Әдебиятлар:
-
Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2004 йил 4 ноябрдаги «2005-2007 йилларда фермер хўжаликларини жадал ривожлантиришга қаратилган таклифлар тайёрлаш бўйича махсус комиссия тузиш тўғрисида»ги Фармони, «Халқ сўзи», 2004 йил 5 ноябр
-
Каримов И.А. «Асосий вазифамиз-ватанимиз тараққиёти ва халқимиз фаровонлигини янада юсалтиришдир».// Халқ сўзи, 2010 йил 29 январь.
-
Каримов И.А. «Жаҳон молиявий иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида уни бартараф этишнинг йўллари ва чоралари» Тошкент, 2009 й.
-
Фармонов Т.Х. Фермер хўжаликларини ривожлантириш истиқболлари. Тошкент. «Янги аср авлоди» 2004.
-
Фермерлик фаолиятининг ҳуқуқий ва молиявий асослари. Тошкент, «Университет» 2005.
ШАРЎАШЫЛЫҚ ТАРАЎЫНДА ХЫЗМЕТ ЖҮРИТИЎШИ ФЕРМЕР ХОЖАЛЫҚЛАРЫН ФИНАНСЛАСТЫРЫЎДЫ ЖЕТИЛИСТИРИЎ МАШҚАЛАЛАРЫ
Мадреймов А.О.
Реформалар дәўиринде аўыл хожалығының экономикалық структурасында аўыл хожалығы кәрханалары хәм фермер хожалықларының дерлик 90 проценти егислик жерлерге ийелик етип, дийханшылық өнимлерин жетистириўге, ал қалған 10 проценти болса, шарўашылық өнимлерин жетистириўге қәнийгелескен.
1992-жылдан баслап жәрияланған Президенттиң бир қатар пәрманлары, Министрлер Кабинетиниң қарарлары түрли көринистеги хожалық жүргизиўдиң формаларын раўажландырыў ушын қолайлы нызамлы орталық жаратып берди. Аграр тараўда хожалық жүргизиўдиң тийкарғы үш түри жетилисти ( ширкет хожалықлары, яғный аўыл-хожалық кәрханалары, фермер хожалықлары ҳәм үй алды участкалары негизинде шөлкемлестирилген дийхан хожалықлары).
Қарақалпақстан Республикасында да фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыўға тийкарғы бағдар сыпатында итибар берилмекте. Өзбекстан Республикасында зыян көрип ислеп атырған ямаса пәс рентабелли коллективлик ҳәм мәмлекетлик хожалықларды тарқатыў ҳәм олар тийкарында фермер хожалықларын шөлкемлестириў тәжирийбеси бириншилерден болып Қарақалпақстан Республикасының Елликқала районында (1994 ж.) басланған еди.
1998-2000 жыллардан баслап аўыл-хожалық кәрханаларын экономикалық саламатластырыў басланып, бул илаж арқалы экономикалық жағдайы төмен болған ширкет хожалықлары фермер хожалықларына айлантырылды. Нәтийжеде 2002 жылда 7 хожалық, 2003 жылда 35 хожалық, 2004 жылда 35 хожалық, 2005 жылда 40 хожалық, 2006 жылда 20 хожалық ҳәм 2007 жылда 6 ширкет хожалығы, 7 жыл ишинде жәми 143 ири ширкет хожалықлары тарқатылып, фермер хожалықларына айлантырылды.
Шарўашылықта реформаларды жәнеде тереңлестириў, шарўашылық пенен шуғылланыўшы жеке жәрдемши, дийхан ҳәм фермер хожалықлары мәплерин қорғаў, оларда шарўашылықты, биринши гезекте қарамалшылықты раўажландырыўды хошаметлеўге қаратылган илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006 жыл 23 марттағы ПҚ-308-санлы “Жеке жәрдемши, дийхан ҳам фермер хожалықларында шарўа малларын көбейтиўди хошаметлеў шара илажлары ҳаққында” ҳәм 2008 жыл 21 апрелдеги “Жеке жәрдемши, дийхан ҳәм фермер хожалықларында шарўа малларын көбейтиўди хошаметлеўди күшейтиў ҳәмде шаўашылық өнимлерин өндириўди кеңейтиў бойынша қосымша шара илажлар ҳаққында” ғы 842-санлы қарарларында өз көринисин тапқан.
