлекетте жеке мүлкке тийкарланған базар қатнасықларының ҳәм исбилерменликтиң раўажланыўы жәмийетте социаллық-экономикалық қатнасықларды басқарыў системасында демократикалық принциплерге әмел қылынғанлығы болып табылады.
Республикамызда базар экономикасына өтиў инсан мәплерине, талапларына жуўап береди. Буның тийкарғы мақсети социаллық-экономикалық бағдарды күшейтиў, өндиристи тутыныўшылар талаплары тийкарында шөлкемлестириў ҳәмде пухаралар еркинлигине кең жол ашып бериў, олардың бар болған имканиятлардан толық пайдаланыў, жоқары өним, шөлкемлестириўшилик тийкарында исбилерменлик хызметин алып барыўын тәмийинлеў болып табылады.
Ғәрессизликтиң дәслепки жылларынан баслап-ақ мәмлекетимиз басшысы республикамыздың келешеги, халықтың турмыс дәрежесин көтериў, улыўма экономикалық тараўдағы жетискенликлеримиз ушын киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик зәрүрли орын тутыўын тәкирар-тәкирар айтып өткен еди.
Жәҳәндеги раўажланған мәмлекетлер тәжрийбеси бизнес, исбилерменлик экономиканы раўажландырыўда ҳақыйқый ҳәрекетке келтириўши күш екенлигин дәлилледи.
Ең алды менен, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик базарды тутыныў товарлары менен толтырыўда ҳәм халыққа хызмет көрсетиўде әҳмийетли орын тутады. Сондай-ақ, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў киши бизнес кәрханаларының жаңа түрлерин пайда пайда етиў, оларды басқарыў усылларын жетилистириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, бәнтлик дәрежесин арттырыў, тутыныўшылардың өсип, өзгерип баратырған талапларын итибарға алыўға алып келеди.
Соның ушын экономиканың раўажланыўының ҳәзирги басқышында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик саласындағы бар болған кең имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.
Исбилерменлик пенен шуғылланыў мәмлекетимиз пуқараларының ең тийкарғы конституциялық ҳуқықларының бири, бул ҳуқықлардың жүзеге шығарылыўына мәмлекетимиз ҳәр тәреплеме көмеклеседи, олардың ҳуқуқларын нызам менен кепиллейди.
Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылған үзликсиз шара-илажлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген исбилерменликти раўажландырыў ҳәм олардың искерлигин ҳуқықый жақтан қорғаўға қаратылған қатар пәрман ҳәм қарарлар бул жолда қойылған ўазыйпаларды толық әмелге асырыўда ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.
Киши бизнес ийелери ҳәм жеке исбилерменлер өзлериниң жеке капиталына ҳәм кредит ресурсларына тийкарланып экономикалық өсиўди тәмийинлей алады. Бирақ, бул салада өз искерлигин басламақшы болған шахс, әлбетте, мүлк ийеси болыўы шәрт емес. Ол өзиниң исбилерменлик қәбилети, мийнетсүйгишлиги, истиң көзин билиўи, билимданлығы менен жүдә үлкен жетискенликлерге ерисиўи мүмкин.
Соны да айтып өтиў керек, исбилерменлер алдына қойған жоқары мақсетлерге ерисиўде бир қатар машқалаларға да дус келмекте. Бул әсиресе, жаңа искерликти базар нызамлықлары дәрежесинде толық аңламаслық, бизнести шөлкемлестириў, режелестириў ҳәм басқарыўда бай тәжрийбеге ийе емеслигинде анық көзге тасланбақта.
Тәбийий, исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған шахслардан жоқары қәбилет, ақыл, зейин, тәўекелшилик, сезгирлик, мәмлекетке, халыққа ҳүрмет сыяқлы инсаныйлық пәзийлетлер ҳәм сөйлеў мәденияты да талап етиледи.
Өз нәўбетинде исбилермен өз хызметин жүритиўде нызамлар шеңберинде ислеўи ҳәм буның ушын олардың ҳуқықый саўатлылығын асырыў керек. Бунда исбилермен өз ҳуқықларын билиўи ҳәм оның бузылыўына жол қоймаўы тийис.
