Экономика факультети бизнес ҳӘм басқарыў факультети экономиканы раўажландырыўда модернизациялаў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң орны Мақалалар топламы Экономика илимлериниң кандидаты Б. Мырзаевтың редакторлығында



бет16/25
Дата07.03.2016
өлшемі2.54 Mb.
#46366
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   25

Әдебиятлар:

  1. Каримов И. А. Банк тизими, пул муомаласи, кредит, инвестиция ва молиявий барқарорлик түғрисида. Т. Ўзбекистон, 2005. 447-б.

  2. Каримов И.А.“Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида бартараф этишнинг йўллари ва чоралари”. “Ўзбекистон” нашриёти., 2009 й, 56 б.

  3. Каримов И.А.“Жаҳон молиявий-иқтисодий инқирози, Ўзбекистон шароитида бартараф этишнинг йўллари ва чоралари”. “Ўзбекистон” нашриёти., 2009 й, 56 б.

  4. Каримов И.А. Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пухаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы, - Т: 2010,

  5. Гнезденко А.А. Основы страхования.-М. Финансы и статистика, 1999, 148-бет.

  6. Шермет А. Финансы предприятий. М. ИНФРА, 2007.


МӘМЛЕКЕТИМИЗ ЭКОНОМИКАЛЫҚ РАЎАЖЛАНЫЎЫН ТӘМИЙИНЛЕЎДЕ ИНВЕСТИЦИЯЛАРДЫҢ ОРНЫ
Айтмуратова У.Ж., Пирназаров А.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимиздиң барлық қала, аўылларында бир-биринен көркем имаратлар, заманагой кәрханалар ҳәм турақ жайлар бой тиклемекте. Усы сыяқлы ислердиң жедел көрсеткишлердың кеңейип барыўында жергиликли қурылыс материалларын ислеп-шығарыў санаатының орны салмақлы.

Бүгинги күнде бул санаат кәрханаларының ислеп шығарыў қуўатын кескин арттырып, жаңа өним түрлерин өзлестирмекте ҳәм экспортты кеңейттирип, дүнья жүзилик базарындағы өзиниң орнын жәнеде беккемлемекте. Бунда кәрханаларға тартылып атырған жергиликли ҳәм сырт ел инвестициялары үлкен әҳмийетти талап етеди. Президентимиз И. А. Каримовтың «Тийкарғы ўазыйпамыз-елимизди буннан былай да раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў» атамасындағы баянатында «Узақ мүддетли перспективаға мөлшерленген, елимиздиң потенциалын, қудиретин ҳәм экономикамыздың бәсекеге шыдамлылығын арттырыўда шешиўши әҳмийетке ийе болатуғын гезектеги әҳмийетли бағдар–бул тийкарғы жетекши салаларды модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жаңалаў, транспорт ҳәм инфраструктура коммуникацияларын раўажландырыўға қаратылған стратегиялық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў ушын белсенди инвестициялық сиясат алып барыўдан ибарат»-деп атап өткен еди.20

Кейинги жылларда республикамыздың инвестиция сиясатының хызмети артып баратырғанлығы себепли, сырт ел капиталын өзлестириў тийкарынан қурамлы өзгерислерди жәнеде тереңлестириўге, экономикалық тараўда беккем материаллық ҳәм техникалық базаны жаратыўға, мәмлекетимиздиң макроэкономикалық турақлылығын ҳәм экономикалық раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған21.22