Қарақалпақстан Республикасында фермер хожалықлары саны ҳәм жер майданының өзгериў динамикасы
Көрсеткишлер
|
2002 ж.
|
2003ж.
|
2004 ж.
|
2005ж.
|
2006 ж.
|
1.Фермер хожалықлары саны
|
4509
|
5855
|
6767
|
8294
|
9066
|
соннан:
шарўашылық бағдарында
|
613
|
690
|
706
|
685
|
758
|
Дийханшылық бағдарында
|
3864
|
5157
|
6004
|
7552
|
8290
|
2.Фермер хожалықларының жер майданы жәми жер майданы, га
|
151723
|
241875
|
339065
|
464012
|
566197
|
3.Фермер хожалықларында бәнт болғанлар , адам
|
25974
|
37352
|
49127
|
64107
|
80003
|
4. Бир фермер хожалығының орташа жер майданы, га
|
33,
|
41,3
|
50,1
|
55,9
|
62,5
|
5. Бир фермер хожалығында ислеўшилер саны,адам
|
5,8
|
6,4
|
7,3
|
7,7
|
8,8
|
6.Фермер хожалығында ислеўши бир адамға туўра келетуғын жер майданы, га
|
5,8
|
6,5
|
6,9
|
7,2
|
7,1
|
Қарақалпақстан Республикасында 2011-жылдың 1-январына ҳарекетте болған фермер хожалықлары ҳаққында мағлыўмат
№
|
Районлар
|
Ф\хож.
саны
жәми
|
Пахташылық ҳәм ғәллешиликте
|
Овощ ҳәм
бахча
|
Бағшы
лық
|
Шарўашы
лық
|
Басқа
да
|
1
|
Төрткул
|
335
|
242
|
-
|
50
|
38
|
5
|
2
|
Беруний
|
308
|
231
|
-
|
31
|
36
|
10
|
3
|
Елликқала
|
372
|
286
|
-
|
19
|
43
|
24
|
4
|
Амўдарья
|
280
|
256
|
-
|
6
|
18
|
-
|
5
|
Хожели
|
277
|
217
|
6
|
9
|
33
|
12
|
6
|
Шоманай
|
117
|
99
|
-
|
-
|
15
|
3
|
7
|
Қанлыкол
|
164
|
139
|
5
|
5
|
11
|
4
|
8
|
Қоңырат
|
189
|
171
|
2
|
4
|
12
|
-
|
9
|
Нөкис
|
345
|
165
|
141
|
3
|
27
|
9
|
10
|
Кегейли
|
198
|
161
|
-
|
1
|
31
|
5
|
11
|
Шымбай
|
330
|
280
|
12
|
11
|
23
|
4
|
12
|
Қараөзек
|
283
|
282
|
-
|
-
|
1
|
-
|
13
|
Тахтакөпир
|
133
|
119
|
1
|
1
|
12
|
-
|
14
|
Мойнақ
|
23
|
5
|
1
|
1
|
16
|
-
|
|
ҚР
бойынша
|
3354
|
2653
|
168
|
141
|
316
|
76
|
Егерде 2002 жылда фермер хожалықларының саны 4509 болған болса оннан 3864 хожалық дийханшылық ҳәм 613 хожалык шарўашылық пенен шуғылланған,
2006 жыл соңына келип, фермер хожалықлары саны 9066, соннан 758 фермер хожалығы шарўашылық өнимлерин жетистириўге қәнигелескен.
