Kichik biznes va xususiy tadbirkorlik subiektlarining ulushi
Ko’rsatgichlar
|
o’.b
|
2009
|
2010
|
YHM dagi ulushi
|
%
|
60,7
|
63,6
|
Jami sanoatdagi ulushi
|
%
|
18
|
21,2
|
Qishloq xo’jaligidagi ulushi
|
%
|
95,6
|
95,1
|
Qurilishdagi ulushi
|
%
|
65,9
|
66,1
|
Chakana savdodagi ulushi
|
%
|
44,2
|
45,2
|
Jami xizmat ko’rsatishdagi ulushi
|
%
|
52,2
|
51,3
|
Yaratilgan yangi ishchi o’rinlari
|
Birlik
|
31169
|
35992
|
Prezident I.Karimovning tashabbusi bilan boshlangan iqtisodiyotni erkinlashtirish jarayonining oltita asosiy yo’nalishlarining bir etib kichik biznes sohasin erkinlashtirish vazifasi belgilab olindi. Bunda Prezidentimiz: “Biz faqat gina kichik va xususiy tadbirkorlikning yalpi ichki maxsulot ishlab chiqarishda asosiy rol kasb etib qolmasdan, shuning bilan birga uning xalqning yaxshi yashashini ta`minlashi va daromadlarining ortishida, ishsizlik muammosini echishda ham ahamiyatli omilga aylanishiga erishish lozim” 14
Qoraqalpog’iston Respublikasi tijorat banklari tomonidan kichik biznesni rivojlantirish maqsadida 2010-yilda 105964,7 mln so’m miqdorida kreditlar ajratildi ya`ni 2009-yilga nisbatan 139,8 foizni tashkil qildi.
Respublika iqtisodiyotidagi jami ish bilan band bo’lganlar ichida kichik biznesning ulushi 71,2 foizni tashkil etdi.
Hozirgi vaqtda kichik biznes Qoraqalpog’iston Respublikasining iqtisodiy rivojlanishining asosiy omillaridan hisoblanadi. Kichik biznes va xususiy tadbirkorlikning alohidaligi natijasida mikrofirmalar, agrar sektorda va qishloq xo’jaligi mahsulotlarida sezilarli ulushi bilan belgili.
Bunday ijobiy natijalarga erishishiga soliq sohasida olib borilayotgan siyosat yaxshi ta`sirini ko’rsatmoqda. Soliq stavkalarining kamayishi yurtimizda kichik biznes va xususiy tadbirkorlikning yanada rivojlanishiga, ularni sonining ortishiga olib kelmoqda. Kichik korxonalar sonining ortishi bo’sh ish o’rinlarini yaratib, aholini ish bilan ta`minlamoqda. Ishga tushirilgan kichik korxonalar faqat son jihatdan emas balki sifat jihatdan ham rivojlantirish shart. Chunki ishlab chiqarilgan maxsulot ichki va tashqi bozorga yo’naltirilgan, yuqori texnologiyaga asoslangan ishlab chiqarishni yo’lga qo’yish yaxshi samara beradi.
Foydalanilgan adabiyotlar
-
I.A.Karimov. “Kichik biznes va xususiy tadbirkorlik yili” davlat dasturi to’risidagi O’zbekiston Respublikasi prezidentining qarori. “Erkin Qaraqalpaqstan” gazetasi 12.02.2011 №19 (19013)
-
I.A.Karimov. Jahon moliyaviy-iqtisodiy inqirozi, O’zbekiston sharoitida uni bartaraf etishning yo’llari vа choralari. Т. O’zbekiston.2009
-
I.A.Karimov. “Ozod va obod Vatan, erkin va farovon xayot – pirovard maqsadimiz” T. O’zbekiston 1999
-
Qoraqalpog’iston Respublikasida ijtimoiy-iqtisodiy rivojlanishning 2010-yil yakunlari va iqtisodiy islohatlarning borishi haqidagi hisobot.
КИШИ БИЗНЕСТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДА БАНКЛЕРДИҢ РОЛИ
Кабулова Б., Сеилбекова М.Б.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Дүнья әмелиятында банклердиң раўажланыўын баҳалаўда, олардың тийкарғы көрсеткишлери арқалы ҳәрекет қылынады. Бүгинги күнде банклер активлериниң асып барыўы, биринши нәўбетте, олардың көрсетип атырған хызмет түрлериниң ҳәр қыйлылығы үлкен рол ойнайды. Дүнья әмелиятында түрли мүлкшилик формасындағы банклер системасында банклер ортасындағы бәсекениң күшейиўине ҳәмде банклердиң кеңейип барыўына имканият жаратады. Дүнья әмелиятында банклердиң қәлиплесиў элементлери тийкарынан 3 түрде алып барылады.