Айырым жағдайларда киши ҳәм орта кәрқаналар өз хызметинде көплеп қыйыншылықларға дус келмекте. Буған ең алды менен айрым исбилерменлердиң өзи тәжрийбе тәрепинен заманагөй талапларға жуўап бере алмаслығы, олардың ҳуқықый мәденият ҳәм экономика тийкарларын пухта билмеўи, бизнес режени туўры ислеп шыға алмаўы, есап-китапты туўры жүритиў, хожалық шәртнамаларын дүзиўде тәжрийбе ҳәм билимниң жетиспеўшилиги де себеп болмақта.
Усындай жағдайлар, көбинесе түрли майда ҳуқықбузарлықларды келтирип шығарып атыр ҳәм бул ҳуқықты қорғаў ҳәмде қадағалаў органларының айырым хызметкерлерине қол келип атырғанлығы көпшиликке белгили.
Буның нәтийжесинде олар исбилерменлерге, әсиресе, өз хызметин енди ғана баслап атырғанларға бийғарез жәрдем бериў, қоллап-қуўатлаў, өз ўақтында мәсләҳәт бериў, әне сондай ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўдың орнына, жағдайларды жасалма түрде бөрттирип көрсетип, парахорлық жолына өтеди.
Бундай жағдайларды сапластырыў ушын зәрүр экономикалық ҳәм юридикалық түсиниклерди профессионал дәрежеде ийелеген, хожалық хызмети нормаларын пухта билетуғын исбилерменлик тараўы шөлкемлестириўшилерин, микрофирмалар, кәрханалар, фермер хожалықларының болажақ басшыларын тарлаўды кең жолға қойыў керек.
Дурыс, исбилерменлик хызметин баслаў ушын зәрүрли ең тийкарғы факторлардың бири исбилерменлик қәбилети болып табылады. Алымлардың есап-китаплары бойынша да, дүнядағы адамлардың 15-25 проценти исбилерменлик саласында жоқары дәрежеде пикирлеў ҳәм ҳәрекет етиў қәбилетине ийе болады екен. Бирақ соны да айтып өтиў керек, исбилерменлик арнаўлы таярлықты да талап етеди.
Бундай қәнийгеликти питкериўшилери экономикалық, жеке исбилерменлик, кредит ҳәм салық тараўларында юридикалық тәрептен зәрүр билимлерге ийе болыўы, компьютер технологиясын толық ийелеўи, ҳәтте, заманагөй Интернет тармағынан пайдалана алыўы зәрүр.
Өз-өзинен сораў туўылады, бүгинги күнде киши бизнес ушын басқарыўшылар таярлаў менен ким шуғылланып атыр? Ким шөлкемлестириўши исбилерменлер таярлап атыр? Бул тараў ушын профессионал дәрежеде таярланған қәнийгелерге болған талапты жоқары оқыў орынларының өзи қанаатландыра аладыма? Сондай-ақ, буның ушын 4 жыл оқыў шәртпе?
Бул сораўларға жуўап табыў ушын исбилерменлик тараўында тәжрийбели, профессионал дәрежедеги қәнийгелерди таярлаўда республикамызда әмелге асырылып атырған бир қатар ис-илажлар, олардың нәтийжелеринен жуўмақ шығарыў керек болады.
Соңғы жылларда исбилерменликти жәнеде раўажландырыў ушын ҳуқықый база беккемленбекте, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик пенен шуғылланыўшы пуқаралардың, сондай-ақ, бул тараўда өзин сынап көриўди қәлеўши, өз бизнесин басламақшы болған жаслардың билим дәрежесин, қәнийгелигин асырыў ушын ҳүкимет тәрепинен тийисли шара-илажлар белгиленбекте. Исбилерменликтиң ҳәр қыйлы бағдарларында кредитлер алыў ушын нызамшылық базасы жаратылып атырған болып, булардың барлығы республикамыз пуқараларының турмыс дәрежесин асырыўға хызмет етиўи сөзсиз.
