Экономика факультети бизнес ҳӘм басқарыў факультети экономиканы раўажландырыўда модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны Мақалалар топламы Экономика илимлериниң кандидаты Б. Мырзаевтың редакторлығында


САЛЫҚ ЖЕҢИЛЛИКЛЕРИ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ХЫЗМЕТ ЕТПЕКТЕ



бет18/25
Дата07.03.2016
өлшемі2.54 Mb.
#46366
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   25

САЛЫҚ ЖЕҢИЛЛИКЛЕРИ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНА ХЫЗМЕТ ЕТПЕКТЕ
Иниятов С.С., Қудияров К.Р.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Экономикалық реформаларды әмелге асырыўда, салық сиясатын және де ықшамластырыў, салықлардың түрлерин кемейтиў, оларды есаплаў механизмин әпиўайыластырыў, әҳмийетли мәселелерден есапланады. 2005-жылдың 25-январында Өзбекстан Республикасы Президенти И.А. Каримов Олий Мажилистиң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде мәмлекетимизде алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтип, 2005-жылда экономикалық реформаларды әмелге асырыўдың ең зәрүр ўазыйпаларын белгилеп берген еди. Мәмлекетимизде салық сиясатын және де ықшамластырыў зәрүрлиги алдағы ўазыйпалардан бири сыпатында атап өтилди. Салық төлеўшилерге салыққа тартыў системасында қосымша жеңилликлер хәм преференсиялар бериў, салықларды унификация қылыў, салық жүгин жеңиллестириў, салық нызамшылығының турақлылыгын тәмийинлеў ҳәм де усы бағдарда раўажланған мәмлекетлер тәжрийбелеринен пайдаланыў лазымлығын атап көрсеткен еди. [1]

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 1991-жылға шекем, тийкарынан, мәмлекет кәрханалары пайдасынан ажыратылатуғын ажыратпалар тийкарынан қәлиплесетуғын еди. Усы пайдадан ажыратпа мәмлекет тәрепинен белгиленген мәжбүрий төлем болып, ол кәрханалар баланс пайдасының 90%ине шекем болған бөлегин бюджетке алып кететуғын еди. Қалған қаржылар болса кәрхана тәрепинен емес, бәлким жоқары шөлкемлер тапсырмасына байланыслы тийисли фондларға жиберилетуғын еди. Республикамыз административлик- буйрықпазлық системасына базар қатнасықларына өтиўи себепли мәмлекетимиз хожалық турмысында терең унамлы өзгерислер жүз бере баслады. Базар қатнасықларының раўажланыўы менен экономиканы салықлар жәрдеминде тәртипке салыў, әсиресе, пайдадан ажыратпалар орнына дәрамат салығын енгизиў зәрүрлиги пайда болды ҳәм 1992-жылдан баслап барлық түрдеги хожалық жүритиўши субъектлер «дәрамат салығын төлеўге өтти».[2]

2008-жыл 1-январьдан күшке кирген салық кодексиниң 23-статьясына муўапық юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы улыўма мәмлекетлик салықлар қурамына киритилип, ол мәмлекет бюджети дәраматларын қәлиплестириўде тийкарғы дереклерден бири болып есапланады.

Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығының бюджеттеги үлеси 2000-жылы 12,8% ти, 2005-жылда 6,3% ти, ал 2009-жылда болса 5,2 % ти қураған. Ал бул көрсеткиш 2000-жылдан 2009-жыллар аралығында 2,5 есеге азайған.[3] Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы ставкасы 1998-жылда 36 % болған болса, 2007-жылда 10 % етип белгиленген.[4] Бул жағдай юридикалық тәреплерден алынтуғын пайда салығы ставкаларының жылдан-жылға пәсейип баратырғанлығы менен тәрийпленеди. Дәраматлардың көпшилик бөлеги кәрханалар ықтыярында қалыўы олардын инвестициялық активлигин асырады, жаңа жумыс орынларын ашыў, бәсекиге шыдамлы товарлар ислеп шығарыў ҳәм де жумыс ҳәм хызметлер көрсетиў ушын финанслық имканият жаратады. Қарақалпақстан Республикасы көлеминде әмелге асырылған ислер нәтийжесинде 2010-жылдың 1-октябрине 20013 киши бизнес субъектлериниң мәмлекетлик дизимнен өтиўи ҳәм 2009-жылдың тоғыз айына салыстырғанда 661 ге өсиўин буның айқын мысалы сыпатында көрсек болады.[5]