Бириншиси – саны тийкарында болып, буларға төмендегилер киреди: Устав фонды ҳәм капиталдың үлкен ямаса кишилиги, клиентлер саны, операциялар саны, рейтинги, корреспондентлик есабының саны, банк филиалларының саны, операциялар айланысы, банк технологиялары, хызмет ҳақы, рекламалар саны, беккемлиги.
Екиншиси – сапа тийкарында болып, буларға төмендегилер киреди: Банк хызмет ҳақы, хызмет сапасы, тезлиги, ислеўшилер қәнигелиги, клиентлер менен ислесиў этикасы, ислеўшилерди оқытыў, мийнет ҳақысы, клиентлер исеними.
Үшиншиси – социаллық жағдайы болып, буларға: өз – ара жәрдемлесиў, мийнет ҳақы, жумыс шараяты, клиентлерге болған ғамқорлығы киреди.
Бүгинги күнде банк хызмети түрлериниң көбейиўи, жаңа технологияларды банк операцияларына кеңнен ендириў тийкарында жүзеге келмекте.
Қарақалпақстан Республикасындағы коммерцияллық банклер тәрепинен киши бизнес хам жеке исбилерменликти финанслық тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларға имтиязлы кредитлер ҳәм микрокредитлер ажыратыў жолға койылған. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде республикадағы банклердиң бөлимлери тәрепинен усы тараўдың ўәкиллерине миллий валютада берилген кредитлер муғдары 2009-жылы 75,8 млрд сўмды пайда еткен болып, өткен жылға салыстырғанда 38,1 млрд сўмға көбирек муғдарда кредит бериуге еристи. Ажыратылған кредитлердиң 11,9% санаатқа, 24,1% аўыл хожалығына, 25,2% киши бизнес субьектлериниң айланба қаржыларын қәлиплестириўге 16,3% басқа тараўларды раўажландырыўға қаратылды. Соның менен бирге киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў натийжесинде қосымша рәўиште 13 мыңнан артық жаңа жумыс орынлары пайда етилди.
Мәмлекетимиз президентиниң 2009-жыл 26-январдағы 1047 санлы қарарына муўапық азық-ауқат товарларын ислеп шығарыўды кеңейтириў ҳәм ишки базарды толтырыў мақсетинде 16892,0 млн сўм муғдарында ҳәм 2009-жыл 28-январдағы 1050 санлы қарарына муўапык азық-аўқат товарларын ислеп шығарыўды кеңейттириў мақсетинде 13275,1 млн сўм муғдарында кредитлер берилген.
Мысал ушын, Төрткүл районында қусшылықты раўажландырыў ушын «Асака» тәрепинен «Төрткүл Браун Кусшылық» фермер хожалығына 100 млн сўм, балықшылықты раўажландырыўға «Антика» фермер хожалығына 30 млн, сўм ҳәм пал ҳәррешилигин раўажландырыў ушын « Микрокредитбанк» тәрепинен «Аскарбек палшы» фермер хожалығына 4 млн муғдарында кредит ажыратылған.
Ҳаял- қызлар искерлигин раўажландырыў ушын банклер тәрепинен 1152 проектке берилген кредитлер муғдары 9884,6 млн сўмды пайда еткен. Улыўма киши бизнес ўәкиллерине барлық ажыратылған микрокредитлер муғдары 11951,6 сўмға тең.
Республикамызда фермер хожалықларының раўажланыўына байланыслы Президентимиз И.А.Каримовтың «Өзбекстан Республикасында 2006–2010 жылларда хызмет көрсетиў ҳәм сервис тармағын раўажландырыўды жеделлестириў иләжлары ҳаққында» ғы ПҚ – 325 санлы қарары қабыл қылынды. Қарар орынланыўы ушын банк хызметлеринен пайдаланыўды күшейттириў мақсетинде қабыл етилген реже тийкарында жумыслар әмелге асырылған.
Бул қарар тийкарында бир қанша минибанклер шөлкемлестирилип, аўыл хожалығын кредит пенен тәмийинлеўде үлкен үлес қосып атыр.