Раўажланып атырған мәмлекетлер қатарында киятырған бизиң мәмлекетимиздиң буннан былайда ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын өзиниң жаңа идеялары, заман талапларына жуўап беретуғын жойбарлары менен үлес қосыўды қәлеўши жасларға алдына қойған мақсетлерин әмелге асырыўда көплеген имканиятлар жаратылған.
Егер бүгинги күн жасларында қандайда бир жаңа бизнес идея болса, оны әмелге асырыўды қәлесе, бирақ оларда жетерли дәрежеде билим ҳәм қаржы болмаса, бундай машқалалардың шешими республикамызда бул жолда жаслар ушын жаратылып атырған кең имканиятлардан туўры пайдаланыўда.
Исбилерменлик тараўында хызмет етиўши яки бул тараўда өз искерлигин басламақшы болған жас исбилерменлер ушын өз билимин асырыў ушын арнаўлы курслар, мектеплер шөлкемлестирилген болып, бул жерде олар өзлериниң бар билимин еледе асырыўы, тәжрийбе топлаўы, бизнес реже дүзиў жолларын үйрениўи, оларды раўажландырып барып әмелге асырыў ушын жол-жорық, мәсләҳәт алыўы да мүмкин.
Бундай имканиятларды көплеп келтирип өтиў мүмкин. Бирақ жаслардың арасында келешекте өзиниң исбилерменлик хызметин басламақшы, буның ушын терең билим алыўды, ҳәр тәреплеме билимге, тәжрийбеге ийе болыўды, бул искерликтиң барлық сырларын үйрениўди қәлеўши, буны әмелге асырыўды өз алдына үлкен мақсет етип қойған жаслар көплеп табылады. Буның ушын, әлбетте, жоқары оқыў орнында 4 жыл даўамында өз билимин асырып барыўы керек. Сонда ғана келешекте исбилерменлик тараўында хызмет етип, халықтың талапларын қанаатландыра алатуғын өнимлерди ислеп шығарыўға, бул арқалы өз искерлигин күшейттириў менен бирге мәмлекеттиң раўажланыўына үлкен үлес қоса алатуғын жетик қәнийге болып жетилиседи деп ойлайман.
O’ZBEKSTANDA KISHI BIZNESTI SHO’LKEMLESTIRIW HA’M RAWAJLANDIRIW
Erejepova B., Baymuratova M.
Qaraqalpaq ma’mleketlik universiteti
O’zbekstan Respublikasi 1991-jılı o’z g’a’rezsizligine eriskennen berli bazar ekonomikasinin’ tiykarlarin jaраты7g’a u’lken itibar qaratılmaqta. Bul da’wir ekonomikanı erkinlestiriw ha’m turaqlastiriw bas waziypa etip belgileniwi, oni a’melge asiriwdin’ ma’mleket ta’repinen arnawli mexanizmi jaratiliwi, onin’ a’hmiyetli jollarinan biri sipatinda erkin isbilermenlikke ken’ jol aship beriliwi menen xarakterlenedi. Bul bag’darda g’a’rezsizligimizdin’ da’slepki basqishinan baslap-aq og’ada a’hmiyetli nizamlar ha’m normativ hu’jjetler qabil etildi. Bular qatarina Puqaraliq, Jer, Saliq ha’m Bajixana Kodeksleri, “Ma’mleket iyeliginen shig’ariw ha’m menshiklestiriw haqqinda”, “Bankler ha’m bank jumisi haqqinda”g’i nizamlardi kiritiw mu’mkin. Ja’nede respublikamizda kishi biznes ha’m jeke isbilermenlikti rawajlandiriw boyinsha da birqansha a’hmiyetli isler alip barilmaqta. Bug’an 2011-jil Prezidentimiz ta’repinen “ Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlikti rawajlandiriw jili” dep ataliwi ayqin misal bola aladi.