Сырт ел инвестициялары мәмлекетимизге биринши гезекте, қайта ислеўши тармақлардағы санаат кәрханаларының техникалық ҳәм технологиялық жақтан жетилистириў; санаат тараўында материаллық ҳәм энергетикалық ресурслардың сарпланыўын қысқартырыў мақсетинде материаллық шийки зат ресурсларынан комплекс ҳәм үнемлеўшилик пенен пайдаланыўды тәмийинлеў; өнимниң жоқары технологиялық түрлериниң үлесин сезилерли дәрежеде көбейтиўи ҳәм санаат ислеп-шығарыўының экспорт имканиятларын кеңейтириў ушын зәрүр. Соның менен бирге, республикада туўрыдан-туўры жеке сырт ел инвестициялар ағымының көбейиўи миллий экономиканың раўажланыўында, ислеп-шығарыў муғдарын кеңейтириў ҳәм ислеп-шығарыўда экспортқа мөлшерленген өнимлер көлеминиң көбейиўи, техникалық базаны модернизациялаў жолы менен, жоқары техникалық ҳәм технологиялардан ҳәмде илимий-техникалық потенциалдан жоқары дәрежеде орынлы пайдаланыў, меншиклестириў имканиятларының кеңейиўи арқалы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң раўажланыўы, тартылған сырт ел инвестицияларының артыўы себепли төлеў балансының жақсыланыўы ҳәм сондай-ақ миллий валюта курсы қәдриниң өсиўи, ҳалық аралық базарда өз орнына ийе болған бәсекеге шыдамлы өнимлер, хызмет көрсетиў тараўы ҳәмде интеллектуал хызметке тийисли болған тараўлардың кеңейиўи ҳәм бәсекениң күшейиўи, капиталды аўыл хожалығына бағдарлаў арқалы, тараўда ислеп-шығарыўды асырыў ҳәм республикада артықша исши күши бар болған территорияларда жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, қәнийгели кадрлар, халықтың исбилермен қатламы ҳәмде алымлардың қысқа мүддетли экономикалық-илимий проектлерин әмелге асырыўда жеке капиталлардан пайдаланыў орнына мәмлекетке заманагөй технологиялардың ҳәм наухаулардың жаратылыўы, жаңа экономикалық тараў ҳәм тармақлардың пайда болыўы сыяқлы көплеген экономикалық өсиўдеги өзгерислерди тәмийинлейди.

Мәмлекетимиз ҳүкимети инвестиция сиясатын жетилистириўге айрықша итибар берип, сырт ел инвесторларының пикирлерине сезгирлик пенен қатнас бирдирип ҳәм ашықтан-ашық бирге ислесиўге умтылып атыр.

Республикада сырт ел капитал қатнасындағы кәрханалардың көпшилиги АҚШ, Уллы Британия, Германия, Швейцария, Корея, Китай, Туркия, Россия сыяқлы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан Республикасы санаатының жетискенликлери жәҳән базарында өзиниң ылайықлы баҳасына ерисиўинде инвестициялардың орны үлкен әҳмийетке ийе. Мысалы: мәмлекетимизде 2010-жылда 2009-жылға қарағанда 13,6 %көп, яғный 9 миллиард 700 миллион АҚШ долларына тең муғдарда инвестиция өзлестирилди, бул жалпы ишки өнимның 25% қурайды.Усы инвестициялардың 72% ислеп шығарыў карханаларын пайда етиўге, 38% әсбап-үскенелер хәм алдыңғы технологияларды сатып алыўға бағдарланды. Инвестиция дәстүри шеңберинде 2010-жылда 200 ден зыят жойбар әмелге асырылды. Солардан жылына 50 мың автомобили ислеп шығарыў қуўатына ийе болған “М-300” маркалы жеңил автомобиллерды ислеп шығарыўды өзлестириў, 200 мың тонна калий төгинлерин ислеп шығарыў қуўатына ийе болған “Дехқонабод калий төгинлери қурылысы заводы”, Наўайы кән-металлургия комбинаты жойбарлары әмелге асырылды. 2010-жылда Наўайы еркин индустриал-экономикалық зонасы аймағында сырт ел инвесторлары менен ерисилген шәртнамалар тийкарында 19 инвестиция жойбарын әмелге асырыўға киритилди. Сол жойбарлар тийкарында жәхән базарында қарыйдары көп болған заманагөй өним ислеп шығаратуғын 7 кәрхана пайдаланыўға тапсырылды. Өткен жылдың өзинде тек автомобиль жолларын қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын 378 миллион долларға тең болған қаржы өзлестирилды хәм бул 2009-жылға қарағанда 31,5 % көп. Соның есабынан мәмлекетимизде 270 километрлик заманагөй автомобиль жолы пайдаланыўға тапсырылды. Тиклениў хәм раўажланыў фондының стратегик арнаўлы жойбарлары ғәрезсиз түрде ҳәм де халық аралық финанс институтлары хәм сырт ел компаниялары менен биргеликте қаржыландырыў барысындағы роли артып бармақта. 2010-жылы усы фондтың 300 миллион доллар муғдарында қаржы өзлестирилди хәм бул 2009-жылға қарағанда 25,6 % көп. Сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасында сырт ел инвестициялары да кирип келмекте. Атап айтқанда Қарақалпақстан Республикасы бойынша 4 млрд. метр куб газ алынып, экспорт линиясына қосылды. Үстиртте ҳәм Арал теңизи ултанында геологиялық изертлеў жумысларын алып барыў ушын сырт ел нефть газ компаниялары тәрепинен 550 млрд. сум муғдарында инвестициялар өзлестириў нәзерде тутылмақта, усы аймақта Россия ҳәм Кипр мәмлекетлериниң «Петро-Альянс» компаниясы тәрепинен 2 нефть кәни изертленбекте. «Өзбекнефтьгаз» холдинг компаниясы менен Қубла Корея мәмлекетиниң «Daewoo International» корпорациясы Үстирт аймағындағы Қосқудық ҳәм Ашшыбулақ аймағындағы геологиялық қыдырыў жумысларына сарпланған инвестициялардың муғдары 40 млн. АҚШ долларын қурайды «Қоңырат» компрессор станциясында күнине 35 миллион куб метр газды көтеретуғын қурылыс қурылды.