Жуўмақлап айтқанда банклердиң раўажланыўы регионда экономикалық процесслердиң раўажланыўына, банк хызмети түрлериниң артыўына, клиентлердиң хызмет көрсетиў сыпатын жақсылаўға ҳәм банкке болған исенимниң жәнеде артыўына алып келеди.
Республикада банк системасында әмелге асырылған реформаларды «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик» жылында жәнеде күшейттириў мақсетинде халықтың банклерге болған исенимин жәнеде беккемлеў, кәрханалар ҳәм халықтың жамғармаларын банк акциялары ҳәмде аманатларына кең енгизиў ҳәм банклердиң ресурс базасын кеңейттириў мақсетке муўапық.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. И. А. Каримов Өзбекстан Республикасында 2006-2010 жылларда хызмет көрсетиў ҳәм сервис тармағын раўажландырыўды жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары.
2. Қарақалпақстан Республикасы банклери мағлыўматлары
3. Базар, пул ва кредит журнали
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИК – МИЛЛИЙ ЭКОНОМИКАНЫ ЖЕТИЛИСТИРИЎ ФАКТОРЫ СЫПАТЫНДА
Мырзанов Б.Ж., Пирназаров М.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Республикамызда киши бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәмде исбилерменликтиң ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылған ислер нәтийжесинде экономиканың бул тармағы барған сайын беккемленип, оның республикамыз экономикасындағы орны, жумыс пенен тәмийнлеў ҳәм өним ислеп шығарыўдағы салмағы жылдан-жылға артып бармақта.
Статистикалық мағлуўматларға карағанда, 1991-жылда мәмлекетимизде ислеп шығарылған жалпы ишки өнимде киши бизнес тараўының үлеси 1,5% ти, 2000-жылда 31,0% ти қураған болса, экономикалық реформаларды системалы әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2009-жылда 50,1% ти, 2010-жылда 52,5% ти қурады.
2000-жылда киши бизнес тараўында бәнт болғанлардың улыўма бәнтликтеги үлеси 49,7% ти, 2009-жылда болса 74,0% ти қурады. Ҳәр 1000 адамға туўры келетуғын киши бизнес субьектлери саны 2000-жылда 6 дан туўры келген болса, бүгинги кунге келип бул көрсеткиш, 17 ни қурамақта.
2009-жылда киши бизнестиң экономика тармақлары бойынша өним ислеп шығарыўдағы үлеси санаатта 16,9% ти, аўыл хожалығында 99,9% ти, улыўма товар айланысында, адамларға пуллы хызметлер көрсетиўде 53,4% ти, автомобил транспорты жүк айланысында 45,7% ти, жолаўшы тасыў көлеминде 54,9% ти қурады.
Анализлеримиз көрсетиўинше, киши бизнестиң сыртқы экономикалық искерлиги әсте-ақырын кеңейип бармақта. Оның улыўма экспорт көлеминдеги үлеси 2010-жылдың 1-январь жағдайына 14,6% ти қураған болып, бул көрсеткиш 2005-жылға салыстырғанда 6,7% ке артқан. 2010-жылда киши бизнестиң экспорт көлеми 1723,6 млн. АҚШ долларына жетти. Олардың тийкарғы экспорт өнимлерин - аўыл хожалығы, тоқымашылық, электротехникалық ислеп шығарыў өнимлери, халық әмелий дөретиўшилиги буйымлары қурамақта. Ҳүкимет исбилерменлик субьектлериниң сыртқы экономикалық искерлигин кеңейтириў ушын шәраят жаратып бермекте. Олар технологиялық әсбап-үскенелерди алып кириўде импорт бажы төлемлерин төлеўден азат етилген. Бул, өз нәўбетинде, дүнья базарында бәсекеге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспортқа сатыў имкәниятын береди.
Ҳәзирги шәраятта банклер тәрепинен киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субьектлерин финанслық қоллап-куўатлаў ушын берилген кредитлер, исбилерменлер ҳәм жеке шахсларға берилген микрокредитлер муғдары сезилерли көбейди. 2010-жыл 1-январь жағдайына киши бизнес тараўына коммерциялық банклери тәрепинен 1851,7 млрд. сум, усы қатарда микрокредитлер 322,1 млрд. сумлық кредит берилди.