2011 жылға келип бул көрсеткишлер аграр реформалардың жетилистирилип барыўы менен фермер хожалықлары ирилендирилип барыўы негизинде дийханшылық ҳам шарўашылық салаларында фермер хожалықларының саны бираз қысқарды.
Фермер хожалықларының өндирислик хызметин шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыўда финанслық жетиспеўшиликлер ҳәзирги дәўирде көп ушырайтуғын машқала. Соның ушын Республикада фермер хожалықларын раўажландырыў мақсетинде оларға кредитлер бериў системасы ислеп шығылган. Фермер хожалықларын кредитлестириў еки бағдарда әмелге асырылады. Дәслеп фермер хожалығы хызметин шөлкемлестириў ҳәм раўажландырыўда берилетуғын кредитлер, соңынан фермер хожалықларының мәмлекетлик буйыртпалар бойынша өнимлерди өндириў қәрежетлерин кредитлестириў.
Фермер хожалықларын шөлкемлестириў ҳам раўажландырыў бойынша коммерциялық банклер тәрепинен микрокредит бериў Өзбекстан Республикасы Орайлық банк тәрепинен 2000 жыл 22 февральдағы 464 санлы “Коммерциялық банклер тәрепинен юридикалық тәреп статусын алып ислеп атырған фермер хожалықлары ҳәм киши бизнестиң басқа субъектлерин миллий ҳәм шет ел валютасында микрокредитлеў тәртиби” ҳаққындағы қарары менен әмелге асырылады.
Юридикалық тәреп статусын алып ислеп атырған фермер хожалықлары ҳәм киши бизнестиң басқа субъектлерине берилетуғын микрокредитлер дегенде кредит берилетуғын күндеги Республика Орайлық банки курсы есабында 10000 АҚШ долларына эквивалент муғдарынан аспайтуғын көлемде миллий ямаса шет ел валютасында берилетуғын кредитлер түсиниледи.
Микрокредитлер қарыз алыўшыларға төмендеги мақсетлер ушын бериледи:
-киши үскенелерди сатып алыўға;
- Фермер хожалықларының өндирисин раўажландырыў ҳәм кеңейтиў, соның ишинде аўыл хожалық техникаларын сатып алыў, имаратлар қурыў, тухым, шарўа маллары, жас шарўа маллары, қуслар, от-жемлер, ветеринария дәри-дармақлары, өсимликлерди қорғаў ушын химиялық қураллар ҳәм минерал төгинлер сатып алыў;
-мийнет қураллары, шийки зат, ярым таяр өнимлер ҳәм жәрдемши қураллар сатып алыўға;
-сервис хызмети ҳәм турмыслық хызмет көрсетиўди раўажландырыў;
-Өзбекстан Республикасының әмелдеги нызамшылығы менен қадаған етилмеген халқ тутыныў товарларын өндириў ҳәм хызмет көрсетиў тараўы менен байланыслы исбилерменлик түрлериниң басқада түрлерине.
Микрокредитлер алыў ушын банкке төмендеги ҳүжжетлер усынылады.
-микрокредит алыў ушын кредит буйыртпасы;
-пул ағымы анализи мәжбүрий тәризде көрсетилген бизнес реже;
-ақырғы есабат сәнесине Мәмлекетлик салық хызметиниң жергиликли мекемеси тәрепинен тастыйқланған бухгалтерия балансы, дебиторлық ҳәм кредиторлық қарызы ҳаққында мағлыўмат ҳәм финанс нәтийжелери ҳаққында есабат.
Буннан басқада шарўашылықта ис жүритиўши фермер хожалықларын финансластырыўда дерек сыпатында бюджеттен тысқары фондлар қаржыларынан ҳәм халқаралық финанс институтлары кредитлериненде пайдаланылады.
Пайдаланылған әдебиятлар:
1. С.Дехқонов «Фермер хўжалигини кредитлаш, давлат буюртмаси асосида қишлоқ хўжалиги маҳсулотини етиштиришни молиялаштириш ва инвестицияларни жалб қилиш» Ўқув қулланма Ташкент давлат аграр университети Т-2004 й.