Мәмлекет күшли социаллық-сиясий илажларды әмелге асырыў ушын пенсионерлер, талабалар, көп балалы аналар ҳәм басқаларды қаржы менен тәмийинлеў зәрүрлигин аңлап, айырым шекленген товарлар баҳасындағы парықты бюджет есабынан қаплайды. Буннан тысқары мәҳәллелерде социаллық қорғаў мүтәж кем тәмийинленгенлерге материаллық жәрдем көрсетеди. Бундай қәрежетлерди әмелге асырыўдың мәжбүрийлиги олар ушын дерек болған салықларды объектив зәрүр қылып қояды.

Өзбекстан Республикасының Салық кодексиниң 30-статьясына муўапық, Салық кодексинде, басқа нызамларда ҳәм Өзбекстан Республикасының Президентиниң қарарларында нәзерде тутылған, басқа салық төлеўшилерге салыстырмалы айырым тайпадағы салық төлеўшилерге берилетуғын абзаллықлар, соның ишинде салық ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер төлемеслик ямаса оларды кемирек муғдарда төлеў имкәнияты салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер бойынша жеңилликлер көрсетиледи.

Салық жеңилликлери салық төлеўшилерге төмендеги көринислерде бериледи:


  • салықларды төлеўден толық азат етиў. Мысалы, Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 158,208,211,261, 269, 282-бөлимлерине тийкарланып салықларды төлеўден юридикалық тәреплер ямаса салық салыў объектлери азат етиледи.

  • Салықларды төлеўден азат етиў. Бунда азат етиў төмендеги көриниске ийе болыўы мүмкин:

  • салық салынатуғын базасын азайтыў;

  • төменлеген салық ставкаларын қоллаў.

Мысалы, Өзбекстан Республикасы салық кодексиниң 159-бөлимине көре салық салынатуғын пайда белгили суммаға кемейтириледи.

Соны айтып өтиў керек, егер хожалық жүритиў субъектлери салық жеңиллклеринен пайдаланыў бойынша белгиленген тәртиптен дурыс пайдаланылса, бул әлбетте салық жеңилликлериниң надурыс пайдаланыў жағдайларын кемейтиреди.

Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз сиясатының баслы бағдарларынан есапланады. Президентимиз Ислам Каримов атап өткениндей, бул тараў жәмийетимиздеги социаллық ҳәм сиясый турақлылықтың кепиллиги ҳәм таянышына, елимизди раўажланыў жолынан актив ҳәрекетлендиретуғын күшке айланып бармақта.

Елимиз басшысының усы жылы 7-февральда қабыл етилген “Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик” жылы Мәмлекетлик дәстүри ҳаққында” ғы қарары менен бул жөниндеги жумысларды жаңа басқышқа кең жол ашпақта.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Салық инспекциясында шөлкемлестирилген пресс конференцияда бул қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде салық органлары тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, салық тараўындағы реформалар нәтийжелери, гезектеги ўазыйпалар ҳаққында сөз жүритилди.

Атап өтилгениндей, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин изшил қоллап-қуўатлаў, салық жеңилликлерин бериў ҳәм оларға жүкленген салық жүгин кемейттирип барыў мақсетинде кейинги бес жыл да7амында бирден-бир салы3 т5ле7 ставкасы 2005 – жылда2ы 13 проценттен 2010 – жылда 7 процентке пәсейттирилди. 2011 – жыл ушын салық сиясатында да киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң жедел раўажланыўын хошаметлеў мақсетинде, бирден-бир салық төлеминиң әмелдеги базалық ставкасы микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын (саўда ҳәм улыўма аўқатланыў орынларынан басқа) 7 проценттен 6 процентке түсирилди.

Усы жылдың Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы деп жәрияланғаны мәмлекетлик салық системасына да бир қатар жуўапкершиликлерди жүклейди. Себеби исбилерменлик ҳәрекети тиккелей мәмлекетлик салық хызмети менен де байланыслы. Сол себепли бул жөнинде Мәмлекетлик Салық инспекциясы тәрепинен анық илажлар дәстүри ислеп шығылды.

“Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жылы” Мәмлекетлик дәстүринде киши бизнес субъектлери ҳәм жеке исбилерменлер ушын бир қатар жаңа жеңилликлер ҳәм имтиязлар көзде тутылған. Солардан, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы ушын салық ҳәм басқа төлемлер бойынша және де қолай шәрт-шараятлар жаратыў, имтияз ҳәм преференциялар бериў, есабатлар системасы ҳәмде финанс, салық ҳәм статистика органларына есабатлар тапсырыў механизмин жетилистириў ҳәм унификациялаў сыяқлы мәселелерге айрықша итибир қаратылған. Бул ўазыйапалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша мәмлекетлик салық иси хызметкерлери зәрүр шара-илажларды әмелге асырмақта.

Хәзирге шекем мәлекеттиң функцияларын орынлаў ушын лазым болған финанслық қаржыларды қәлиплестириўде салықлардан басқа усылы жоқ. Демек, хүкимиран күш сыпатында мәмлекет бар екен, финансластырыў усылы сыпатында салықлар әмел қылыўын даўам ете береди.

ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҚЛАРЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ - МӘМЛЕКЕТ АГРАР СИЯСАТЫНЫҢ ТИЙКАРҒЫ БАҒДАРЫ
Сейилбеков Б.Б.

Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы
Фермер хожалығы раўажланған мәмлекетлердиң узақ дәўирли тәжирийбесинде өзиниң нәтийжелилиги, бәсекеге уқыплылығы, базар конъюнктурасына тез қәлиплесиўи сыяқлы өзгешеликлерин көрсете алды. Усыған қарай, Өзбекстанда да фермер хожалықларының раўажланыўына үлкен итибар қаратылып, олардың хызметиниң зәрүр экономикалық шәрт-шараятлары жаратылды ҳәм нормативлик-ҳуқықый тийкарлары ислеп шығарылды.

Өзбекстанда базар қатнасықларына өтиў жағдайында фермер хожалықларының шөлкемлестирилиўи аграр реформалардың тийкарғы мазмунын пайда етти. Фермер хожалықларының шөлкемлестирилиўи басқышпа-басқыш ҳәм избе-из тийкарда алып барылды.

Президентимиз 2009 жылдың тийкарғы жуўмақлары ҳәм 2010 жылда Өзбекстанды социаллық ҳәм экономикалық раўажландырыўдың ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларына бағышланған Министрлер Кабинетиниң мәжилисиндеги «Тийкарғы ўазыйпамыз - Елимиздиң раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығын жәнеде жоқарылатыў» атамасындағы баяннамасында мәмлекетимизде фермер хожалықларын материаллық-техникалық тәмийинлеў ҳәм финансластырыў бойынша базар экономикасы принциплерине толық жуўап беретуғын исенимли ҳәм механизмлердиң қәлиплестирилгенлиги ҳәм жемисли хызмет көрсетиўине айрықша итибар қаратты.

Мәмлекетимиз аўыл хожалығындағы пахта (99,1 %) ҳәм ғәллениң (79,2%) тийкарғы бөлеги фермер хожалықлары тәрепинен жетистирилмекте.

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2004-2006 жылларда фермер хожалықларын раўажландырыў концепсиясы» туўрысындағы пәрманында белгиленген ўазыйпалар толық әмелге асырылды. Аўыл хожалығында экономикалық жақтан төмен ҳәм финанслық зыян менен ислеп атырған ширкет хожалықларының орнына толығы менен фермер хожалықлары шөлкемлестирилди ҳәм бул процесс даўам еттирилмекте. Фермер хожалықлары аўыл хожалығында тийкарғы хожалық формасы ретинде қәлиплести.

Аграр тараўда келешекте белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен ислеп шығылған «Аўыл хожалығын 2007-2011 жылларда территориялық раўажландырыўдың комплексли стратегиясын қәлиплестириў бойынша мәмлекетлик дәстүри» айрықша әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги дүнья-жүзилик финанслық-экономикалық кризиси даўам етипатырған бир ўақытта аўыл хожалығы өндирисининиң нәтийжелилигин жәнеде жоқарылатыў принципиал зәрүр әҳмийетке ийе екенлигин итибарға алып, фермер хожалықларына ажыратылып атырған жер майданларын оптималластырыў барысында зәрүр жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Соны айтып өтиў керек, дәслеп рентабеллиги төмен ҳәм келешеги жоқ ширкет хожалықларын сапластырыў негизинде шөлкемлестирилген жеке фермер хожалықлары бүгинги күнде ҳақылы түрде аўылда жетекши буўынға – аўыл хожалығы өнимлерин өндириўши тийкарғы күшке айланды.