Усылар менен бир қатарда, республикамыз аймағынан өтетуғын ҳалық-аралық автомагистралды оңлаў ҳәм кеңейтиў, жаңа жоллар ҳәм көпирлерди қурыў ислерине инвестициялар сарпланды ҳәм «Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомагистралы асфальтланып иске қосылды.

Жоқарыдағы пикирлеримиздиң дәлили сыпатында журтбасшымыз И.А.Каримовтың 2010-жылда мәмлекетимизде социал-экономикалық раўажландырыў жуўмақлары хәм 2011-жылға режелестирилген ең жоқары жөнелислерге бағышланған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәжилисиндеги баянатында “Шешиўши әхмийетке ийе болған және бир жөнелислерден бири бул-шет ел инвестицияларын бағдарлаў, сырт ел инвесторлары ушын және де қолай шараятлар жаратыўға үлкен итибар қаратып атырғанымызды инабатқа алып өтпекшимен ” деп айтып өткен еди. Буны жоқарыда келтирип өткен көрсеткишлерден көрсек болады. Хақыйқатында да Өзбекстанда инвесторлар ушын айтыўымыз мүмкин хәр тәреплеме инвестициялық шараят, жеңиллик хәм преференциялар системасы жаратылған деп айтыўға барлық тийкарларымыз бар. Сырт ел инвесторлары менен өз-ара бирге ислесиўды тереңлестириў, мәмлекетимизде жәнеде қолай инвестиция шараятын пайда етиў ушын еле иске салынбаған имканиятларымыз жетерли. Бул бойынша исенимли кепилликлерды жаратыў, сырт ел инвесторларының исенимине ерисиў хәм беккемлеў.

Өзлестирилген барлық инвестициялардың 50 процентке жақыны өндиристи модернизациялаў ҳәм техникалық жақтан қайта үскенелеўге бағдарланғанлығын айтып өтиў тийис.

Жуўмақлап айтқанда, бизиңше мәмлекетимиздеги сырт ел инвестиция сиясатын, биринши нәўбетте, туўрыдан-туўры инвестициялар орталығын жәнеде раўажландырыўда, сырт еллик инвесторлардың мақсети, гөзленген мәплерин терең үйренип шығыў ҳәмде анализлеў арқалы оларға жаратылған қолай шараятлар ҳәм жеңилликлерди кеңейтириў, жәнеде шараятын жақсылайтуғын бир қанша иләжлар ислениў тийис булар:

- Инвестициядан пайдаланыўда салық имтиязларын асырыў;

- Пул инфляциясын пәсейттириў исшилердиң ис-хақы менен өз ўақтында тәмийнлениўи;

- Инвестиция алып келген кәрханалардың артықша болған қаржысын ислеп шығарыўды раўажландырыўға сарыплаў;

- Миллий валютаны конвертациялаў шараятын жақсылаў. Шет ел инвестициясына ийе болған кәрханалар ислеп шығарыў дәрежесин асырыў;

- Аймақлық инвестиция сиясатын ислеп шығыў ҳәм оннан кең пайдаланыў;

- Банк хызмети, қамсызландырыў ҳәм базар хызметлерин жәхән талапларына жуўап беретуғын дәрежеге көтериў;

- Инфляция жумысларын жақсылаў бул процессте ишки хәм сыртқы шет ел хабарларынан кең пайдаланыў болып табылады;