Жаңадан шөлкемлестирилип атырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик кәрханаларын қоллап-куўатлаў мақсетинде жеңилликли кредит жамғармасының ресурс базасын еки есеге арттырыу көзде тутылған. Соның менен бирге, берилген жеңилликлердиң әмел қылыў мүддети узайтырылды, айланыс қаржыларын толтырыў ушын берилетуғын кредитлердиң ең узақ мүддети 12 айдан 18 айға узайтырылды.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң ролин жәнеде арттытыў ушын төмендеги иләжларды әмелге асырыў мақсетке муўапық:
-
санатта киши бизнес кәрханаларының үлесин арттырыў бойынша шара-иләжларды жетилистириў, экспортқа сай өним ислеп шығарыўшы кәрханаларды қоллап-қуўатлаў;
-
ишки ҳәм сыртқы инветициялар есабынан ислеп шығарыў қуўатын модернизациялаў ҳәм технологиялық қайта үскенелеў, жаңа кәрханалар пайда етиў арқалы бәсекеге шыдамлы өним ислеп шығарыў көлемин арттырыў;
-
фермер хожалықларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың материяллық ҳәм финанслық базасын беккемлеў, оларға жаңа имкәниятлар пайда етиў, хызмет көрсетиўди раўажландырыў.
Жуўмақлап айтқанда, республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти ҳәр тареплеме қоллап-қуўатлаў, олардың экспортқа сай, бәсекелесе алатуғын, сыпатлы товар ҳәм хызметлерин ислеп шығарыўды избе-из жолға қоя алатуғын беккем экономикалық тараўға айланыўын тәмийнлеўге ҳәрекет етиўимиз лазым.
KISHI BIZNES HA’M JEKE ISBILERMENLIKTI RAWAJLANDIRIW BAG’DARLARI
Tajekeev Z., Abdijamilov I.
Qaraqalpaq ma’mleketlik universiteti
Bu’gingi ku’nde ma’mleketimiz kishi biznes ha’m jeke isbilermenlikti rawajlandiriwg’a o’z-aldina ayriqsha itibar berilmekte. Sebebi, kishi biznes ha’m jeke isbilermenlikti rawajlandiriw ma’mleketimizdin’ ekonomikaliq siyasatinin’ strategiyaliq waziypasi esaplanadi.
Bizin’ bul boyinsha en’ u’lken jetiliskenligimiz jalpi ishki o’nim quraminda kishi biznes ha’m jeke isbilermenliktin’ u’lesi ko’beygeni ha’mde ma’mleketimiz ekonomikasin rawajlandiriwg’a onin’ ro’li sezilerli da’rejede joqarilag’aninda ko’rinbekte. 2000-jilda jalpi ishki o’nimnin’ derlik 31 protsenti ekonomikanin’ aktiv rawajlanip baratirg’an usi sektori u’lesine tuwra kelgen bolsa, 2010-jilda bul ko’rsetkish 52,5 protsentti quradi.
Respublikamizda bul bag’darda a’melge asirilip atirg’an jetiliskenlikler menen birge kishi biznestin’ turaqli rawajlaniwina tosqinliq qilip atirg’an mashqalalar da bar:
-
Isbilermenliktin’ qarji menen tez aylanatu’g’in bag’darlari uzaq mu’ddetli kapital qoyilmalardi talap etetug’in bag’darlarina qayshi kelmekte.
-
Orinlardaq isbilermenler ushin tutiniw bazarlari tiykarinan sirtqi bazarlar haqqinda qatan’ marketing izertlewlerin o’tkeriwshi qa’niygeler, joybar tayarlawshi du’zimler jetispeydi.
-
Isbilermenler ta’repinen o’ndirilgen o’nimlerdin’ ba’sekege shidamli emesligi, olardin’ sapa ha’m tovar ko’rinisinin’ xaliqaraliq talaplarg’a say kelmewi, olardi eksport qiliw imkaniyatlarin sheklep qoymaqta.
-
Kadrlar tayarlaw ha’m qayta tayarlaw du’ziminin’ toliq jetilispegenligi isbilermenlikke xizmet ko’rsetiwshi bazaar strukturasinda ta’jiriybeli qa’niygelerdin’ jetispewine sebep bolmaqta.
-
Ayirim jag’daylarda isbilermenlik subiektlerinin’ tu’rli ka’rxanalar ortasindag’i sha’rtnama minnetlemelerine toliq a’mel qilinbaslig’i na’tiyjesinda xojaliq ju’rgiziwshi subiektlerdin’ debitorliq ha’m kreditorliq qarizlarinin’ ko’beyiwi gu’zetilmekte. Usi sebepli qarjilardi o’zinin’esap nomerine kelip tu’siwin ku’tip atirga’n ka’rxana o’zinin’ haq-huqiqlarin qorg’aw maqsetinde sudlarg’a shag’im arzasin beriwge ma’jbu’r bolmaqta. Usi kirgizilgen shag’im arzalari sudlarda 2-3 ay dawaminda ko’rip shig’iladi.
Keleshekte respublikamiz ha’m onin’ aymaqlarinda kishi biznes bag’darinin’ turaqli rawajlaniwi ushin to’mendegi usinislardi beremiz:
-
Kishi biznes bag’darin rawajlandiriwg’a derek aymaqliq da’tu’rlerdi jetilistiriw za’ru’r.
-
Eksportqa say o’nim o’ndiretug’in ka’rxanalardi ha’r ta’repleme qollap-quwatlaw.
-
Shet el investitsiyasina tiykarlang’an ka’rxanalar sanin ko’beytiriw.
-
Fermer xojaliqlarin ha’r ta’repleme qollap-quwatlaw, olardin materialliq ha’m finansliq bazasin bekkemlew, awil xojaligi ka’rxanalarina o’zinin’ o’nimlerin qayta isleytug’in zamanago’y texnologiyalardi satip aliw ushin qolayli sharayat jaratiw.
-
Kishi biznestin’ innovatsion iskerligin ken’eyttiriw za’ru’r.
-
Isbilermenlerdi mag’liwmat penen ta’miyinlew, olarg’a zamanago’ylik haqqinda mag’liwmatlar jetkeriw.
-
Jurtbasshimiz aytip o’tkenindey, biz qaysi tarawda sotsial-ekonomikaliq reformalardi a’melge asirmayiq, ba’ribir ha’mme na’rse aqir-aqibetinde kadrlar ma’selesine barip taqala beredi. Kishi ka’rxana basshisi paydani bo’listiriw emes, qa’rejetti basqariwdi biliwi kerek. Kerek bolsa, kishi ka’rxana basshisi o’zi ushi , bir ta’repten « innovator », ekinshi ta’repten ja’ne « auditor», « buxgalter» boliwi kerek. Kishi ka’rxana basshisi biznes rejeni du’ziwdi, menedjment ha’m marketing strategiyalarin tuwri belgiley alatug’in basshi boliwi kerek.
Kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik tarawinin’ ma’mleketimizdi modernizatsiyalaw ha’m jan’alawdin’ isenimli tayanishi bolg’an mu’lk iyeleri klasin, yag’niy orta klasti jetilistiriwdegi u’lken a’hmiyetin hesh na’rse menen salistirip bolmaydi.
Ekonomikanin’ usi bag’darin elimizde qanday u’lken pa’tler menen rawajlanip baratirg’anin joqarida atap o’ttik. Bul orinda 2011-jilda bul tarawdin’ jalpi ishki o’nimdegi u’lesin 54 protsentke jetkeriw ko’zde tutilmaqta.
2011-jilg’a rejelestirilip qabil etilgen ha’m ma’mleketimiz parlamenti ta’repinen maqullang’an Respublika da’stu’rinde 950 min’nan artiq jan’a jumis ornin tiykarinan awilliq jerlerde jaratiw ko’zde tutilg’an.
Bul jumis orinlarinin’ 600 min’nan ziyatin kishi biznes ha’m jeke isbilermenlik tarawinda ashiw rejelestirilmekte. 73 min’nan artiq jumis orni transport ha’m injener-kommunikatsiya infrastrukturasin jedel rawajlandiriw rejelerin a’melge asiriw na’tiyjesinde jaratiladi.
Tiginshilik, a’weli, miynet sha’rtnamalari boyinsha ka’rxanalar menen kooperatsiya negizindegi kishi tiginshilikti, sonday-aq, shan’araqliq isbilermenlikti rawajlandiriw ba’ntlikti ta’miyinlewdin’ a’hmiyetli bag’dari bolip qaladi ha’m bul derlik 220 min’ adamdi jumis penen ta’miyinlew imkaniyatin beredi.
Ma’mleketimeiz basshisi qayta-qayta aytip o’tkenindey, ekonomikaliq jetiliskenlikke erisiw qa’lewinde ekenbiz, aldi menen ha’r bir tarmaqta isbilermenlikti, ha’r bir tarawda isbilermenlikti adetke aylandiriwimiz, barliq imkaniyat ha’m potensialimizdi usi maqsetlerdi a’melge asiriw ushin bag’darlawimiz za’ru’r.
КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ХОШАМЕТЛЕЎДЕ САЛЫҚ МЕХАНИЗМИ АРҚАЛЫ ТӘСИР ЖАСАЎ МАШҚАЛАЛАРЫ
Ситмуратов Т., Байжанов С.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
2009 жылда дүнья жүзлик финанслық экономикалық кризиске қарсы шаралар дәстүри шеңберинде экономикалық өсимди тәмийнлеў, жаңадан жумыс орынларын шөлкемлестириў, бәнтлилик машқаласын шешиў, халықтың дәраматлары ҳам абаданшылығын арттырыўда күннен-күнге әҳмийетли орынды ийелеп атырған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти тез пәтте раўажландырыў, хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаўға айырықша итибар қаратылмақта.
Әмелге асырылған шара-илажлар нәтийжесинде киши бизнес субъектлериниң жалпы ишки өнимдеги үлеси 2011 жылға келип 53 пайыздан артты. Бул көрсеткиш 2000 жылда 31 пайызды қураған еди. Бундай нәтийже биринши гезекте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик мәмлекет тәрепинен үзликсиз қоллап-қуўатланғанлығының нәтийжеси есапланады.
Салық механизми жәрдеминде экономиканы басқарыўда жеңилликлерди қолланыўдан мақсет айырым салық төлеўшилеринен салықларды кемейтиў яки азат етиў емес, бәлки ислетилип атырған дәраматлар, финанслық нәтийжелер ағымын экономикалық раўажланыў ушын зәрүр деп табылған тәрепке бағдалаў болып есапланады. Салық жүгиниң улыўма дәрежесин белгилеў арқалы экономиканы тәртипке салыўдың да әҳмийети кем-кемнен артып бармақта.
Салықлардың экономикалық процесслерге тәсирин анықлаўда көпшилик жағдайларда экономикалық әмелият нәтийжелериниң жетерлише қурамалы шынжырын анализлеў талап етиледи. Бунда түрли мүддетли ўақытларда түрлише, базыда қарама-қарсы нәтийжелер жүзеге келеди. Себеби реал экономикада ҳәмийше қарама-қарсы процесслер ҳүким сүреди. Сол себепли салықлар жардеминде экономиканы басқарыўды ҳеш қашан идеал дәрежеге алып барып болмайды. Бирақ оны экономиканың раўажланыўына тосық болмайтуғын, бәлки имканиятлар беретуғын дәрежеде сақлаў мүмкин, әлбетте.
Солай етип, салықлар жәрдеминде экономиканы басқарыў теориясы ҳәм әмелияты барлық мәмлекетлер экономикасы раўажланыўы тәжирийбеси тийкарында байып бармақта. Айырым бир мәмлекет ушын белгили бир теорияны яки тәжирийбени толық қоллап болмайды,
Жәҳән цивилизациясында түрли мәмлекетлердиң экономикалық дүзими, экономикалық, сиясий раўажланыў дәрежеси, өндирислик ҳәм меншиклик қатнасықлары жағдайының түрлише болыўы, өз нәўбетинде ҳәр бир мәмлекетте салықлардың бюджет дәраматларын қәлиплестириўдеги орнын, салықлардың қурамлық дүзилисин, тиккелей ҳәм жанапай қураллар арқалы салықка тартыў салыстырмасын, салықлар орынлайтугын функциялардан пайдаланыў шараятларын, салыққа тартыў принциплерин, салық жеңилликлери қурамы ҳәм олардан пайдаланыў дәрежесиниң, салық жүги дәрежесиниң де түрлише болыўын көрсетеди. Бундай шараятта салықлар арқалы экономиканы тәртипке салыў процесси де түрлише болыўы тәбийий әлбетте, бирақ барлық мәмлекетлерде бул басқарыўда салықлардан фискал хошаметлеўши ҳәм шегаралаўшы қурал сыпатында пайдаланылады.
Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик хызметиниң кеңейиўи экономиканың барлық сала ҳәм тараўлары өндириси көлеминдеги үлесиниң артыўы арқалы да көринеди.