O’zbekstan Respublikasinda kishi biznesti sho’lkemlestiriw ushin birqansha qolayliqlar jaratilg’an. Respublikamizda kishi biznesti sho’lkemlestiriw ushin en’ birinshi na’wbette isbilermenlik subiektlerin ma’mleket diziminen o’tkiziw, esapqa qoyiw ha’m isbilermenlik ju’ritiw ushin ruxsat beriwshi hu’jjetlerdi ra’smiylestiriw za’ru’r. Isbilermenlik subiektlerin ma’mleketlik dizimnen o’tkiziw ta’rtibi O’zbekstan Respublikasi Ministrler Ken’esinin’ 2003-jil 20-avgusttag’i “Isbilermenlik ju’rgiziwdi sho’lkemlestiriw ushin dizimnen o’tkiziw ta’rtipleri sistemasin tu’pten jetilistiriw haqqinda”g’i 357-sanli qarari ha’m usi qarar menen tastiyiqlang’an “Isbilermenlik subiektlerin ma’mleket diziminen o’tkiziw, esapqa qoyiw ha’m ruxsat beriwshi hu’jjetlerdi ra’smiylestiriw ta’rtibi haqqindag’i nizam”g’a muwapiq a’melge asiriladi. Bul qararda barliq kelisip aliw ta’rtipleri isbilermenlik subiektlerin a’meldegi nizam hu’jjetlerine boysing’an halda dizimnen o’tkizetug’in tek g’ana bir mekeme shen’berinde a’melge asiriliwi belgilep berilgen.
Ka’rxanalar ha’m mekemelerdin’ Jalg’iz ma’mleket registri orinlardag’i statistika organlari ta’repinen toltirilatug’in dizimnen o’tkiziw kartalari tiykarinda O’zbekstan Respublikasi Ma’mleket Statistika Komiteti ta’repinen ju’rgiziledi.
Isbilermenlik subiekti ma’mleket diziminen o’tkizilgenligi ushin ma’mleket baji ya’ki dizimnen o’tkiziw jiyimi to’lenedi. O’zbekstan Respublikasi A’dillik Ministrliginde, Qaraqalpaqstan Respublikasi A’dillik Ministrliginde ha’m wa’layatlar a’dillik basqarmalarinda ma’mleketlik dizimnen o’tkizilgenligi ushin:
-shet el investitsiyalari qatnasiwindag’I ka’rxanalar ushin – en’ kem ayliq is haqinin’ bes esesi, yag’niy, 500 AQSH dollari;
-ustav fondi toliq shet el investorlari ta’repinen qa’liplestirilgen shet el investitsiyalar qatnasiwindag’I ka’rxanalar ushin – 2000 AQSH dollari mug’darinda ma’mleket bajisi to’lenedi.
Isbilermenlik subiektlerin ma’mleketlik dizimnen o’tkizilgenligi ushin Inspektsiyalarda dizimnen o’tkiziw jiyimi o’ndiriledi, olardin’ stavkalari ma’mleket ha’kimiyati Qaraqalpaqstan Respublikasi, wa’layatlar ha’m Tashkent qalasinin’ ma’mleket ha’kimiyati wa’kil organlari ta’repinen belgilenedi. Dizimnen o’tkiziw jiyimlarinin’ sheklengen stavkalari ha’r jili O’zbekstan Respublikasi Ministrler Ken’esinin’ qarari menen belgilenedi.
Aldin dizimnen o’tkizilgen (ruxsat beriwshi hu’jjetlerdi ra’smiylestirgen halda ya’ki ra’smiylestirmey), sonin’ menen birge, O’zbekstan Respublikasi A’dillik Ministrliginde, Qaraqalpaqstan Respublikasi A’dillik Ministrligi, wa’layatlar a’dillik basqarmalarinda dizimnen o’tkizilgen isbilermenlik subiektleri de Inspektsiyag’a ruxsat beriwshi hu’jjetlerdi ra’smiylestiriw ushin xabarlasiwlari mu’mkin. Bunday jag’dayda dizimnen o’tkiziw jiyimi o’ndirilmeydi.
Inspektsiya ta’repinen ruxsat beriwshi hu’jjetler ra’smiylestirilgende tiyisli ruxsat beriwshi hu’jjetler berilgenligi ushin wa’killikli organlar xizmetlerine haq to’lew tek g’ana Inspektsiya arqali a’melge asiriladi.