2. Фермер хўжаликлари иқтисодиёти. Ўқув қўлланма Т-2010 й.
3. ҚР Статистика мағлыўматлары
ЭКОНОМИКАНЫ МОДЕРНИЗАЦИЯЛАЎДА ЖЕКЕ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ҲӘМ ШАҢАРАҚЛЫҚ БИЗНЕСТИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ЖОЛЛАРЫ
Данияров Қ.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Экономикалық реформалардың тереңлесиўи нәтийжесинде исбилерменлик хызметиниң ҳәр қыйлы меншикликке тийкарланған түрлери қәлиплести. Өзбекстанда әмелге асырылған унамлы ислер нәтийжесинде 2010 жыл ақырына дизимге алынған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң саны 231717 болып, бул 2009 жылға салыстырғанда 11863 ке яғный 5,3%ке көбейген. Экономикадағы жәми жумыс пенен бәнтлиликтиң 74,3%и киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери үлесине туўра келеди.
Базар қатнасықлары жағдайында киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў, бул саланың мәмлекет экономикасындағы үлесин көбейтиў мәмлекет раўажланыўының ең тийкарғы ўазыйпалардан бири есапланады. Ҳәзирги жағдайда бул саланы раўажландырмай турып, мәмлекеттиң экономикасын көтериў, жумыссызлық дәрежесин пәсейттириў, халықтың дәраматын жоқарылатыў усаған зәрүрли социал-экономикалық мәселелерди шешип болмайды.
2008-2010-жылларда, яғный дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде экономикалық өсим пәтлери сезилерли дәрежеде түсип кеткен, ислеп шығарыў пәсейген бир ўақытта Өзбекстанда жалпы ишки өнимниң өсиў пәти 2010-жылда 8,5% ти қурады. Жалпы ишки өниминдеги киши бизнесте санаат өними 19,6%, қурылыс жумыслары 52,3%, усақлап сатыў саўда айланысы 50,5%, халыққа пуллы хызмет көрсетиў 47,7% қураған.
Өзбекстан 2010 жылда жалпы ишки өниминде киши бизнестиң үлеси 52,5% туўра келиўине қарамастан, бул сала реал экономикада, санаатта жетекши орынға ийе емес, сонлықтанда бул ўазыйпаны шешиў ушын “Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында”ғы Нызамның жаңа редакциясын таярлаў ҳәм бул нызамда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерин шөлкемлестириў жолларын әпиўайыластырыў, олардың жумысы ушын көбирек еркинликлер бериў, бул секторды кредитлеў, ресурслардан пайдаланыў, мәмлекет буйыртпаларын алыў, исбилерменлик субъектлери ислеп шығарып атырған өнимлерди сатыў ушын жаңа жеңилликлер бериў, халықаралық әмелиятқа муўапық дәраматлардың жыллық декларациясы түрине басқышпа-басқыш өтиў, финанс ҳәм статистика есап-санақлары системасын тағы да әпиўайыластырыў, соның ишинде, бундай есап-санақларды ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға электрон түрде усыныў сыяқлы механизмлер есабынан қоллап-қуўатлаў бүгинги күнниң актуаль мәселеси болып қалмақта.
Халықтың турмыс дәрежеси ақырғы нәтийжеде шаңарақ абаданшылығы менен тығыз байланыслы. Базар қатнасықлары жағдайында шаңарақлық бизнести раўажландырыў мәселеси ең актуаль мәселелерден бири. Бирақ, бул мәселе мәмлекетимизде үлкен шөлкемлестириўшилик ҳәм басламашылық жумысларын әмелге асырыўды талап етеди.
Ҳәзирги экономикалық орталық айрықша «Шаңарақлық бизнес ҳәм оны қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўин талап етпекте. Бундай нызамның жаратылыўы тәбийий, реформалар жеделлесиўинде, ең әҳмийетлиси шаңарақлардың турмыс дәрежесин жоқарылатыўда ең зәрүрли нызамлық тийкар болып хызмет етеди.
Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримов атап өткениндей: «Бүгинги күнде киши бизнес ҳәм исбилерменликти кеңейтиў ушын бизнестиң жаңа шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түри ретинде шаңарақлық бизнести нызамда белгилеп қойыў ўақты келди. Елимизде бизнести шөлкемлестириўдиң бул түри бизнести жүргизиўде жүзеге келген миллий дәстүрлеримизге, хожалық жүргизиў жумысының ҳәрекет етип турған жағдайына толық сай келеди. Бундай бизнести шөлкемлестириўдиң нызамшылық базасы жаратылса, шаңарақлық бизнестиң ҳуқықый кепилликлерин күшейтиў, экономиканың ҳәр қыйлы салаларында оның жедел ҳәм кең раўажланыўы, ҳәм жаңа жумыс орынларының ашылыўына шараят туўылатуғынлығына исенимим кәмил»16.
Ҳақыйқатында да бүгинги күнде шаңарақ хожалығында ислеп шығарыўды жолға қойыў әҳмийетли мәселелердиң бири саналмақта.
«Шаңарақ хожалығында ислеп шығарыў» түрлериниң пайда болыўы тарийхый жақтан нәзер салсақ, бул орта әсирдиң ақырына туўры келеди. Бунда жумысшылар исбилерменлерден зәрүрли шийки затларды алып, өним ислеп шығарған ҳәм барлық ислеп шығарыў процесси шаңарақта жүзеге асқан.
Базар экономикасы жағдайында ислеп шығарыў түрлериниң бул көриниси исбилерменлерге анағурлым материаллық мәп келтиреди:
Бириншиден, исбилерменлердиң тийкарғы капиталға кететуғын шығынлары үнемленеди;
Екиншиден, мийнетти шөлкемлестириўде жумысшы күши шаңарақтың өзинде жетисип шығады ҳәм бул жерде үй бийкелери мийнетинен, ўақытша жумыссызлар ҳәм майыплар мийнетинен пайдаланыў мүмкиншилигин береди. Бул өз нәўбетинде өнимниң өзине түсер баҳасының төменлеўине алып келеди.
Ҳәзирги экономиканы еркинлестириў жағдайында шаңарақ хожалықларының экономикалық ўазыйпасы ҳәм базар қатнасықларындағы қатнасы бир қанша дәрежеде кеңейип бармақта. Шаңарақ хожалығы микроэкономикалық субъекти сыпатында, раўажландырыў турмыслық зәрүрликке айланбақта.
Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримов атап өткениндей: «Үлкемиздиң өзине тән, жумыс күшиниң ҳәдден тысқары көп болыўы, раўажланған аўыл-хожалық ҳәм шийки-зат базасы, ҳәтте айтыў мүмкин, халықтың дәстүрлери, руўхы киши ҳәм шаңарақлық бизнести, жеке исбилерменликти жедел раўажландырыўды объектив зәрүрлик етип қоймақта»17.
Шаңарақлық бизнести қәлиплестириў мәмлекетимизде бир қанша социал-экономикалық машқалаларды шешиўге мүмкиншилик береди:
1ден, базар экономикасының тийкарғы ҳәрекетке келтириўши күши есапланған мүлкдарлар класын пайда етеди.
2ден, мәмлекетимиздиң базарын тутыныў товарлары ҳәм ҳәр қыйлы хызметлер менен байытыў имканиятын жаратады.
3ден, жаңа жумыс орынларын жаратыў есабына, жумыссызлықты сапластырыў машқаласын шешеди.
4ден, шаңарақлық дәраматларының артыўына тийкарғы дерекке айланады.
Сонлықтан да шаңарақ хожалығы исбилерменлигин ҳәзирги заман дәрежесинде раўажландырыў, жетик дәрежеде бәсекилеслик өнимлер (жумыс ҳәм хызметлер) ислеп шығарыў жағдайына келтириўге ерисиў лазым. Бул болса адамлардан, пүткил халықтан турақлы излениўшиликти, басламашылықты, жаңа идеялар ойлап табыўшылықты талап етеди.