Ҳәзирги ўақытта фермер хожалықлары аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириўдиң ең нәтийжели формасы екенин турмыстың өзи тастыйықлап бермекте. Ҳәр жылы фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў ушын үлкен муғдарда материаллық ресурс ҳәм қаржылар ажыратылады. Бунда аўыл хожалығы өнимлериниң әҳмийетли түрлерин, соның ишинде пахта таярлаўға ҳәм ғәлле жетистириўге аванс формасында қаржылар бериледи. Фермер ҳәм дийхан хожалықларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мехенизмлеринен бири ретинде, аўыл хожалығы техникасын лизинг тийкарында сатып алыў бойынша арнаўлы шөлкемлестирилген Фонд есабынан усы мақсетлер ушын 2008 жылы 43 млрд сўмнан зыят қаржы ажыратылған болса, 2009 жылда 58 млрд сўмнан артық қаржы бағдарланып фермер хожалықларының хызметин раўажландырыў әмелге асырылды.

Соның менен бирге, өткен дәўир ишинде арттырған тәжирийбемиз фермерликти жәнеде раўажландырыў ушын бир қатар жүдә әҳмийетли машқалаларды, атап айтқанда, фермер хожалықларының турақлылығы, ең әҳмийетлиси, олардың нәтийжелилигин жоқарылатыў менен байланыслы мәселелерди шешиўди қатаң талап етпекте.

Есабат жылында ўәзирлик ҳамде системадағы кәрхана ҳәм шөлкемлердиң тийкарғы хызмети Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримов тәрепинен белгилеп берилген 2009 жылда мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў дәстүриниң тийкарғы ўазыйпаларыниң әмелге асырылыўын сөзсиз тәмийинлеўге қаратылған жағдайда глобал финанслық-экономикалық кризистиң алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў жүзесинен «2009-2012 жылларға көзде тутылған Кризиске қарсы илажлар» ҳәмде «Аўылды раўажландырыў ҳәм абаданластырыў жылы» Мәмлекетлик дәстүрлери айланасында бир қатар системалы илажлар әмелге асырылыўы нәтийжесинде турақлы экономикалық өсимди тәмийинлеўши төмендеги көрсеткишлерге ерисилди: әмелдеги баҳаларджа 12трлн 642,6 млрд сўм муғдарында жалпы аўыл хожалық өними ислеп шығарылып, өткен жылдың усы дәўирге салыстырғанда салыстырмалы баҳаларда 5,7 % өсим тәмийинленди, өз гезегинде ўәзирлик системасында салыстырма баҳаларда 76,6 млрд сўм (өсим дәрежеси 53,0%), санаат өнимлери 7,2 млрд сўм (29,0%) халық тутыныў товарлары ислеп шығарылды.

Халықтың ҳәм фермер хожалықлардағы шарўа малларына белгили 2443 зооветеринария пунктлери тәрепинен 6,2 млрд сўм муғдарында сервис хызметлери көрсетилип, бунда бир шәртли шарўа малларына көрсетилген хызмет баҳасы республика бойынша орташа 819 сўмды пайда етти. Сондай-ақ шарўа малларының нәсилин жақсылаў мақсетинде шет еллерден 37,5 млрд сўмға жәми 6651 бас нәсилдар маллар келтирилип, бир бас нәсилдар бузаўдың орташа баҳасы 5,6 млн сўмға туўры келди.