-Инвестицияларды жайластырыў, олардан нәтийжели пайдаланыў барысында инвестиция маркетингин кенейтириў ҳәм раўажландырыў сыяқлы илажлар әмелге асырылса мақсетке муўапық болады.
Әдебиятлар


  1. И. А. Каримов. «Тийкарғы ўазыйпамыз-елимизди буннан былайда раўажландырыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў» баянаты. Еркин Қарақалпақстан газетасы. 2010 й. 30-январь

  2. И.А. Каримов. Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пухаралық жәмийетти раўажландырыў концепциясы, - Т: 2010,

  3. И. А. Каримов. «Барча режа ва дастурларимиз ватанимиз тараққиётини юксалтириш, халқимиз фаровонлигини оширишга хизмат қилади». Ҳалқ сўзи газетаси. 2011 ийли 22январь, №16 (5183)

  4. Ваҳобов А., Н. Жумаев, У. Бурханов «Халқаро молия мунособатлар», Дарслик.-Т.: «Шарқ» 2003й. 271 бет

СОВРЕМЕННЫЕ ПРОБЛЕМЫ ОРГАНИЗАЦИИ ГОСУДАРСТВЕННЫХ ЦЕЛЕВЫХ ФОНДОВ РЕСПУБЛИКИ УЗБЕКИСТАН
Шамшетова Д.С.

Каракалпакский государственный университет
Государственные целевые внебюджетные фонды являются составной частью финансовой системы Республики Узбекистан. Государственный внебюджетный целевой фонд – это фонд денежных средств, образуемый внегосударственного бюджета и местных бюджетов Республики Узбекистан и предназначенный для реализации конституционных прав граждан и удовлетворения некоторых потребностей социального и экономического характера. Однако обособленность государственных фондов не исключает в необходимых случаях консолидирования их в государственном бюджете.

Актуальным представляется вопрос об классификации внебюджетных фондов. Существует несколько критериев классификации внебюджетных фондов, в частности:

• в зависимости от субъектов, которые определяют порядок формирования и использования фондов, все они делятся на государственные и не государственные;

• по социально - экономическому содержанию (в зависимости от целевого назначения) выделяют фонды экономические и социальные.

Государственные целевые фонды в Республике Узбекистан имеют социальную направленность и строго целевое назначение. Так в Республике Узбекистан к социально значимым внебюджетным фондам относятся: Внебюджетный Пенсионный фонд Республики Узбекистан, Государственный фонд содействия занятости, фонд школьного образования, фонд обязательного медицинского страхования, фонд социальной поддержки населения и другие. Важный вопрос обеспечения эффективной деятельности социальных внебюджетных фондов – это финансовое обеспечение чрезвычайно важных для общества расходов самостоятельными источниками доходов помимо бюджетных.

Организация функционирования внебюджетных фондов, порядок их формирования и использования регламентируется соответствующим законодательством, который требует своего существования. Действующий в настоящее время нормативно-правовой режим не учитывает новые созревшие проблемы социальных внебюджетных фондов, таких как эффективное исполнение их бюджетов, обеспечение бездефицитности и т.д.

В условиях либерализации экономики все источники формирования государственных социальных внебюджетных фондов имеют важное значение и требует своего совершенствования.

Доходы государственных внебюджетных фондов формируются за счет:

• обязательных платежей, установленных законодательством РУ;

• добровольных взносов физических и юридических лиц;

• других доходов, предусмотренных законодательством РУ.

Сбор и контроль за поступлением обязательных платежей в государственные внебюджетные фонды осуществляются тем же органом исполнительной власти, на которой возложены функции сбора налогов.

Расходование средств государственных внебюджетных фондов осуществляется исключительно на цели, определенные законодательством РУ, регламентирующим их деятельность в соответствии с бюджетами указанных фондов, утвержденными соответствующими законами.

Особенностями внебюджетных фондов является то, что они:

• вводятся органами государственной власти и имеют строгую целевую направленность;

• их денежные средства используются для финансирования государственных расходов, не включенных в бюджет;

• фонды формируются, преимущественно, за счет обязательных отчислений юридических и физических лиц;

• страховые взносы в фонды и правоотношения, возникающие при их взимании, имеют налоговую природу, т.е. как и налоги, платежи и сборы, они устанавливаются государством на принципах обязательности изъятия у плательщиков, их исчисление, удержание и перечисление регулируются налоговым законодательством;

• средства фондов являются государственной собственностью, не входят в состав бюджетов и других фондов и не могут изыматься на цели, прямо не предусмотренные законом;

• средства фондов расходуются по и распоряжению правительства или уполномоченного им органа (Правления фонда);

• из фондов могут осуществляться субвенции для привлечения дополнительных средств на финансирование инвестиционных проектов и программ.