Dunyanin’ barliq ma’mleketlerinde kishi biznesti sho’lkemlestiriw maqsetleri ha’m is ko’rsetiw tiykarinda derlik birdey mazmung’a ha’m a’hmiyetke iye. Biraq tu’rli ma’mleketlerdin’ ekonomikasinin’ rawajlang’anliq da’rejesi ha’m o’zine say sha’rayatlarinan kelip shiqqan halda olardag’i kishi biznes subiektlerin aniqlaw ha’r tu’rli boladi. Bunda tiykarinan kishi biznes ju’rgiziwdi bahalaw ko’rsetkishlerinen paydalaniladi.
O’zbekstan Respublikasinda jeke ta’rtiptegi isbilermen; mikrofirmalar: islep shig’ariw tarmaqlarinda 20 adamg’a shekem; xizmet ko’rsetiw tarawinin’ basqa tarawlarinda 10 adamg’a shekem; ko’tere, usaqlap satiw ha’m uliwma awqatlaniwtarawinda 5 adamg’a shekem;
Kishi ka’rxanalar: jen’il ha’m aziq awqat sanaati, metallg’a islew beriw ha’m a’sbapsazliq, ag’ashti qayta islew, mebel sanaati ha’m qurilis materiallari sanaatinda 100 adamg’a shekem; mashinasazliq, metallurgiya, janilg’I energetika ha’m ximiya sanaati, awil xojalig’I o’nimlerin jetistiriw ha’m qayta islew, qurilis ha’mde basqa sanaat islep shig’ariw tarawlarinda 50 adamg’a shekem; pa’n, ilimiy xizmet ko’rsetiw, transport, baylanis, xizmet ko’rsetiw tarawi (qamsizlandiriw kompaniyalarinan tisqari), sawda ha’m uliwma awqatlaniw ha’mde islep shig’ariwg’a baylanisli bolmag’an basqa tarawlarda 25 adamg’a shekem.
Bankrotqa qarsi ilajlar da’stu’ri shen’berinde ekonomikaliq o’siwdi ta’miynlew, jan’a is orinlarin sho’lkemlestiriw, ba’ntlik mashqalasin sheshiw, xaliqtin’ da’ramatlarin asiriwda ku’n sayin a’hmiyetli orin tutip atirg’an kishi biznes ha’m jeke isbilermenlikti tez pa’t penen rawajlandiriw ha’m qollap-quwatlawg’a ayriqsha itibar qaratilmaqta.
A’melge asirilg’an ilajlar na’tiyjesinde kishi biznes subiektlerinin’jalpi ishki o’nimdegi u’lesi 2009-jilda 50%ten asti, 2010-jilda bul ko’rsetkish 53%ti quradi. Bul ko’rsetkish 2000-jilda 31% edi. Bunday na’tiyje en’ birinshi na’wbette kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik ma’mleket ta’repinen qollap-quwtlanip atirg’anlig’inin’ belgisi.
Ma’mleketimizde kishi biznes ha’m jeke isbilermenliktin’ bunday tez pa’t penen rawajlaniwinda bul taraw ushin saliq imtiyazlarinin’ jeterli da’rejede ekenligi bolip esaplanadi. Ma’selen 2009-jilda kishi sanaat ka’rxanalari ushin birden-bir saliq to’lemi 8%ten 7%ke tu’sirildi, jeke isbilermenler ushin bolsa bul saliq mug’dari 1,3 ese kemeytirildi.
1996-2010 jillar dawaminda kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik ushin belgilengen saliq stavkalari 38%ten 7%ke yag’niy 5,4 ese qisqardi.
Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik tarawina jumsalg’an kreditler mug’dari 2001-2009 jillar dawaminda derlik 11 ese o’sti. Bu’gingi ku’nde ma’mleketimiz kishi biznes tarawina onnan artiq tu’rdegi 8 min’g’a jaqin infrastruktura sholkemleri xizmet ko’rsetip, is ju’ritiw ushin za’ru’r sha’rayatlardi jaratip bermekte.