Шаңарақ хожалығы исбилерменлиги -бул шаңарақ хожалығы ағзаларының өз мүлкине сүйенип, дәрамат алыўға бағдарланған экономикалық хызмети есапланады.
Шаңарақ хожалығында экономикалық ўазыйпаларды төмендегише ажыратып көрсетиў мақсетке муўапық:
-шаңарақ хожалығында исбилерменлик хызметин жүргизиў;
-жумыс күшин тәкирар ислеп шығарыў;
-шаңарақтың тутыныў талабын қанаатландырыў;
-инвестициялық имканиятлардан пайдаланыў (шаңарақ дәраматы есабынан);
-товар ислеп шығарыў ҳәм хызметлер көрсетиў.
Базар экономикасы жағдайында шаңарақлардың турмыс хызмети тәрепинен шаңарақтың жаңа имканиятлары ҳәм мүтәжликлери, раўажланыў шараятларын жүзеге асырыў ҳәм оның экономикалық ўазыйпасын әмелге асырыў, социал-экономикалық потенциалын көтериў социаллық қорғаўды тәмийинлеў ҳәм нормал турмыс дәрежесин тәмийинлеў менен жүзеге асады. Заманагөй шаңарақ ҳәм оған тийкарланған шаңарақ хожалығы шахстың социаллық, экономикалық ҳәм басқа мүтәжликлерин соның ишинде, шаңарақтың өзин ҳәм жәмийеттиң бир пүтинликте қанаатландырыўын әмелге асырады. Шаңарақ хожалығы экономиканы ислеп шығарыў факторлары менен тәмийинлейди, оларды ресурслар базарына жеткерип бериў арқалы материаллық дәрамат алады ҳәм шаңарақ ағзаларының мүтәжликлерин қанаатландырыў мақсетинде товар ҳәм хызметлер тутыныўы ушын қәрежетлерди әмелге асырады.
Жоқарыда айтылғанлардан төмендеги жуўмаққа ийе болдық:
-
әмелге асырылып атырған түп реформалар нәтийжесинде, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти мәмлекет тәрепинен қоллап қуўатланыўын тәмийинлеў;
-
шаңарақлық бизнестиң ҳуқықый тийкарларын жаратыў ҳәм усының тийкарында олардың белсендилигин арттырыў;
-
жаңа жеке сала есапланған шаңарақлық бизнести раўажландырыў ҳәм тезлестириў;
-
жаңа жумыс орынларының пайда болыўы нәтийжесинде халықтың бәнтлигин жоқарылатыў;
-
базарды товар ҳәм хызметлер менен толтырыў есабынан баҳалардың турақлылығына ерисиў;
-
шаңарақ хожалығы дәраматларын көбейтиўи арқалы халықтың турмыс дәрежесин көтериўге мүмкиншилик береди деп ойлаймыз.
Әдебиятлар:
-
Өзбекстан Республикасы Конституциясы. -Т.,1992 ж.
-
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2007-2010 жылларда меншиклестириў процесслерин және де тереңлестириў ҳәм шет ел инвестицияларын бағдарлаў илажлары ҳаққында»ғы 2007 жыл 20 июлдағы ПК-672-санлы қарары.
-
Каримов И.А. Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пухаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы, - Т: 2010,
-
Каримов И.А.Ўзбекистон XXI аср бўсағасида хавфсизликка тақдид, барқарорлик шартлари ва тараққиёт кафолати, -Т: Ўзбекистон 1997, 197 бет.
КИШИ БИЗНЕС КӘРХАНАЛАР ХЫЗМЕТИНЕ ФИНАНСЛЫҚ РИСКЛЕРДИҢ ТӘСИРИ
Айтмуратова У.Ж.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде жеке сектор ҳәм киши бизнести раўажландырыў ең әҳмийетли ҳәм актуал мәселелерден бири болып есапланады. Усы тийкарынан, Президентимиз И.А.Каримов өз мийнетлериниң биринде «Мәмлекетте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў ҳәм оны қоллап қуўатлаў, бунда потенциал сырт ел инвесторларды излеп табыў, келеси капиталлар менен байланыс орнатыў, қоспа кәрханалар ашыў, олар ушын қолайлы шәраятлар жаратыў мәселеси экономикада үстин деп есапланыўы лазым »18 деп айрықша көрсеткен еди.
Ҳәзирги ўақытта жүз берип атырған дүнья жүзлик финанслық-экономикалық кризис шәраятында экономикалық ойын қағыйдаларының тез өзгериўи ҳәр қандай кәрхана ушын өз турақлы қәбилетин сақлап қалыўы, олардың хызметине финанслық рисклерди басқарыўды шөлкемлестириў ҳәм жүзеге келетуғын финанслық машқалаларды шешиў ўазыйпасы үлкен әҳмийет талап етпекте.
Рисксиз бизнести шөлкемлестириў қыйын процесс, экономикада риск дәрежесиниң көбейўи, өз нәўбетинде исбилерменлик еркиниң көбеўи есапланып, белгили мәнисте, ол сол еркинлик, сол ықтыярлық ушын төленген ҳақ болып есапланады. «Риск» сөзи испанша-португалша алынған болып, «суў астындағы тикжарлық» деген мәнисти билдиреди. Атақлы алым С.И.Ожеговтың мийнетинде «риск-бул табысқа умтылыў, бахытлы хәдийсеге үмит» деген мәнисти аңлатады деген болса, атақлы алым Вебстер мийнетинде риске «қәўип-қәтер, зыян көриў итималы» деп қаралған. В.Т. Севрюк «риск-бул жағдай, бир ислеп шығарыўдың ситуатив жағдайы» деп тәрип берилген болса, рус алымы А. Ольшанский «риск-бул зыян көриў яки мәпти қолдан шығарыў менен байланыслы итималлар өлшеми»19 деген тәрип келтиреди.
Экономикада базар қатнасықларының раўажланыўы менен бәсекеде күшейеди. Әне усы бәсеке күшейиўине шыдам бериў ушын ислеп-шығарыў процессинде техника жаңалықларының енгизилгенлиги сайын исенимли ҳәрекет етиў лазым. Бул болса истиң нәтийжесинде рискти күшейтиреди.
Бундай шәраятта рисктиң болыўы тәбийий екенлигин тән алыў, ўақыялық келешеклерин белгилеўге үйрениў, рискти бахалаў ҳәм оның жол қойылыўы мүмкин болған шегаралардан өтип кетпеў лазымлығын тән алыў мақсетке муўапық есапланады.
Улыўма алғанда, рисклердиң түрлери бир нешеге бөлинеди, бирақ бизиң пикиримизше төмендегилер олардың тийкарғылары болып есапланады:
-ислеп шығарыў риски;
-коммерциялық риски;
-финанслық риски;
Ислеп шығарыў риски өнимлер, товарлар, ислеп-шығарыў, хызметлер көрсетиў менен яки ислеп шыгарыў хызметиниң ҳәр қандай түрин әмелге асырыў менен байланыслы. Бул рисктиң жүзеге келиў себеплериниң ең әҳмийетлиси төмендегилерден ибарат:
а) ислеп-шығарыў көлеминиң көзге тутылған дәрежесиниң пәсейўи;
б) материаллық яки басқа қәрежетлериниң өсиўи;
в) салықлар ҳәм басқа мәжбүрий ажратпаларды төлеў ҳәм басқалар.
Исбилермен тәрепинен ислеп шығарылған яки сатып алынған товарлар, өнимлер ҳәм хызметлерди сатыў процессинде жүзеге келетуғын риск коммерциялық риск деп аталады. Бул рисктың себеплери төмендегилер болыўы мүмкин:
а) базар конъюктурасының өзгериўи нәтийжесинде сатыў көлеминиң кемейўи;
б) онимлер сатыў баҳасының көтерилиўи;
в) көзде тутылмаған ҳалда сатып алыў көлеминиң пәсейўи;
г) айланыс процессинде өнимлердиң көбейип кетиўи ҳәм басқалар.
Финанслық риск-бул кәрхананың коммерциялық банклер ҳәм басқа финанслық институтлар менен жүзеге келетуғын қатнасықлар тараўындағы рисклер жыйындысына айтылады. Кәрхана хызметиниң финанслық риски көпшилик жағдайларда қарызларының өз қаржыларына салыстырыў менен өлшенеди.
Жәҳән тәжрийбеси соны көрсетеди, кәрханалар ушын олардың хызмети даўамында жүзеге келиўи мүмкин болған финанслық рискти кемейтириў үлкен әҳмийет талап етеди. Соннан келип шыққан ҳалда финанслық рисклерди кемейтириў бойынша иләжлар ислеп-шығыў ҳәм практикаға енгизиў ҳәр бир кәрхана финанслық сиясаттың структуралық бөлеги сыпатында қәлиплесиўи лазым.
Әсиресе, республиканың район ҳәм аўыл жерлериндеги кәрханалар хызмети даўамында ушыраўсыўы мүмкин болған финанслық рисклерди кемейтириў тийкарынан көрилетуғын илажлар олардың финанслық турақлығын тәмийинлеўде ҳәм раўажландырыўда үлкен әҳмийет талап етеди.
Кәрхана хызметинде жүзеге келетуғын финанслық рисклерди кемейтириўде қамсызландырыўдың әҳмийети үлкен болып, исбилермен гөзлеген мақсетине хызметтеги рисклерди қамсызландырыў арқалы кемейтириў нәтийжесинде ериседи.
Исбилерменлик хызмети менен шуғылланыўшы юридикалық ҳәм физикалық шахслар бизнес-режелерин әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларға йие болыў керек. Олар республикадағы акционерлик коммерциялық банклерден ҳәм басқа финанслық мекемелерден кредит алады. Сонда олардың хызметиндеги риск (кредитти қайтара алмаслық жағдайындағы жуўапкершилиги) пайда болады. Жоқарыда ҳәм соған уқсас исбилерменлик хызмети даўамында жүзеге келетуғын финанслық рисклерди алдыннан анықлаў ҳәмде оларды сапластырыў бағдарларын алдыннан анықлаў тек ғана әҳмийетли емес, бәлким ҳәзирги күнде актуал мәселелердиң бири болып есапланады.
Хәзирги дүнья жүзлик финанслық-экономикалық кризиси экономикамыздың реал қатнасыўшылары болған кәрханаларды кризиске қарсы финанслық басқарыўын шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў ҳәмде олар хызметин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың тәсиршең инструментлерин иске салыў талап етеди.
Усы көз-қарастан, дүнья жүзлик финанслық-экономикалық кризис дәўиринде кәрханаларда кризиске қарсы финанслық рисклерди кемейтириўдиң тийкарғы жоллары төмендегилерден ибарат:
-Хожалық хызметин информация менен тәмийинлеў дәрежесин арттырыў;
-Финанслық қәрежетлерди нормалластырыў;
-Рисклерди қамсызландырыў;
-Капитал қойылмаларды диверсификациялаў ҳәм хызмет түрин кеңейтириў;
-Рисклердиң экономикалық ҳәм хуқықый басқарыўдың нәтийжели системасын жаратыў ҳам басқалар.
Соңғы жыллар дәўиринде кәрханалардың хызметин еркинлестириў, олардың хызмети даўамында жүзеге келиўи мүмкин болған рисклерди сапластырыў ҳәм кемейтириў менен байланыслы машқалалар өз шешимин таппақта.
Достарыңызбен бөлісу: |