Внебюджетные фонды создаются двумя путями. Один путь - это выделение из бюджета определенных расходов, имеющих особо важное значение, другой - формирование внебюджетного фонда с собственными источниками доходов для определенных целей. Так, во многих странах был создан фонд социального страхования, предназначенный для социальной поддержки определенных групп населения. Другие фонды появляются в связи с возникновением новых ранее неизвестных расходов, которые заслуживают особого внимания со стороны общества. В этом случае по предложению правительства законодательный орган принимает специальное решение об образовании данного внебюджетного фонда. Так возникли в ряде государств экономические внебюджетные фонды.

Специальные внебюджетные фонды предназначены для целевого использования. Обычно в названии фонда указана цель расходования средств. Материальным источником внебюджетных фондов является национальный доход. Преобладающая часть фондов создается в процессе перераспределения национального дохода. Основные методы мобилизации национального дохода в процессе его перераспределения при формировании фондов - специальные налоги и сборы, средства из бюджета и займы.
Специальные налоги и сборы устанавливаются законодательной властью. Значительное количество фондов формируется за счет средств государственного и местных бюджетов. Средства бюджетов поступают в форме безвозмездных субсидий или определенных отчислений от налоговых доходов. Доходами внебюджетных фондов могут выступать и заемные средства. Имеющиеся у внебюджетных фондов положительное сальдо может быть использовано для приобретения ценных бумаг и получения прибыли в форме дивидендов или процентов.

Все внебюджетные социальные фонды в законодательном порядке наделены самостоятельностью. Но условий для экономической самостоятельности они лишены. Поэтому государственные социальные внебюджетные фонды лишь по форме, а не по содержанию являются фондами взаимного страхования населения. И дело вовсе не в том, что плательщиками страховых взносов в подавляющей части являются работодатели, а не работники. Экономическая природа средств, зачисляемых в указанные внебюджетные фонды, есть не что иное, как часть стоимости воспроизводства рабочей силы. Порядок же уплаты взносов является формой проявления этой сущности. Ничто не мешает органам власти государства установить минимальный уровень оплаты труда (который является нижним уровнем для любого работодателя), включающий как прожиточный минимум, так и долю платежей во внебюджетные фонды, переложив обязанность вносить страховые платежи с работодателей на работников. Однако действующий порядок более прост и привычен для менталитета нашего государства и населения. В других странах страховые взносы распределены более равномерно между работниками и работодателями, а в отдельных государствах подавляющую часть взносов уплачивают работники.


Литература:

  1. Конституция Республики Узбекистан. Т.:Узбекистон, 1992.

  2. Закон Республики Узбекистан «О бюджетной системе» за №158-11 от 14.12.2000.

  3. А.В.Вахобов, Н.Жумаев, Э.Хошимов. Жахон молиявий-иқтисодий инқирози: сабаблари, хусусиятлари ва иқтисодиётга таъсирини юмшатиш йўллари. –Т.: «Akademnashr», 2009

  4. Т.С.Маликов, Н.Х.Хайдаров. Молия: умумдавлат молияси. – Т.: «IQTISOD-MOLIYA», 2009



ЭКОНОМИКАНЫ ЕРКИНЛЕСТИРИЎ ШАРАЯТЫНДА САЛЫҚЛАРДЫҢ КИШИ БИЗНЕС ҲӘМ ИСБИЛЕРМЕНЛИКТИ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎДАҒЫ РОЛИН АРТТЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ
Қайыпназарова З.Ж.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Киши бизнес ҳәм исбилерменлердиң нәтийжели хызмет көрсетиўи көп тәрептен олардың мәмлекетлик бюджет пенен болатуғын салық қатнасықларына тиккелей байланыслы. Солай екен, бул қатнасықлардыда ҳәм хожалық субъекти, ҳәм бюджет мәплерине сәйкес келетуғын дәрежеге алып шығыў бүгинги күндеги салық сиёсатынын тийкарғы ўазыйпасы болып есапланады.