Bugungi kunde mamleketimizde kishi biznesti sholkemlestiriw ham rawajlandiriw ushin qolaili sharayatlar jaratilgan. Bul sharayatlardin ayirimlarin tomendegi kestede korsetiwimizge boladi.
Isbilermenlik ha’reketin sho’lkemlestiriwde ruxsat beriw protseslerinin’ qisqartiliwi ha’m to’lemlerdin’ optimallastiriliwi
Ruxsat beriw menen baylanisli protsesler tu’rleri
|
To’lem mug’dari
|
To’lem mug’darinin’ qisqariwi protsentte
|
Aldin a’melde bolg’an
|
Jan’adan kirgizilgen
|
En’ kem is haqi mug’dari boyinsha
|
Sumda*
|
En’ kem is haqi mug’dari boyinsha
|
Sumda*
|
Isbilermenlik subiektlerin ma’mleket diziminen o’tkiziw
|
5
|
140200
|
2
|
56080
|
- 60
|
Bankte esap betin ashiw
|
1
|
28040
|
0,5
|
14020
|
- 50
|
Arxitektura-rejelestiriw tapsirmalarin islep shig’iw
|
40
|
1120000
|
10
|
280400
|
- 75
|
Jer uchastkasin ra’smiylestiriw
|
-
|
130000
|
-
|
58000
|
- 56
|
Ekologiyaliq eksperetiza
|
25
|
701400
|
1
|
28040
|
- 96
|
Proekt-smeta hu’jjetlerin ekspertiza qiliw
|
10
|
280400
|
3
|
84120
|
- 70
|
Qurilis dawaminda tekseriw-orinlaniw siemkalarin o’tkiziw
|
5
|
140200
|
3
|
84120
|
- 40
|
Normativler proetlerinin’ ekologiyaliq ekspertizasin o’tkiziw
|
75
|
2103000
|
1
|
28040
|
- 98,7
|
Gigienaliq sertifikatlar aliw
|
10
|
280 400
|
3
|
84 120
|
- 70
|
Ja’mi to’lemler summasi (litsenziya ha’m ruxsatnamalarsiz)
|
-
|
5037660
|
-
|
830960
|
- 83,5
|
* Tu’sindirme: en’ kem is haqi mug’dari to’lemlerin qisqartiwg’a baylanisli hu’jjetler qabil etilgen da’wirden aling’an.
Biz bul jetiskenliklerge eriskenimizden maqtanish sezimine berilip, qa’terjamliq ha’m arqayinliqqa berilmewimiz, ja’nede alg’a ilgerilewge ha’reket etiwimiz, umtiliwimiz za’ru’r.
Kishi biznesti qollap-quwatlaw bag’darlari:
- Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik subiektlerin sho’lkemlestiriw jollarin a’piwayilastiriw;
- Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik subiektleri ushin ko’birek erkinlikler beriw;
- Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik sektorin kreditlew;
- Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik subiektlerdin’ resurslardan paydalaniw imkaniyatlarin ken’eytiw;
- Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik subiektleri ta’repinen ma’mleket buyirtpalarin aliw;
-Isbilermenlik subiektleri islep shig’arip atirg’an o’nimlerin satiw ushin imtiyazlar beriw;
-Finans ha’m statistika esabatlari sistemasin ja’nede a’piwayilastiriw;
-Xaliq araliq a’meliyatqa muwapiq da’ramatlardin’ jilliq deklaratsiyasi formasina basqishpa-basqish o’tiw;
-Esabatlardi wa’killikli ma’mleket organlarina electron formada usiniw.
Paydalanilg’an a’debiyatlar:
-
Karimov I.A. Jahon moliyaviy-iqtisodiy inqirozi. O’zbekiston sharoitida uni bartaraf etishning yo’llari va choralari. O’zbekiston, 2009 .
-
Karimov I.A. Mamleketimizde demokratiyaliq reformalardi ja’nede teren’lestiriw ha’m puqaraliq ja’miyetin rawajlandiriw kontseptsiyasi, “Erkin Qaraqalpaqstan” 2010-jil 13-noyabr
-
A.Abdullaev, Q.Muftaydinov, X.Aybeshov Kichik biznes va uni boshqarish. Tashkent “Moliya” 2003-jil
-
Egamberdiev, Xo’jaqulov Kichik biznes va tadbirkorlik
ҚОРАҚАЛПОҒИСТОН РЕСПУБЛИКАСИДА КИЧИК БИЗНЕС ВА ХУСУСИЙ ТАДБИРКОРЛИКНИ РИВОЖЛАНТИРИШ МУАММОЛАРИ
Бегжанов А.
Қорақалпоқ ДавлатУниверситети
Қорақалпоғистон Республикасида 2010 йил якунида, Ўзбекистон Республикаси Президенти қарорлари, Фармонлари ва Ҳукумати қарорлари асосида барча тармоқларда иқтисодий ислоҳотлар кетма-кетлик билан амалга оширилди. Давлат Дастурларининг бажарилишига, хусусий секторни ривожлантиришга, аҳолини ижтимоий ҳимоя қилишга, шаҳар ва аҳоли пунктларини ободонлаштиришга катта эътибор қаратилди.
Республикада ялпи ҳудудий маҳсулот ҳажми 1389,8 млрд.сўмни ташкил этиб,
2009 йилга нисбатан 10,0 фоизга ўсган. Иқтисодий ўсишга эришишнинг асосий факторлари – бу саноат маҳсулотларини ишлаб чиқаришнинг қўшимча қиймат ҳажми 9,4 фоизга, пудрат ишлари ҳажми 16,7 фоизга, ялпи қишлоқ хўжалиги маҳсулоти ҳажми 7,0 фоизга, транспорт ва алоқа хизмати ҳажми 11,9 фоизга, савдо ва умумий овқатланиш ҳажми 19,7 фоизга ўсиши ҳисобидан таъминланди.
2010 йилда рўйхатга олинган кичик бизнес субъектларининг сони 8967 тани, шундан фаолият кўрсатаётганлари 7463 тани ташкил қилиб, ўтган йилга нисбатан
328 тага ошган. Уларнинг жами руйхатдан ўтган субъектлардаги улуши 83,2 фоизни ташкил этган.
Фаолият кўрсатмаётган кичик бизнес субъектларини 1504 та бўлиб, уларнинг руйхатдан ўтган субъектлардаги улуши 16,8 фоизни ташкил қилиб, бу кўрсаткич Тахтакўпир туманида 32,0 фоизни (фаолият кўрсатмаётган субъек сони 64 та), Чимбой туманида 20,0 фоизни (фаолият кўрсатмаётган субъек сони 84 та), Қонликўл туманида 21,6 фоизни (фаолият кўрсатмаётган субъек сони 47 та) ва Нукус шаҳрида 21,6 фоизни (фаолият кўрсатмаётган субъек сони 727 та) ташкил этди.
Кичик бизнеснинг ялпи ҳудудий маҳсулот ишлаб чиқаришдаги улуши 63,6 фоизни ташкил қилиб, ўтган йилга нисбатан 2,9 фоизга ошган (жадвал №12).
Республиканинг ташқи савдо айланмасида кичик бизнеснинг улуши 25,7 фоизни ёки 29613,6 минг АҚШ долларини ташкил этди, шу жумладан:
- экспорт ҳажми 11354,5 минг АҚШ долларидан иборат бўлиб, жами экспорт ҳажмининг 12,5 фоизини ташкил этиб, ўтган йилга нисбатан 150,5 фоизга ўсди;
- импорт ҳажми 18259,1 минг АҚШ долларидан иборат бўлиб, жами импорт ҳажмининг 74,3 фоизини, ўтган йилга нисбатан 60,2 фоизни ташкил этди.
Қорақалпоғистон Республикаси тижорат банклари томонидан кичик бизнесни ривожлантириш мақсадида 2010 йилда 105964,7 млн.сўм миқдорида кредитлар ажратилди яъни 2009 йилга нисбатан 139,8 фоизни ташкил килди. Шу жумладан 105057,4 млн.сўм банкларнинг ўз маблағлари ҳисобидан ва 907,3 млн.сўм бюджетдан ташқари жамғармалар ҳисобидан ажратилди. Шунингдек қисқа муддатли кредитлар 52437,6 млн.сўмни ва узоқ муддатли кредитлар 53527,1 млн.сўмни ташкил килди. Ишлаб чиқариш ва таъмирлашга 12881,2 млн.сўм, хизматлар соҳасига 18618,0 млн.сўм, қурилиш соҳасига 9974,3 млн.сўм, қишлоқ хўжалиги соҳасига 23916,2 млн.сўм, айланма маблағларни тўлдириш ҳисобига ва ТМБ харид килишга 29621,7 млн.сўм ва бошқаларга 10953,3 млн.сўм миқдорида кредитлар берилди.
Республика иқтисодиётидаги жами иш билан банд бўлганлар ичида кичик бизнеснинг улуши 71,2 фоизни ташкил этди.
Республика саноатида 2010 йил якунида ҳаракатдаги баҳода 406673,8 млн.сўмлик маҳсулот ишлаб чиқарилиб, ўтган йилга нисбатан (солиштирма нархда) ўсиш суръати 109,4 фоизни ташкил этди (жадвал №1).
Кимё ва нефтекимё саноатида 35135,3 млн.сўм ёки 114,9 фоизни, қурилиш материаллари саноатида 33403,9 млн.сўм ёки 199,0 фоизни, енгил саноатида
136002,7 млн.сўм ёки 104,3 фоизни, озиқ-овқат саноатида 63339,7 млн.сўм ёки
105,1 фоизни, ун-ёрма ва комбикорма саноатида 44538,2 млн.сўм ёки 115,8 фоизни ва кимё-фармацевтика саноатида 3852,4 млн.сўм ёки 140,9 фоизни ташкил этди. Жорий йилнинг I ярим йиллигидан бошлаб шийша идишлари ишлаб чиқариш саноатида 2329,7 млн.сўмлик маҳсулот ишлаб чиқарилди (жадвал №3).
2010 йил якунида ёқилги саноатида 65462,5 млн.сўмлик маҳсулот ишлаб чиқарилиб, ўтган йилга нисбатан 96,4 фоизни, қора металлургия саноатида 6441,8 млн.сўм ёки 94,4 фоизни, машинасозлик ва металлни қайта ишлаш саноатида 3186,4 млн.сўм ёки 85,8 фоизни, ўрмон-ёғочни қайта ишлаш саноатида 1863,0 млн.сўм ёки 99,5 фоизни ва полиграфия саноатида 889,8 млн.сўм ёки 79,6 фоизни ташкил этди.
Еқилғи саноатида “Устюрт газ” УШК да 2009 йилнинг 1 ноябридан «Урга» газ конининг Малайзиянинг «Петронас Чаригали Оверсиз» компаниясига фойдаланиш учун ижарага берилганлигидан, ўтган йилга нисбатан 7258,8 млн.сўмлик саноат маҳсулотлари кам ишлаб чиқарилди ва усиш суърати 87,9 фоизни ташкил этди.
Қора металлургия саноатида ўтган йилга нисбатан 381,4 млн.сўмлик саноат маҳсулотлари кам ишлаб чиқарилиб, ўсиш суръати 94,4 фоизни ташкил этди.
Машинасозлик ва металлни қайта ишлаш саноатида ўтган йилга нисбатан
506,3 млн.сўмлик саноат маҳсулотлари кам ишлаб чиқарилиб, ўсиш суръати 85,8 фоизни ташкил этди.
Ўрмон-ёғочни қайта ишлаш саноатида кичик бизнес ҳисобидан ўтган йилга нисбатан 9,3 млн.сўмлик саноат маҳсулотлари кам ишлаб чиқарилиб, ўсиш суръати 99,5 фоизни ташкил этди.
Полиграфия саноатида ўтган йилга нисбатан 190,8 млн.сўмлик саноат маҳсулотлари кам ишлаб чиқарилиб,ўсиш суръати 79,6 фоизни ташкил
Достарыңызбен бөлісу: |