Фермерлик ҳәрекети ниң нәтийжелилигин жоқарылатыўға қаратылған илажлар избе-из даўам еттирилди, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2008 жыл 6 октябрьдеги Ф-3077 – санлы ҳәмде 2009 жыл 22 октябрьдеги Ф-3287-санлы пәрманларының тийкарында фермер хожалықларының жер учесткаларын ирилендириў менен байланыслы ўазыйпалар дерлик ақырына жеткерилди ҳәм буның есабынан бүгинги күнде мәмлекеттиң жалпы аўыл хожалығы өниминде фермер хожалықларының үлеси 34,5 % тип пайда етип, жетистирилген пахта шийки затының 99,2 ҳәм ғәллениң 81,4 % ти олардың үлесине туўры келди. Соның менен бир қатарда 2008 жылда жәми 6 млн 839 мың тоннадан зыят ғәлле жетистирилген болып, көрилген әмелий илажлардың нәтийжесинде 2009 жылы мәлекетимизде биринши мәрте 7,3 млн. тоннадан артық дән, соның ишинде, 6 млн 600 мың тонна бийдай жетистирилди ҳәм 3,4 млн тонна пахта шийки заты таярланды.

Қәнигелердиң пикиринше фермер хожалықларын раўажландырыў, олардың нәтийжелилигин жоқарылатыўдың ақыбетинде төмендеги жетискенликлерге ерисилди:


  • Жеке мүлкшилик раўажландырылып, фермер хожалықларында мүлкке болған қатнас түптен өзгерди, оларда мүлк ийеси исеними қәлиплести;

  • Фермер мүлк ийеси болып, оған хожалықтын устав капиталын ғәрезсиз қәлиплестирип, басқарыў имканияты берилди;

  • Жер ижарасы мүддетиниң 30 жылдан 50 жылға шекем белгилениўи нәтийжесинде фермерлерде жерден нәтийжели пайдаланыўға хошаметлеўлер қәлиплестирилди;

  • Фермер хожалығы юридикалық тәреп статусына ийе болып, таярлаў, тәмийнат ҳәм хызмет көрсетиўши шөлкемлер менен шәртнамаларды ғәрезсиз түрде дүзип, оның орынланыўына шериклер менен тең ҳуқықта жуўап бериў исеними қәлиплести;

  • Мәмлекетлик буйыртпадан артықша өндирилген өнимге еркин баҳа қойыў ҳәм оны сатыў ҳуқықына ийе болды.

Глобал финанслық-экономикалық кризистиң мәмлекетимиз аўыл хожалығына тәсирин кемейттириў, тармақтың турақлы темп пенен раўажланыўын тәмийинлеў ҳәзирги күнде ең әҳмийетли ўазыпалардан бирине айланбақта.
Әдебиятлар

1. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2004 йил 4 ноябрдаги «2005-2007 йилларда фермер хўжаликларини жадал ривожлантиришга қаратилган таклифлар тайёрлаш бўйича махсус комиссия тузиш тўғрисида»ги Фармони, «Халқ сўзи», 2004 йил 5 ноябр

2. Каримов И.А. «Асосий вазифамиз-ватанимиз тараққиёти ва халқимиз фаровонлигини янада юсалтиришдир».// Халқ сўзи, 2010 йил 29 январь.

3.Каримов И.А. «Жаҳон молиявий иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари» Тошкент, 2009 й.

4.Фармонов Т.Х. Фермер хўжаликларини ривожлантириш истиқболлари. Тошкент. «Янги аср авлоди» 2004.

5.Фермерлик фаолиятининг ҳуқуқий ва молиявий асослари. Тошкент, «Университет» 2005.

6.Ўзбекистон фермер хўжаликларини юритиш асослари. Тошкент 2007й.
СОЛИҚ ИМТИЁЗЛАРИ ВА УЛАРНИНГ КОРХОНА ИҚТИСОДИЁТИНИ ТАРТИБГА СОЛИШДАГИ ЎРНИ
Кайыпназарова З.Ж.

Қорақалпоқ ДавлатУниверситети
Ўзбекистонда босқичма-босқиш амалга оширилаётган ислоҳотларнинг муваффақияти турли мулкчилик шаклларида иқтисодиёт субъектлари фаолиятини эркинлаштиришга, тадбиркорликни ривожлантириш учун яратилган шарт-шароитларга узвий боғлиқдир. Ушбу иқтисодий ислоҳотларни амалга оширишнинг асосой мақсади республикамиз иқтисодий мустақиллигини таъминлаш, аҳолига муносиб турмуш шароитини яратиш, мамлакатимизнинг жаҳон ҳамжамиятининг тўлақонли аъзосига айланиши ҳамда ижтимоий йўналтирилган бозор иқтисодиётини барпо этишдан иборат. Ижтимоий йўналтирилган бозор иқтисодиётининг моддий асосини таъминлашда тадбиркорлик механизми алоҳида аҳамиятга эга.

Шу боис, хўжалик юритувчи субъектларнинг самарали фаолият кўрсатиши кўп жиҳатдан уларнинг давлат бюджети билан бўладиган солиқ муносабатларига бевосита боғлиқдир. Шундай экан, бу муносабатларни ҳам хўжалик субъекти, ҳам бюджет манфаатларига мос келадиган даражага олиб чиқиш бугунги кундаги солиқ сиёсатининг асосий вазифаларидандир. Шу муносабат билан Ўзбекистонда бозор ислоҳотлари амалга оширилаётган бир паллада солиқ тизимини такомиллаштириш масаласи етакчи ўрин тутади. Мазкур солиқ тизимининг мамлакатдаги ижтимоий-иқтисодий ривожланишга самарали таъсир кўрсата оладиган функцияларга эга бўлиши, ушбу тизим механизмининг бир маромда фаолият кўрсатишини тақоза этади. Бу механизмнинг самарали фаолият кўрсатиши у бажарадиган функцияларда намоён бўлади.

Мазкур функциялар ичида фискал ва рағбатлантирувчилик функцияси кўп жиҳатдан олдинги ўринларда туради. Чунки биринчи функциянинг аҳамияти давлатнинг зарурий эҳтиёжларини молиявий маблағлар билан таъминлашга қаратилса, иккинчи функциянинг аҳамияти ижтимоий-иқтисодий вазифаларни ҳал этишга қаратилган бўлади.

Бозор муносабатларини янада эркинлаштириш шароитида солиқларнинг рағбатлантирувчилик функциясига кўпроқ эътибор қаратилаётганлиги бежиз эмас, сабаби бу функциянинг бажарилиши оқибатида иқтисодиётнинг устувор тармоқлари ривожлантирилиши, ишлаб чиқариш ва тадбиркорликнинг қўллаб-қувватланиши, жамиятдаги айрим ижтимоий масалалар ҳал этилиши мумкин. Солиқларнинг рағбатлантирувчилик функциясининг амал қилиши эса ўз навбатида, солиқлардан берилаётган имтиёзлардан самарали фойдаланишга боғлиқ.

Шу ўринда, мамлакатимиз Президенти И.А.Каримовнинг бу борадаги қуйидаги фикрлари диққатга сазовордир: «солиқ тизимининг энг муҳим вазифаси ишлаб чиқаришни ривожлантиришга, моддий хом ашё, табиий, молиявий ва меҳнат ресурсларидан, тўпланган мол-мулкдан самарали фойдаланишга рағбатландирувчи таъсир күрсатишдир».

Солиқлар ва ундаги имтиёзлар тизими нисбатан қисқа давр мобайнида бир неча босқични ўз бошидан кечирган бўлсада, ҳали тўлиқ такомиллашган кўриниш олганича йўқ. Хусусан, Республикамизнинг солиқ амалиётида солиққа тортиш тамойилларининг бузилиши, уларга қатъий амал қилинмаётганлиги, солиқ имтиёзига эга бўлган хўжалик юритувчи субъектлар томонидан солиқ имтиёзларининг туб моҳиятини тўлиқ англаб етилмаётганлиги, айрим ҳолларда уларга нисбатан номукаммал имтиёзларнинг белгиланаётганлиги каби камчиликларнинг (муаммоларнинг) мавжуд бўлиши ушбу тизимда ҳали қилинадиган ишлар кўламининг кенглигидан далолат бериб турибди. Бундай ҳолатлар, албатта, имтиёзларнинг самарали ишлашига ўз таъсирини ўтказмай қолмайди.

Шу билан бирга, солиқ имтиёзларининг солиқ тизимида тутган ўрни ҳақида ҳам кўпгина иқтисодчи олимлар томонидан мунозарали қарашлар мавжуд. Хусусан, уларнинг айримлари солиқ имтиёзларининг нафақат иқтисодиётни тартибга солишдаги рајбатлантирувчи қурол сифатида, балки уларни (имтиёзларни) солиқ тўламасликнинг қонуний йўли сифатида ҳам эътироф этишади. Шу боис, солиқ имтиёзларининг иқтисодиётнинг ривожланишига микро ва макродаражада таъсирини ўрганиш, таҳлил этиш ва уларнинг самарадорлигини оширишга доир чора-тадбирларни ишлаб чиқиш долзарб масалалардан бири ҳисобланади.

Мустақиллик йилларида мамлакатимиз солиқ тизимида ҳам муҳим ислоҳотлар амалга оширилди. Жумладан, 1998 йил 1 январдан кучга кирган Солиқ кодекси бу соҳада қилинган назарий ва амалий ишларнинг натижаси бўлди. Ушбу Кодекс солиқ қонунчилигига доир меъёрий ҳужжатлар ва йўриқномаларни тартибга солди ҳамда солиқ тизимининг яхлит ҳуқуқий негизини яратди. Унда солиққа тортишнинг ишлаш механизми, солиқларни ундириш тартиби, солиқ тўловчиларнинг ҳуқуқ ва мажбуриятлари тўлиқ белгилаб берилган.

Бозор муносабатларининг янада эркинлашуви шароитида мамлакатимизнинг солиқ сиёсати нисбатан мураккаб шароитларда амалга оширилмоқда. Бундай дейишимизга сабаб:


  • мамлакат иқтисодининг турли тармоқларида юқори ресурс талаб қилувчи ва паст рақобатбардош маҳсулот ишлаб чиқарувчи кўплаб корхоналарнинг ҳанузгача мавжудлиги;

  • кўпчилик ишлаб чиқариш корхоналарининг замон талабларидан келиб чиққан ҳолда технологик жиҳатдан қайта қуролланмаганлиги;

  • солиққа тортиш тажрибасининг нисбатан камлиги;

  • хусусий секторнинг ўз ҳуқуқларини яхши тушуниб етмаётганлиги, яъни ҳуқуқий маданияти ва билими паст даражадалиги ва шунга мувофиқ бозор қоидалари асосида мукаммал фаолият юритмаётганлиги;

  • иқтисодиётни бошқаришда айрим эски усул-унсурларининг сақланиб қолинаётганлиги ва моддий манфаатдорликнинг таъминламаётганлиги;

  • корхоналарда инвестиция олиб кириш ҳаракатларининг етарли даражада эмаслиги.

Шундай экан, солиқ имтиёзлари воситасида корхона иқтисодини тартибга солишда мавжуд вазиятни ҳисобга олган ҳолда, биринчи навбатда, ишлаб чиқаришни сифат жиҳатдан ривожлантиришни, корхоналарнинг инвестицион салоҳиятини оширишни, хусусий мулкчиликни ҳамда рақобат муҳитини шаклланишини таъминлайдиган тартибга солиш механизмларини ишлаб чиқишни тақозо этади.

Республикамизда солиқ тизимини ислоҳ қилишнинг энг муҳим йўналишлари сифатида қуйдагиларни алоҳида қайд этишимиз мүмкин:



  • Корхоналардан олинадиган солиқ миқдорини камайтириш;

  • Солиқ солиш механизмини мумкин қадар соддалаштирилиши ва солиқ тизими барқарорлигининг таъминланиши;

  • Махаллий бюджет дароматлари негизининг мустахкамланиши ва унинг республика бюджетидаги салмоғини жиддий равишда оширилиши;

  • Маҳсулот ишлаб чиқариш ва сотиш ҳажмларини купайтиришга, тадбиркорлик фаолиятини ва инвестиция фаоллигини кенгайтиришга, маблағлар айланишини жадаллаштиришга ва фойдани оширишга солиқларнинг рағбатлантирувчи таъсирини кучайтириш;

  • Табиий ресурслар ва мол-мулкдан олинадиган солиқлар улушини ошириш хисобига даромадлар таркибини такомиллаштириш, ресурс ҳамда ишлаб чиқариш қувватидан фойдаланиш самарадорлигига уларнинг тасирини купайтириш.

Юқорида белгиланган барча вазифалар солиқларнинг рағбатлантирувчилик тизими билан чамбарчас боғлиқ булиб, бу асосан ана шу рағбатлантирувчанлик функциясининг элементи бўлган солиқ имтиёзларида намоён булади. Масалан, биринши вазифанинг асосий мақсади корхоналар зиммасидаги солиқ юкини пасайтириш билан ифодаланади. Ҳар қандай солиқ ставкасининг пасайтирилиши ҳам уларга яратилган имтиёз сифатида қабул қилиниши лозим. Давлат солиқ ставкаларини ўзгартириш орқали иқтисодиётга самарали таъсир кўрсата олади. Солиқ ставкаларини ўзгартириш орқали молиявий оқимлар ва товар оқимларининг айрим соҳалари учун қўшимча рағбатлар яратилади, импорт товарларга солиқ ставкаларининг оширилиши маҳаллий товарлар ишлаб чиқарувчиларга кенг имкониятлар очиб беради ва ҳоказо. Бундай солиқ сиёсатининг асосий мақсади еса, корхоналар ҳисобига фойданинг купроқ қисмини қолдириш ва уларнинг иқтисодий имкониятларини кенгайтириш билан ифодаланиб, пировард натижада солиққа тортиладиган базани кенгайтиришдир. Шунинг учун кейинги ийлларда фойда солиғи ставкасининг пасайтирилиб борилишини ҳам маълум бир имтиёз сифатида қараш мумкин.

Солиқ имтиёзлари ва уларнинг бозор муносабатларини эркинлаштириш шароитида тўлиқ амал қилиши учун бозор иқтисодиёти механизми асослари тўјри йўлга қўйилган бўлиши лозим. Биринчи навбатда корхоналарнинг иқтисодий самара олиш имкониятларини кучайтириш лозим. Айнан мана шу мақсадда уларга имтиёзлар билан таъсир кўрсатибгина қолмай, балки солиқ юкини пасайтириш, солиқ базасини тартибга солиш каби тадбирларни параллел йўналишда олиб бориш лозим. Солиқ имтиёзларининг берилиши тартиби биринчи навбатда мамлакатдаги мавжуд вазиятдан келиб чиққан ҳолда амалга оширилиши керак. Яъни, янги технологияни жорий этиш, реконструкциялаш, янги қурилиш, ишлаб чиқаришни кенгайтириш ва техник қайта қуролланишга қаратилган имтиёзлар устивор аҳамият касб этиши даркор. Мамлакатда иқтисодий ўсишнинг таъминланиши, солиқ тўловчилар сонининг кўпайиши, эркин тадбиркорлик йўлидаги баъзи ғовларнинг олиб ташланиши мавжуд вазиятнинг ижобий ҳал этишга замин яратади. Шунингдек, имтиёзнинг берилиши имтиёз олган томоннинг манфаатларига мос келиши ва унинг зиммасидаги солиқ юкини камайтиришга хизмат қилиши керак. Мамлакатимизда фойда солиғи ставкаларининг йилдан йилга пасайиши тенденциясини корхоналарга берилаётган маълум имтиёз сифатида қаралган. Лекин, бу имтиёзнинг берилиши баробарида кутилган натижага эришилмаяпти. Хусусан, бюджетга тушадиган солиқ тушумининг камайиб бораётганлиги кузатилмоқда. Ставканинг пасайиши натижасида корхона ихтиёрида қоладиган суммани инвестиция жараёнига жалб этиш ҳолатлари суст даражада амалга ошмоқда ва кутилган натижани бермаяпти дейиш мумкин. Бунинг энг асосий сабабларидан бири кўпгина корхоналарда фойда нормасининг камлиги ва шунга мувофиқ равишда фойда миқдорининг камлигидир. Бундан ташқари, ҳозирги даврда бюджет даромадларини камайтириш ҳисобига корхоналар ихтиёрида қоладиган даромадлар тўлиқ инвестицияларга сарфланади дейиш бироз нотўғри бўлар эди. Чунки иқтисодий қийинчиликлар шароитида даромадларнинг бир қисми истеъмолни қондиришга, хусусан меҳнатга ҳақ тўлаш харажатларини ошириш, корхонанинг қарзларини тўлаш ва бошқа тадбирларга сарфланиши эҳтимолдан холи эмас. Шунингдек, солиқ имтиёзларининг берилиши бюджет ижросининг истиқболлари билан белгиланиши лозим.



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   25




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет