Соннан экспорт колеми 90852,7 мын АКШ долларин пайда етип, 2009-жылга салыстырганда 96,9% ти, импорт болса 24573,5 мын АКШ долларын 2009-жылга салыстырганда 64,2% ти пайда етти ( кесте №9).
Пахта таласы жами экспорт товарлары курамында тийкаргы орынды ийелеп, онын улеси 69,4 % ти пайда етти.
2010жылда тийкаргы экспортшы карханалар катарына Амударья районында «Юлдуз» АЖ(13524,6 мын АКШ доллары), Торткуль районында «Турткуль Ак алтын» АЖ (10192,5мын АКШ доллары), Беруний районында «Беруний пахта заводи» АЖ (9101,8 мын АКШ доллары), Кегейли районында « Халкабад мамыгы» АЖ (9319,9 мын АКШ доллары), Хожели районында «Хожели таласы» АЖ (11100,4 мын АКШ доллары), Элликкала районында «Элликкала алтын таласы» АЖ (10228,5 мын АКШ доллары), Шымбай районында «Ланэкстракт» Узбек-Хытай коспа карханасы (2403,0 мын АКШ доллары), Нокис каласында «ККТ растсервис» МЧЖ (86,7 мын АКШ доллары), «Устюрт-Зарубежнефтегаз» коспа карханасы (2522,7 мын АКШ доллары ), «Нокис Аэропорты» (1923,7 мын АКШ доллары), «Конырат сода заводы» МАК (6967,6 МЫН АКШ доллары) сыяклылар кирген (кесте №9).
Импорттын тийкаргы болимин машина хам ускенелер (32,1 процент), азык-аукат онимлери (22,6 процент), химия онимлери (12,4 процент) хам хызметлер (9,9 процент) пайда етти (кесте №9).
Узбекистан Республикасы Президентинин 2010 жыл 21 январдагы ПК-1267-санлы карарына муапык Каракалпакстан Республикасы бойынша 2010 жылда аймаклык бойсыныудагы каханаларга экспорт (товар хам хызметлер) режеси 4400,0 мын АКШ доллары (Уазирлер Кенеси косымша тапсырмалары менен жыллык реже 6000,0 мын АКШ доллары) мугдарында белгиленген. Хакыйкатында 10467,5 мын АКШ доллары мугдарында товарлар хам хызметлер экспорт кылынды ягный реже 174,5 процентке орынланды хам откен 2009 жылга салыстырганда 110,0 процентти пайда етти.
Улыума, аймаклык экспорт режеси орынланганы менен, дизимге киргизилген 14 карханага 2010 жылга реже белгиленген болып, соннан 8 и «ЕвроПит» КТК-си (24,9 процент) буйыртпанын кемлиги, «ККВерми» МЧЖ-ти (39,3 процент) модернизация жумыслары алып барылганлыгынан оз хызметин уактынша токтатканлыгы, «Кегейли боян» МЧЖ-ти (26,3 процент) товар колеминин кемлиги, «ККТрастсервис» МЧЖ-ти (12,0 процент) буйыртпанын кемлиги, «Нокис-Лакрация» МЧЖ- ти (61,3 процент) товар колеминин кемлиги себепли оз экспорт режелерин толык амелге асыра алмады, «Бертекс» карханасы мулкшилик формасынын озгериуи, Беруний тальк» МЧЖ-ти хам «Каракалпаккомплекссервис» МЧЖ-ти буйыртпашы берген буйыртпаларынан бас тартканлыгы себепли режелерин улыума орынламады.
Әдебиятлар:
МЕНШИК ҚАТНАСЛАРЫНЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫНДА ФЕРМЕР
ХОЖАЛЫҚЛАРЫНЫҢ ƏҲМИЙЕТИ
Отеев У.А., Бердиев А., Иниятов С.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Аграр секторда базар қатнасықларының раўажланыўы, дийханларда жерге ҳәм жетистирилген өнимлерге ийиелик сезимлериниң қәлиплесиўи ушын зәрүрли шәрт-шараятлар жаратылыўынан укладлы эканомиканы қәлиплестириў тийкарында әмелге асырылмақта. Бул басқа меншик ҳәм хожалық жүритиў формаларын еркин таңлаўға ҳәмде ҳәр қыйлы аўыл хожалығы тармақларында бар болған жер-суў, мийнет ресусрлары, тийкарғы қурал ҳәм айланба қаржылардан нәтийжели пайдаланыўға кең шәраятлар жаратып бермекте.
Көп укладлы базар экономикалы системыснда фермер хожалықлары үлкен орын ийелейди. Хожалық жүритиўдиң усы формасы дүньяның дерлик барлық мәмлекетлеринде кең раўажланған ҳәм республикамызда да үлкен абзаллықларға ийе екенлигин көрсетпекте.
Фермер хожалығының абзаллығы семьялық тийкарда шөлкемлестирилгенлиги, жеке меншикке тийкарланыўы, өзгермели базар коньюнстурасында тез бийимлесиў имканияты, фермер хожалығы басшысының еркин хызмет жүритиўи, хожалыққа басшылық ҳәм өндирис процессинде тиккелей қатнасыўдың жолға қойылыўы, материаллық мәплилик ҳәм экономикалық жуўапкершилик сезимлериниң жәмлениўи сыяқлы өзгешеликлер менен ажыралып турады.
Фермер хожалығында мийнет жас әўладтың мийнет етиў көнликпелерине ийе болыўында, мийнетке болған қатнасықтың қәлилелесиўинде жүдә әҳмийетли болып, соның менен бир қатарда нәтийжели мийнет семья ағзалары турмыс дәрежесиниң өсиўи арасындағы байланысты дәрҳал сезеди. Усы абзаллықлар фермер хожалығы хызметиниң нәтийжели болыўын тәмийинлейди.
Усы мүнәсәбет пенен Республикамыздың барлық аймақларында фермер хожалықларын кең раўажландырыў зәрүрлиги жәнеде актуал болып есапланады. Бирақ суўғарылатуғын жерлерде дийханшылық етиўдиң өзине тән өзгешеликлери бул бағдарда шөлкемлестирилген фермер хожалықларын раўажландырыўда өзине қатнас жасаўды талап етеди.
Өзбекстан Республикасында 2010 жыл 1 январь ҳалатында 50000 нан артық фермер хожалықлары хызмет көрсетип атыр.
Бирақ олардың раўажланыўында бир қатар машқалалар жүз бермекте. Усы көз қарастан фермер хожалықлары, әсиресе шарўашылыққа қәнигелескен фермер хожалықлары хызметиниң нәтийжелилигин арттырыў арқалы халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм шарўашылық өнимлерин жетистириў, көбейтиў бойынша илимий тийкарланған усыныслар таярлаў үлкен әҳмийетке ийе.
Меншик қатнасықлары ҳаққында сөз жүритиў ең алды менен меншик объекти ҳәм субьектин анықлаўды көрсетеди. Өзлестирилетуғын барлық материаллық, руўхый ҳқәм тәбиий байлықлар меншиктиң объекти болып есапланады. Аўыл хожалығында оған жер, өнимдарлық ҳқәм шарўа маллары, имарат ҳқәм сооружениелер, үй-жай, машина ҳәм үскенелер, транспорт қураллары ҳәм басқалар киреди. Меншиктен пайдаланыў нәтийжелери-өним ҳәм дәрамат усы өндирис қуралларының ийесине тийисли болыўы керек.
Меншик объектин өзлестириўде қатнасыўшылар, меншик қатнасықлары қатнасыўшылары меншиктиң субъекти есапланып, булар қатарына дийханлар, ижарашылар, жәмийет хожалықлары, акционерлик жәмийетлери ҳәм басқалар киреди. Меншик қатнасықлары меншик субъектлерин үш тийкарғы ҳуқық пенен тәмийинлейди. Бириншиси-ийелик етиў, яғный меншиклик ҳуқықының меншик ийесиниң қолында сақланып турыўы, Екиншиси-пайдаланыў, яғный өз мәплери ушын, пайда алыў мақсетинде “өзге” мүликти ислетиў. үшиншиси-ийелик етиў, яғный меншик тәғдирин шешиў, сатыў, ижараға бериў, мийрасқа қалдырыў ҳәм басқа мәселелерди өзи шешиди.
Базар экономикасы шараятында меншик қатнасықлары системасында аўыл хожалығында жеке меншик әҳқмийетли орын ийелейди. Жеке меншик кең мәнисте жәмийеттиң тийкарғы ағзасы (дийхан, фермер) ямаса оның ағзалары топары (жәмийетлер, коперативлер) мал-мүлкиндеги ҳәр бир ағзаның оның меншигин анықлайды.
Фермер хожалықларынның жеке меншиги оның ағзаларына жеке исбилерменликти әмелге асырыўға, еркин искерлик жүргизиў, жуўапкершилик ҳәм тәўекелшилик етиўге имканият жаратады. Жеке меншик адамларда жоқар экономикалық активлиликти, жуўапкершиликти оятады, себеби онда жетистирилгенн өнимди өзлестириў дәрежеси мийнет нәтийжелери менен байланыслы. Ол экономикалық турмысты активлестириў ҳәмде бийпарўалыққа қарсы турыўдың әҳмийетли элементи есапланып, исбилерменди есап-китаплы, актив болыўға, ертеңги күн ҳаққында қайғырыўға мәжбүр етеди.
Және усы нәрсе әҳмийетли болып, жеке меншик экономикасының раўажланыўына алып келеди, онда бәсеке орталығының қәлиплесиўин күшейттиреди. Буннан тысқары жеке меншик экономиканы .., мәмлект жәрдемисиз тез өз-өзин басқарыўға мәжбүр етип қойды.
Жеке меншик инсанның мәмлекет ҳәм басқа социаллық шөлкемлерден ғәрезсиз болыўына алып келеди, оған басқа социаллық срруктуралар менен тең ҳуқықлы социаллық қатнасықларға ерисиўине имканият жаратады. Ол еркин пикирлеўдиң раўажланыўына, жәмийетте демократияның қарар табыўына жәрдем береди.
Соның менен бирге, жеке меншик адамларды өз машқалаларын өзлери ғәрезсиз шешиўлерине мәжбүр етеди, олардың экономикалық иллюзиядан тысқарыда болыўларына жәрдем береди. Усы ўақытта адамлардың меншик пенен тәмийнлениўи оларды пухта ҳәр тәреплеме ойланған қарарлар қабыл етиўге, өзлерине талапшаң болыўына, жоқарыдан буйрықты күтпесликке ҳәм айыпкерлерди шеттен излемесликке үйретеди. Фермер (дийхан) жеке меншиги адамларды келешек әўлад, өз исин кимге исенип тапсырыў мүмкинлиги ҳаққында ойлаўға мәжбүр етеди: бир ўақыттың өзинде балалардың өз ата-аналарын ҳүрмет етиўлерин тәмийинлейди.
Аўыл хожалығында реформаларды әмелге асырыў процесинде фермер хожалықларын шөлкемлестириў әҳмийетли ўазыйпалардан бирине айланды. Сол себепли кейинги жылларда фермер хожалықлары раўажланыўына үлкен итибар қаратылмақта.
Солай етип, фермер хожалығы аўылда өз хызметин экономикалық мәплили ҳәм ғәрезсизлик принциплери тийкарында әмелге асыратуғын еркин исбилерменлик формасы болып есапланады.
КИШИ БИЗНЕСТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА ИННОВАЦИЯНЫҢ РОЛИ
Қалмуратов Д.С.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Экономикалық реформаларды тереңлестириў шәраятында барлық салалар сыяқлы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик хызметине де үлкен итибар берилип атырғанлығы ҳәм бүгинги күнге келип, мәмлекет жалпы ишки өниминиң қурамында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң үлеси жылдан жылға артып баратырғанлығы ҳәмде республикамыз экономикасын раўажландырыўда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны сезилерли дәрежеде өзгерип атырғанлығы өз дәлийлин таппақта.
2000 жылда жалпы ишки өнимниң дерлик 31 проценти экономиканың актив раўажланып атырған усы сектор үлесине туўры келген болса, 2010 жылда бул көрсеткиш 52,5 процентти қурады деп бул бойынша Президентимиз 2011 жыл 21 январьдағы Министрлер Кеңесиниң жалпы мәжилисиндеги өз баянатында айырықша белгилеп айтып өтти.
Өзбекстанда хызмет көрсетип атырған исбилерменликке тийкарланған хожалық жүритиўши субьектлер тәрепинен аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўши субьектлер жуўапкершилигине де үлкен аўыр салмақлы ўазыйпаларды жүклейди. Себеби, жеке исбилерменликте жаңа инновациялық технологияларды қолланыў нәтийжесинде аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў арқалы мәмлекет халқын экологиялық жақтан таза азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеген жағдайда ғана экспорт етиў республикамыз кәрханалары алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Сонлықтан, бул бойынша раўажланған мәмлекетлердеги киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлериинң тәжирийбесине сүйенген ҳалда экологиялық жақтан таза өнимлер ислеп шығарыў ҳәм оны сертификатлаў механизмин жетилистириў ҳәзирде шешимин таппаған ўазыйпалардан бири болып табылады.
Бүгинги күнге келип, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери тәрепинен инновациялық технологиялар арқалы ислеп шығарылып атырған таяр өнимлерди экологиялық жақтан тазалығын тәмийинлеў ҳәм оны сертификатлаўға болған талаптың бар болыўы усы хызметти дурыс басқарыў системасын және де жетилистириўде баслы орын тутады.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери тәрепинен ислеп шығарылып атырған таяр өнимлерди сертификатлаў жумысларын ҳуқуқый тәрептен жетилистириў мақсетинде 1993 жыл 28 декабрьде Олий Мәжлис тәрепинен “Өним ҳәм хызметлерди сертификатлаў ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы қабыл етилди. Нызамның тийкарғы мақсети болса ислеп шығарылып атырған өнимлерди сертификатлаў барысында ҳуқуқый қорғаўды тәмийинлеў ҳәм сертификатлаў процесслерин және де беккемлеў бойынша биринши болып қойылған қәдемлерден бири еди.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери тәрепинен усынылған өнимлерди муўапықлық(жуўап бериўшилик) сертификациясы үшинши тәреп арқалы кепилленеди ҳәм орнатылған нызамларға муўапық пайда етилген система шегарасында әмелге асырылғанда ғана тән алынады. Бул процессте үшинши тәреп сериялы ислеп шығарылған өнимлердиң стандартлар шәртине абсолют тәрептен емес, бәлким белгили бир исенимлилик дәрежеси менен жуўап бере алыўын тастыйықлайды.
Республикамызда ҳәрекет етип атырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери тәрепинен аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўши кәрханалар экологиялық жақтан таза өним ислеп шығарыўға ерисиўи ушын ҳәмме ўақыт жаңа инновациялық технологияларды қолланыў олардың алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери тәрепинен экологиялық жақтан таза өнимлер ислеп шығарыўда сертификатлаў системасын кең қолланыў ҳәм усы арқалы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлери ортасындағы бәсекеге шыдамлылықты тәмийинлеўде төмендеги иләжларды әмелге асырыў мақсетке муўапық болып есапланады, яғный, инновациялық технологияларды қолланыў арқалы экологиялық жақтан таза өнимлерди ислеп шығарыў барысында маркетинг излениўлерин жетилистириў; экологиялық жақтан таза өним ислеп шығарыў қураллары ҳәм усылларын сертификатлаўға бағдарлаў; халыққа және де экологиялық жақтан таза өнимлерди ислеп шығарыўды усыныс етиў; бар болған өнимлерди және де жақсылаў, ишки базарларда экологиялық жақтан таза өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм усыныс етиў бойынша бәсеке орталығын раўажландырыўда шет ел тәжирийбелерин үйрениў ҳәм әмелде қолланыў, базар тутыныўшыларын экологиялық жақтан таза өнимлер менен қанатланыў дәрежесин үйрениў ҳәм оны рациональ раўажландырыўдан ибәрат болып есапланады.
Инновация келешекке бағдарланған ҳәр қандай бизнес хызметиниң тийкарғы тараўларынан бири. Бул тараў фирма маркетингине тиккелей байланыслы болып, бунда байланыс 2 тәреплеме бағдарға ийе инновациялық бөлимлер өз хызметинде базар талабы ҳәм жағдайының маркетинг изертлеўлерине тийкарланады ҳәм буннан келип шығып олар маркетинг хызметлери ўазыйпасына байланыслы ислейди деп айтыўға болады. Басқа тәрептен, илимий бақлаў, келешекти анықлаў ҳәм жаңа өнимлерди ислеп шығыў инновациялық бөлимлери тәрепинен маркетинг хызмети бөлимлери алдында жаңа өнимлерди базар уқыплылығын тийисли баҳалаўды өткериў талабын қояды.
Дүнья базарындағы күшли бәсеки жағдайында инновациялық бизнесте қандайда бир нәтийжеге, бул ҳәр түрли хызметтиң түрли тараўлары жетекши қәнигелериниң белгили бир мақсетке бағдарланған күшлерин бирлестириў жолы менен ғана ерисиў мүмкин. Керекли нәтийжеге ерисиў ушын бундай қәнигелердиң хызметин шөлкемлестириў жүдә қурамалы ҳәм актуал басқарыў шәрти болып есапланады. Соңғы ўақытта инновациялық бизнестиң 3 қурамлық бөлиминен, соның ишинде финанс ҳәм менеджменттиң роли артып бармақта.
Орай тәрепинен инвестицияларды финансластырыў ҳәм таңлаў жойбарларына қарағанда шөлкемлер менен биргеликте қайтарып бериў шәрти менен әмелге асырылады. Бундай жағдайларда әдетте инвестициялық циклдың тек биринши ҳәм екинши басқышларына ғана финансластырылады. Кейинги басқышлар инвестициялық өнимди санаатқа усыныў, яғный коммерцияластырыў объектине айланыўы керек.
Технологиялар, технопарклар ҳәм инкубаторлар ҳәзирги күнде пән техника, бизнес инкубаторлар системасын жаратыў еле алдында деп ойлаймыз.
ЖАҲОН МОЛИЯВИЙ - ИҚТСОДИЙ ИНҚИРОЗИ ШАРОИТИДА КАРХОНАЛАРНИ МОДЕРНИЗАЦИЯ ҚИЛИШ
Тлеуов Н., Жуманиязов Р.
Қорақалпоқ давлат университети
Мамлакатимизда жаҳон молиявий-иқтисодий инқирозининг оқибатларининг олдини олиш ва уларни бартараф этиш бўйича Инқирозга қарши чоралар 2009-2012 йиллар учун дастурини амалга ошириш бошлаб юборилди. Жорий йилнинг ўтган даври якунлари бу дастур ижроси ўзининг дастлабки, ишончли натижаларини бераётганини кўрсатмоқда. Мазкур дастурда корхоналарни модернизация қилиш, техник ва технологик жиҳатдан қайта жиҳозлашни янада жадаллаштириш, замонавий, мослашувчан юқори технологияларни кенг жорий этиш, жорий конъюнктура кескин ёмонлашиб бораётган ҳозирги шароитда маҳсулот экспорт қиладиган корхоналарнинг ташқи бозордаги рақобатбардошлигини ошириш, корхоналарнинг айланма маблағларини тўлдириш учун имтиёзли кредитлар бериш, тайёр маҳсулот ишлаб чиқаришга ихтисослашган, хорижий инвестиция иштирокида ташкил этилган корхоналарни бюджетга барча турдаги солиқ ва тўловлардан (қўшимча қиймат солиғи бундан мустасно) озод қилиш муддатини узайтириш, банклар кредитлари бўйича тўлов муддати ўтган ва жорий қарзлар миқдорини қайта кўриб чиқиш ва бошқа муҳим имтиёзлар беришга доир вазифаларнинг ҳал этилиши кўзда тутилган.
Президент Ислом Каримов томонидан ишлаб чиқилган ўзбек модели тамойилларига қатъий амал қилиниши унинг самарали зканлиги, иқтисоднинг сиёсатдан устувор эканлиги, кучли ижтимоий сиёсат, ислоҳотларни босқичма-босқич ва тадрижий равишда амалга ошириш мамлакат иқтисодий, молиявий ва ижтимоий соҳаларини модернизация қилиш имкониятини яратди. Мамлакатда изчил равишда ижтимоий-иқтисодий ривожланиш, ялпи ички маҳсулотнинг ошиши, банк-молия тизимини ислоҳ қилиш, қулай инвестицион сиёсат, янги корхоналарнинг ишга тушиши, мавжуд саноат тармоғини модернизация қилиш ва техник жиҳатдан қаита жиҳозлаш - буларнинг барчаси молиявий инқирознинг таъсирини камайтиришга хизмат қилади. Ҳукуматимиз томонидан молиявий-иқтисодий инқирозни бартараф этиш мақсадида, айниқса, реал секторни қўллаб-қувватлашга жиддий эътибор берилмоқда. Тегишли ташкилот ва муассасалар солиқ соҳаси маълум имтиёзларга эга бўлмоқда, банклар томонидан кредитлар ажратилмоқда. Мамлакатимизда экспортбоп маҳсулотлар ишлаб чиқаришда енгил саноат тармоғи етакчи роль ўйнаётгани аҳамиятга молик. Шуни инобатга олган ҳолда ҳукуматимиз томонидан мазкур тармоқда фаолият юритаётган корхона ва ташкилотларга молиявий кўмак берилмоқда.
- Сайёрамизда молиявий инқироз шабадалари эсаётган ўтган йилнинг ўрталаридаёқ давлатимиз раҳбари томонидан тегишли чора-тадбирлар режаси ишлаб чиқилди. - 2008 йил 28 ноябрда "Иқтисодиётнинг реал сектори корхоналарини қўллаб-қувватлаш, уларнинг барқарор ишлашини таъминлаш ва экспорт салоҳиятини ошириш чора-тадбирлари дастури тўғрисида"ги Президентимизнинг Фармони ва "Инқирозга қарши чоралар дастури" шулар жумласидандир. Мазкур муҳим ҳужжатлар, шунингдек, давлатимиз раҳбарининг юқорида қайд этилган китоб-шарида экспорт маҳсулотлари ишлаб чиқараётган корхоналарни қўллаб-қувватлашга ҳам алоҳида эътибор бериш зарурлиги бугунги молиявий инқироздан чиқишнинг мухим йўналиши эканлиги таъкидланади.
Шуларга мисол тарикасида айрим маълумотларни келитирб ўтсам: ҳозир Ўзбекистонда тўқимачилик, трикотаж, тикувчилик маҳсулотлари ишлаб чиқариш соҳаларида 200 дан ортиқ корхона фаолият олиб бормоқда. Шундан 43 таси хорижий хусусий корхоналари, қарийб 50 таси эса чет эл капитали иштирокида ташкил этилган қўшма корхоналар бўлиб, бу корхоналар тармоқда ишлаб чиқарилган умумий маҳсулот ҳажмининг 59,5 фоизини, экспортга чиқарилган маҳсулот ҳажмининг қарийб 90 фоизини беради. Айни пайтда экспорт қилувчи корхоналарнинг қарзларини таркибий ўзгартириш ҳамда бюджетга ва давлат мақсадли жамэгармаларига, етказиб берилган электр энергияси, табиий газ ва кўрсатилган коммунал хизматлар учун тўловлар бўйича пеняларни ҳисобдан чиқариш, ишлаб чиқаришни модернизациялаш, техник ва технологик жиҳатдан қайта жиҳозлаш, маҳсулот таннархини камида 20 фоизга пасайтириш бўйича аниқ чора-тадбирларни амалга ошириш ишлари олиб борилмоқда. Ўзи ишлаб чиқарган товарларни экспорт қиладиган корхоналарга молиявий қийинчиликларни бартараф этиш учун мақсадли маблағлар ҳисобига кредитлар бериш ишлари йўлга қўйилди. Ислоҳотларни амалга ошириш ва модернизациялашнинг ўзига хос моделини ҳаётга татбиқ этиш жараёнида ишлаб чиқилган Ўзбекистон молия-иқтисодий ва банк тизимидаги ҳимоя механизмлари эвазига мамлакатда молия-иқтисодий, бюджет, банк-кредит тизимлари, шу билан бирга корхоналар ва иқтисодиётнинг реал сектори барқарор ва узлуксиз ишлашини таъминлаш учун мустаҳкам ресурслар базаси яратилди. Бунинг натижасида жаҳон инқирозига самарали қарши туриш ва келгусида кучли, барқарор иқтисодиётнинг шаклланишига, иқтисодий ўсишнинг юқори суръатини сақлаб қолиш ва энг муҳими, аҳолининг бандлигини таъминлаш, фаровонлигини оширишни ўз вақтида ва муваффақиятли ҳал этишга шароит яратади. Китобда ургу берилган бу каби устувор мақсадларни амалга ошириш, дунёнинг қатор давлатларида, жумладан, иқтисодий ривожланган давлатларда ҳам инқироз чуқурлашиб бораётган бир пайтда, Ўзбекистон ривожланишнинг янада юқори поғонасига чиқишига хизмат юялади.
Ўзбекистон Президентининг инқироздан олдинги даврдаги иқтисодий ва сиёсий стратегияси ўз самарасини бергани, узоқни кўра билиш, кўпгина давлатлар амалга » ошира олмаган ишга - бугунгк кунда инқирознинг салбий таъсиридан мамлакатнинг молиявий-иқтисодий секторини асрашга шароит яратилгани аҳамиятга молик. Ўзбекистон тажрибаси инқироздан чиқиб кетиш ва етказилган зарарни
қоплаш мақсадида дунё мамлакатлари томонидан диққат билан ўрганилишга ва жорий қилинишга муносиб.
- Ҳозирги жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози авж олиб бораётган бир даврда мамлакатимизнинг ҳар бир фуқароси учун ушбу жараёнга баҳо бериш, унинг юзага келиш сабаблари, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этиш йўллари ва чораларини ишлаб чиқиш юзасидан жавобларга эга бўлишда Президентимиз Ислом Каримовнинг "Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари" номли асари муҳим асос саналади. Мазкур асарни ўрганишнинг долзарблиги шундаки, унда инқирознинг иқтисодиётимизга таъсир доираси ҳамда унинг оқибатларини олдини олиш ва юмшатишга асос бўлган омиллар - банк тизимини қўллаб-қувватлаш, ишлаб чиқаришни модернизация қилиш, техник янгилаш ва диверсификация қилиш, инновацион технологияларни кенг жорий этиш орқали жаҳон бозорида янги марраларга чиқишнинг ишончли йўллари ёритиб берилган.
Адабиётлар:
1. И.А.Каримов. Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари. «Ўзбекистон» Т. 2010.
2. http://milliytiklanish.uz
3. http://www. goodexo.uz
КИШИ КӘРХАНАЛАРДА БУХГАЛТЕРИЯЛЫҚ ЕСАПТЫ ЖҮРГИЗИЎДИ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ЖОЛЛАРЫ
Исмайлов К., Бекаева М.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Аннотация
Бул илимий мақалада киши кәрханаларға берилип атырған жеңилликлерге байланыслы олардың есап-санақ жумысларын әпиўайыластырған түрде жүргизиў ушын усыныслар берилген.
Экономикамыздың жоқары пәт пенен өсип барыўында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул саланы раўажландырыў арқалы ишки базарымызды бәсекилес ҳәм сапалы өнимлер менен толтырыўға, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм сол жерде олардың мүнәсиб дарамат табыўын, пәраўанлығының асып барыўына ерисиўге, жәмийетимиздиң социаллық-сиясий таянышы ҳәм фундаменти болған орта кластың қәлиплесиўине ҳәм беккемлениўин тәмийинлеўге мүмкиншилик жаратады.
Киши бизнес субъектлерин раўажландырып барыў менен бирге өз гезегинде, жеке меншик мүлктиң ҳуқық ҳәм қорғалыўын беккемлеўимиз, ҳәр қандай жеке меншик мүлк ийеси нызамлы жол менен қолға киргизген ямаса дөреткен өз мүлкиниң қол қатылмаслығына ҳеш қандай гүман етпеслигин тәмийинлейтуғын исенимли кепилликлер системасын жаратыўымыз зәрүр болады. Президентимиз өз баянатында «Ҳәр бир исбилермен, бәринен бурын, соны анық билип алыўы керек, мәмлекет жеке меншик мүлк ийеси ҳуқықларының қорғаўшысы болып табылады. Сол ушын исбилерменлер өз бизнесине қәўетерленбестен инвестиция киргизиўи, өндирислик жумысларын кеңейтиўи, өним көлеми менен алып атырған дәраматын көбейтиўи, өз мүлкине өзи ийелик етиўи, пайдаланыўы керек. Әне усы мақсетте базар экономикасының негизи есапланған жеке меншик мүлкке байланыслы мәмлекет тәрепинен берилип атырған тийкарғы кепилликлерди беккемлеўге қаратылған “Жеке меншик мүлкти қорғаў ҳәм мүлк ийелери ҳуқықлары кепилликлери ҳаққында” ғы Нызамды ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүр» деп атап көрсеткен еди.
Соның менен бирге Өзбекстанның быйылғы жылғы жалпы ишки өниминде киши бизнестиң үлеси 50 проценттен артып баратырғанына қарамастан, бул сала реал экономикамызда, бәринен бурын, санаатта жетекши орынды ийелей алмай атырғанын көрсетпекте. Президентимиз өз баянатында «Бул ўазыйпаны шешиў ушын “Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамның жаңа редакциясын таярлаў зәрүр» деп белгилеп өтти. Бул нызамда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў жолларын әпиўайыластырыў, олардың жумысы ушын көбирек еркинликлер бериўди нәзерде тутыў керек. Бул секторды кредитлеў, ресурслардан пайдаланыў, мәмлекет буйыртпаларын алыў, исбилерменлик субъектлери ислеп шығарып атырған өнимлерди сатыў ушын жаңа жеңилликлер бериў, халықаралық әмелиятқа муўапық дәраматлардың жыллық декларациясы түрине басқышпа-басқыш өтиў, финанс ҳәм статистика есап-санақлары системасын тағы да әпиўайыластырыў, соның ишинде, бундай есап-санақларды ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға электрон түрде усыныў сыяқлы механизмлер есабынан қоллап-қуўатлаў мәселелери де нызамда өз көринисин табыўы керек.
Жоқарыда көрсетилген усыныс ҳәм пикирлерге сүйене отырып киши кәрханалар өз финанслық – хожалық искерлигинде есап санақ жумысларын жетилистирип барыўы нәзерде тутылмақта.
Киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар кәрхананың есап сиясатын өзлериниң хожалық искерлиги талапларынан келип шыққан ҳалда бийғәрез түрде таярлайды. Бухгалтерия есабы ҳәм есабатлар киши бизнес субъектлери тәрепинен нызамшылық тийкарында белгиленген бирден-бир методикалық көрсетпелерге муўапық жүргизиледи. Есаптың әпиўайыластырылған формада қәлиплестирилиўи ушын киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар кәрханалардың финанслық - хожалық искерлиги бухгалтерия есабының үлги счётлар жобасы тийкарында қаржылар ҳәм олардың дереклери есабын тийкарғы счетларда жүргизиў имканиятын бериўши ҳәм бул арқалы улыўма бухгалтерия есабы мағлыўматларының исенимлилиги үстинен қадағалаўды тәмийинлеў мүмкиншилигин береди. Хожалық операцияларының бухгалтерия есабы счётларының қысқартырылған ис жобасын дүзиў ҳуқуқына ийе.
Киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар қолланылып атырған бухгалтерия есабы регистрларын төмендеги талапларға әмел қылған ҳалда өз жумысларына бийғарез рәўиште сәйкеслестирип алыўы мүмкиншилигине ийе болады:
- бирден-бир методика тийкарында (еки жақлама жазыў принципине);
- таллаў ҳәм жыйналған мағлыўматлардың өз-ара байланыслылығына;
- барлық хожалық операцияларының регистрларында жалпы саўлелениўине;
- есапқа алыўдың басланғыш ҳүжжетлери тийкарында есапқа алыўға;
- хожалық хызметин басқарыў ҳәм қадағалаў ушын, сондай-ақ финанслық есабатларды дүзиў ушын зәрүр болған көрсеткишлер бойынша басланғыш ҳүжжетлердеги мағлыўматларды топлаў ҳәм системаға келтириўге.
Киши кәрханалар ҳәм микрофирмалар ҳәр қыйлы меншик түриндеги кәрханалар сыяқлы есабат формаларының барлық түрлерин толтырып тийисли жерлерге тапсырып жүрместен, олар тек ғана Бухгалтерия балансын - 1-санлы форма, Финанслық нәтийжелер ҳаққындағы есабат - 2-санлы форма ҳәм Дебиторлық хәмде кредиторлық қарызлар ҳаққында мағлыўмат - 2а-санлы формадан ибарат болған жыллық финанслық есабатты тапсырыўының өзи жетерли болады. Бундай есап – санақ жумысларында киши кәрханаларға берилген имканиятлар олардың өз жумысларын жедел алып барыўда үлкен әҳмийетке ийе.
Сондай-ақ есабатларды тийисли ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға электрон түрде тапсырыўды еле де кең ен жайдырыў керек.
Буннан тысқары киши кәрханалардың жумысшыларының 1% көлменидеги жеке жыйнап барылатуғын пенсия есап-бетине өткермелерди қадағалаў ушын 6500 «Қамсызландырыў ҳәм мәмлекетлик мақсетли фондларға төлемлер бойынша қарызларды есапқа алыўшы счётлар» атамасын «Қамсызландырыў, мәмлекетлик мақсетли фондларға төлемлер ҳәм пухаралардың жеке жыйнап барылатуғын пенсия есап-бети бойынша қарызларды есапқа алыўшы счётлар» деп өзгертиў керек. Соның менен бирге киши кәрханалардың жумысшыларының 1% көлменидеги жеке жыйнап барылатуғын пенсия есап-бетине өткермелерди қадағалаў ушын 6500 счёты ишинде жаңа 6530 счётын ашыў мақсетке муўапық болады.
Достарыңызбен бөлісу: |