Соннан, усы саланың санаат өнимлерин өндириўдеги үлеси 2008 жылдағы 13,9 пайыздан 2009 жылда 16,9 пайызға, аўыл хожалығында тийисли рәўиште 97,8 пайыздан 97,9 пайызға, тийкарғы капиталға инвестициялар көлеминде 23,1 пайыздан 23,7 пайызға, пуллы хызмет көрсетиў көлеминде 48,5 пайыздан 48,7 пайызға, экспорт көлеминде 12,4 пайыздан 14,6 пайызға шекем артты.
Республикамызда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң тез пәтте раўажланыўында ең дәслеп усы тараў ушын белгиленип атырған салық жеңилликлери жетерли дәрежедеги хошаметлеўши роль атқарыўы есапланады. Соннан бул бойынша 2009 жылда киши санаат кәрханалары ушын бирден-бир салық төлеми 8 пайыздан 7 пайызға пәсейттирилди, жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын болса белгиленген салық муғдары орташа 1,3 есеге кемейттирилди.
Республикамызда әмелге асырылған және бир әҳмийетли илаж-салық жүгин жеңиллестириў, салыққа тартыў системасын әпиўайыластырыў ҳәм унификациялаў бойынша хожалықлар структураларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша илажлар көрилди. Соннан кейинги жылларда мәмлекетимиздеги бир қатар салық ставкалары әҳмийетли дәрежеде пәсейттирилип барылмақта.
Өзбекстанда салық ставкаларының пәсейттирилиўи
Салық ҳәм басқа мәжбүрий төлемлер түри
|
2000 йил
|
2010 йил
|
Юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы
|
31
|
9
|
Физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы
|
15%, 25%, 36%, 40%
|
11%, 17%, 22%
|
Микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын бирден-бир салық төлеми
|
15
|
7
|
Юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық
|
4,0
|
3,5
|
Бирден-бир социаллық төлем
|
40
|
25
|
Соңғы он жыл даўамында юридикалық тәреплерден алынатуғын пайда салығы ставкасы 3,4 есе, микрофирма ҳәм киши кәрханалар ушын бирден-бир салық төлеми ставкасы 2,1 есе, юридикалық тәреплердиң мал-мүлкине салынатуғын салық ставкасы 1,1 есе, бирден-бир социаллық төлем ставкасы 1,6 есе пәсейттирилген. Буның нәтийжесинде мәмлекетимиздеги улыўма салық жүги де жыллар даўамында сезилерли дәрежеде пәсейип бармақта.
2009 жылда мәмлекетимиздеги жеңил ҳәм азық-аўқат санаатының тутыныў товарларын өндириўге қәнигелескен кәрханалары, сондай ақ жергиликли өндиристи раўажландырыў дәстүринде қатнасыўшы кәрханалар ушын кең көлемли қосымша салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилди. Соннан, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2009 жыл 27 январьндағы 1048-санлы қарарына қарай аўысық бөлеклер ҳәм детальлар, таяр өнимлер, материаллар ҳәм шийки зат түрлерин өндириўши кәрханалар 2011 жылдың 1-январына шекем:
-шеттен келтирилетуғын технологиялық әсбап-үскенелер ҳәм олар ушын аўысық бөлеклер, сондай ақ жергиликли өнимлер өндириўде технологиялық процессте пайдаланылатуғын, республикада өндирилмейтугын компонентлер ушын бажыхана төлемлери ;
-жергиликлилестириў проектлери тийкарында өндирилген өнимлер бойынша пайда салығы, бирден-бир салық төлеми;
- жергиликлилестирилетуғын өним өндириў ушын пайдаланылатуғын тийкарғы өндирислик фондлар бойынша мүлк салығын төлеўден азат етилди;
-үй-жай қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша жаңадан шөлкемлестирилип атырған қәнигелестирилген кесип алып ислеўши шөлкемлер 5 жыл мүддетке барлық түрдеги салықлардан азат етилди.
Нәтийжеде дүнья жүзлик финанслық экономикалық кризиске қарсы шаралар дәстүрин әмелге асырыў шеңберинде салық жеңилликлери ҳәм преференциялар бериў есабынан 500 миллиард сумнан артық қаржы хожалық субъектлериниң өзинде қалдырылды. Бул қаржы олардың айланыс қаржыларын толтырыў, өндиристи техникалық қайта үскенелеў, жаңа түрдеги өнимлерди өндириў, ислеўшилерди материаллық хошаметлеў ушын сарпланды.
Достарыңызбен бөлісу: |