Усы орында, мәмлекетимиз Президенти И.А.Каримов: «Салық сиясатының ўазыйпасы – бир тәрептен, бюджет дәраматларының турақлы бағдарланыўын тәмийинлеўден болса, екинши тәрептен–кәрханаларды республика ушын зәрүр болған өнимлер ислеп шығарыўды арттырыўда қоллап қуўатлаўдан ибарат» деп көрсеткен еди.

Мәмлекетимиз Президенти салық сиясаты бойынша билдирген усы пикирлерден келип шығатуғын болсақ, салық сиясатының алдында турған бул еки ўазыйпаның барлық ўақытта тең орынланыўы нәзерде тутылмақта. Яғный, әмелдеги салық сиясаты бюджет дәраматларынына кери тәсир көрсетпеген халда, кәрханалардың базар қатнасықларына тән рәўиште нәтийжели хызмет көрсетиўди коллап қуўатланып барылыўы лазым.

Соның менен бир қатарда алдымызда түрли мүлкшиликти раўажландырыў, жаңа ири ҳәм киши өндириўши, хызмет көрсетиўши имаратларды қурыў, жаңа жоқары раўажланған техника-технологияларды енгизиў, усыған муўапық қәнийгели кадрлар таярлаў сыяқлы ўазыйпаларда турыпты. Экономиканы раўажландырыўда қурғақ жерлерди өзлестириў, сыртқы экономикалық байланысларды беккемлеў, мәмлекетти қорғаў, тынышлықты сақлаў, ишки ҳәм сыртқы келиспеўшиликлер жүзеге келген жағдайларда унамлы-әдиўли шешиў, мәмлекетти басқарыў ҳәм басқа усы сыяқлы процесслерди әмелге асырыў ушын көплеген пул қаржылар талап етиледи.

Соның ушын Президентимиз айтып өткениндей – «Салықлар системасын жетилистириў, бюджет дәраматлары турақлы пәтте толтырып турылыўын тәмийинлейтуғын, киши ҳәм меншик кәрханалардың, сырт ел капиталы қатнасыўында, аўыл-хожалығы өнимлерин қайта ислейтуғын ҳәм халық тутыныў товарларын ислеп шығаратуғын қоспа кәрханалардың раўажланыўын қоллап-қуўатлайтуғын пухта салық сиясатын алып барыў керек».

Раўажланған мәмлекетлерде ҳәрекет етип атырған ең алдыңғы, нәтийжели салыққа тартыў механизмин үйрениў, оннан орынлы ҳәм қолайлы жолларын қолланыў республикамыз экономикасын беккемлеўге жәрдем береди.

Республикамыз салық системасы мәмлекеттиң экономикалық сиясатының бағдарларына ҳәмде жәмийеттеги социал-экономикалық раўажланыў өзгешеликлерине сай рәўиште бәрқулла жетилисип бармақта.

Экономиканы еркинлестириў шараятында салық системасының жетилистирилиўи макроэкономикалық басқарыўды толығы менен тамамлап, хожалық жүргизиўши субъектлер активлигин асырыўға унамлы тәсир көрсетиўи мәлим болмақта.

Салық системасын жетилистириўден тийкарғы мақсет - кәрханалар мойнындағы салық жүгин макроэкономикалық өзгерислерди есапқа алған ҳалда өз ўақтында кемейттирип барыў есапланады. Салықлар жүгиниң жоқары болыўы кәрханалардың ислеп шығарыўын раўажландырыўға, заманагөй техника ҳәмде технологиялар менен қайта қуралландырыўға, айланыс қаржыларын көбейттириўге қаржылар бағдарлаў имканиятын кескин кемейттиреди. Бул болса, ақыр-ақыбетте ислеп шығарыў дәрежесиниң пәсейиўине алып келеди. Нәтийжеде хожалық жүритиўши субъектлердиң финанслық машқалаларының кескинлесиўине себеп болады.

Сонлықтанда Президентимиз И.А Каримов 2011-жылды «Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў» жылы деп белгиледи. Кейинги жыллар даўамында мәмлекетимизде кәрханалар мойнындағы салық жүгин кемейтириў бойынша бир қатар әмелий илажлар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, салықка тардыўды әпиўайыластырыў мақсетинде киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик кәрханаларына бирден-бир салық төлеў бойынша имканиятлар жаратылды. Тийкарынан, киши бизнес субъектлери ҳәм микрофирмалар ушын бирден бир салық төлеми 2010 жылдағы 7 процентен 2011 жылға келип 6 процентке түсирди.

Салықлардың фискал ўазыйпасы бирлемши есапланса да, экономиканы тәртипке салыў ўазыйпасы да әҳмийетли есапланады. Салықлардан жеңилликлер бериў, ставкаларын пәсейттириў ҳәм басқа түрли жеңилликлер бериў экономикадағы структуралық өзгерислерди әмелге асырыў ҳәм турақлы тармақларды раўажландырыўға алып келеди. Егер салық салыў механизми әдиллик критериялары айланысынан шығып кетсе, ондай жағдайда салықты төлей алмаў жағдайлары жүз береди ҳәмде салықтан қашыўдың түрли жоллары қыдыра басланады. Мәмлекеттиң фискал сиясаты көп жағдайларда дәраматларды асырыўға қаратылған болады, яғный салық түрлерин көбейтиў, ставкаларын асырыў ҳәм жеңилликлер системасын қысқартыў арқалы әмелге асырылады. Лекин бул экономикада теңсалмақсызлықты келтирип шығарыўы, яғный экономикалық өсиўди пәсейттирип жибериўи мүмкин. Себеби, салық ставкасы қаншелли жоқары болса, оны төлеўшилер салықтан соншелли көп өз дәраматларын жасырады. Демек, салық ставкалары ҳәм өндирип алыў усылларын енгизиўде мәмлекет бәрқулла ақылға муўапық рәўиште жантасыў керек.

Буны атақлы америкалы экономист А.Лаффер ҳәммеге белгили болған өз теориясында да дәлийллеп берген.

Салық әмелиятында еркин салық системасыз шөлкемлестирилген пайыттан соң өткен дәўирде көплеген унамлы нәтийжелерге ерисилген. Мәмлекет бюджетиниң тийкарғы қәрежетлерин тәмийинлеўге жетерли салықлар ҳәм жыйымлар енгизилген, соның менен бир қатарда салық төлеўшилер группалары ушын кең жеңилликлер системасы да қолланылмақта.

Бирақ, жетискенликлеримиз бенен бир қатарда салыққа тартыў системасында белгили машқалаларда бар, олар ҳәзирги күнде хожалық жүритиўши субъектлер ҳәм исбилерменлердиң финанслық хызметине мәлим бир мәнисте унамсыз тәсир көрсетпекте. Бул салықлардың көплиги яки ставкалардың жоқарылығында емес, ал айырым түрдеги салықлардың есапланыў усыллары ҳәм формаларына тийисли болады.

Демек, жуўмақлап айтыўымыз мүмкин, бир ғана салықларды есаплаў тәртиби ҳәм төлеў мүддетлериндеги белгиленген нормалар кәрханаларды финанслық тәрептен қыйын жағдайларға салып қоймақта. Буның нәтийжесинде көплеген хожалық жүритиўши субъектлердиң экономикалық корсеткишлери пәсейип кетпекте, нызамсыз хызмет көлеми болса, артып бармақта яки болмаса, көплеген субъектлер өз хызметлерин тоқтатыўға мәжбүр болып қалмақта. Бундай жағдайлар болса, мәмлекет экономикасының раўажланыўына өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпестен қалмайды.

Бизиң пикиримизше, салықлардың ставкаларын пәсейтип барыў яки салық жеңилликлери айланысын кеңейтип барыў менен ғана шегараланып қалмастан, салықларды есаплаў механизмин, солардан, салыққа тартыў объектлери ҳәм айланысларын анықлаў ҳәм салықларды есаплаў тәртиплерин теория ҳәм логикалық көз-қарастан қас болмаған формаларда жетилистириў зәрүр.

Бүгинги өзгерислер ҳәмде экономиканы еркинлестириў арқалы раўажланған сайын алға ҳәрекет етип атырған бир ўақытта хожалық жүритиўши субъектлердиң финанслық турақлылығын көтериў, салықлардың хошаметлеўши ролин күшейтиў мақсетинде товар ислеп шығарыўшылар ҳәм исбилерменлердиң салық мәплерин асырыўға қаратылған ис-илажларды әмелге асырыў дәўир талабы болып қалмақта.



Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   25




©dereksiz.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет